Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ВЕТЕРИНАРИЯ ҲӘМ ШАРАЎАШЫЛЫҚ ТАРАЎЫНДА МӘМЛЕКЕТЛИК БАСҚАРЫЎ СИСТЕМАСЫН ТҮП-ТИЙКАРЫНАН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

2019-04-02 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимизде қара маллардың ҳәм қуслардың бас санын турақлы арттырыўды тәмийинлеў, ветеринариялық қадағалаўды күшейтиў ҳәм ветеринария сервис сапасын арттырыў, ҳайўанлардың денсаўлығын сақлаў бойынша нәтийжели жумысларды шөлкемлестириў, эпизоотикалық саламатлықты ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, қара маллардың нәсилин жақсылаў, от-жем базасын беккемлеў, нәсилшилик бағдарындағы шарўашылық хожалықларының жумысын ҳәм шарўашылық өнимлерин жетистириўде ири исбилерменлик субъектлери көбейиўин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў талап етилмекте.

Республикада нәсилшилик-селекциялық жумысларын жүргизиўдиң илимий тийкарланған инновациялық усылларын енгизиў, жасалма жол менен нәсиллендириў жумысларын системалы шөлкемлестириў, аўыл хожалығы ҳайўанлары арасындағы эпизоотикалық саламатлықты ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитети Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети етип қайта шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары сыпатында белгиленсин:

ветеринария, шарўашылық ҳәм нәсилшилик тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди халықаралық стандартларға муўапықластырыў, бул тараўда мәмлекетлик, хожалық басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының өз-ара бирге ислесиўин муўапықластырыў, ветеринария жумысын лицензиялаўды әмелге асырыў;

ветеринария тараўы ҳәм шарўашылықтың барлық тармақларын, соның ишинде, қарамал өсириў,  қойшылық, қаракөлшилик, ешкишилик, жылқышылық, қусшылық, балықшылық, пал ҳәррешилик ҳәм қоян бағыўды раўажландырыў, нәсилшилик-селекциялық жумысларын муўапықластырыў ҳәм усы бағдарлар бойынша мақсетли мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

елимиз аймақларын ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлери кирип келиўден қорғаўды тәмийинлеў, әмелиятқа ҳайўанларды емлеў ҳәм профилактикасының заманагөй усылларын енгизиў, жергиликли және сырт ел илим жетискенликлерин енгизиў тийкарында ветеринариялық дәри-дармақ өнимлериниң жаңа түрлерин ҳәм үлгилерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў;

эпизоотикалық саламатлықты тәмийинлеўде ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлерин өз ўақтында анықлаў, диагнозлаў ҳәм тарқалыўын алдын алыўға байланыслы профилактикалық жумыслардың нәтийжелилигин мониторинг етиў;

шарўашылық ҳәм нәсилшилик тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың бирден-бир механизмлерин әмелге асырыў, шарўашылық хожалықларына от-жем жетистириў ушын ажыратылған жер майданларында шарўа азықлық егинлерин жайластырыўды шөлкемлестириў ҳәм жоқары зүрәәтлиликке ерисиўди мониторинг етиў;

шарўашылық тармақларында ҳайўанларды идентификациялаў, оларды есапқа алыў, есаптан шығарыў ҳәм сақлаў жумысларын шөлкемлестириў, аўыл хожалығы ҳайўанларын нәсили бойынша районластырыў;

ветеринария ҳәм нәсилшилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи ҳәм ветеринариялық дәри-дармақ өнимлери және азықлық қосымшалардың сапасы ҳәм айланысы бойынша мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;

ветеринария ҳәм нәсилшилик-селекциялық тараўларында илимий, методикалық ҳәм билимлендириў потенциалын ҳәр-тәреплеме раўажландырыў, илимий изертлеўлер бағдарларын белгилеў, фундаменталь және әмелий изертлеўлер, инновациялық қолланбалардың нәтийжелери ветеринария ҳәм нәсилшилик-селекциялық әмелиятына енгизилиўин муўапықластырыў;

шарўашылық өнимлерин халықаралық талапларға муўапық сертификаластырыў ҳәм стандартластырыўды тәмийинлеў, сапа менеджментиниң заманагөй усылларын кеңнен енгизиў, ветеринария ҳәм шарўашылық тараўларына сырт ел инвестицияларын ҳәм грант қаржыларын тартыў;

тараў кадрларын системалы таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаўды шөлкемлестириў, басшы ҳәм қәнигелердиң жумыс усылын және түрлерин жетилистириў.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Илимлер академиясы қурамындағы, төмендеги мәкемелер Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети қурамына өткерилиўине келисим берилсин:

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Самарқанд ветеринария медицинасы институты ҳәм оның жанындағы академиялық лицей;

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты илимий-өндирислик орайының Шарўашылық ҳәм қусшылық илимий изертлеў институты, Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институты және Балықшылық илимий-изертлеў институты.

3. Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети эпизоотикалық саламатлықты тәмийинлеў, ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлерин өз ўақтында анықлаў, диагнозлаў ҳәм тарқалыўының алдын алыў, шарўашылықтың барлық тармақларын және нәсилшиликти раўажландырыў ушын жуўапкер мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланады.
Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң барлық ҳуқықлары, миннетлемелери және шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл етилген қарарлары министрликлер, уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, басқа да шөлкемлер, мәпдар шахслар ҳәм пуқаралар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий есапланатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, оның системасы ҳәм регионаллық шөлкемлерин қаржыландырыў ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлеў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, бюджеттен тысқары қорлар ҳәм нызамшылық пенен қадаған етилмеген басқа да қаржылар есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Илимий-изертлеў жумыслары, комитет системасындағы шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў кадрларының қәнигелигин арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў, сондай-ақ, хызметкерлерди материаллық және социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанында Ветеринария хызмети ҳәм шарўашылықты раўажландырыў қоры шөлкемлестирилсин.

Ветеринария хызмети ҳәм шарўашылықты раўажландырыў қорын қәлиплестириў дәреклери етип:

Мәмлекетлик шегара ҳәм транспортта мәмлекетлик ветеринария қадағалаў басқармасының ҳәм Ветеринариялық дәри-дармақ өнимлери, азықлық қосымшалардың сапасын және айланысын қадағалаў бойынша мәмлекетлик илимий орайының хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржыларының 75 проценти;

шарўашылық фермер хожалықларына сатылатуғын туқымлар, жасалма жол менен нәсиллендириў хызметин көрсетиўден түсетуғын қаржылар;

нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң Шарўашылық, қусшылық ҳәм пал ҳәррешилик басқармасы, Балықшылық басқармасы және олардың аймақлық бөлимлери тийкарында Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанында жумыс алып барып атырған «Ўзбекчорванасл» агентлиги (кейинги орынларда Агентлик деп жүргизиледи) шөлкемлестирилсин.
Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

шарўашылық тармағын раўажландырыў, жасалма жол менен нәсиллендириўди шөлкемлестириў, нәсилшилик-селекциялық жумысларын жетилистириў, шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыў көлемлерин көбейтиў, шарўа от-жем базасын беккемлеў;

шарўашылықта таза генофондты сақлап қалыў ҳәм раўажландырыў, илимий-изертлеў мәкемелери тәрепинен ислеп шығылған нәсилшилик-селекция бағдарламаларын әмелиятқа енгизиў ҳәм муўапықластырыў;

шарўашылықта нәсиллик ҳәм өнимдарлық сапасын жақсылаў мақсетинде нәсилшилик ресурсларын жаратыў, сақлаў, қайтадан көбейтиў және олардан ақылға уғрас пайдаланыў;

азықлық егинлерди жетистириў ушын ажыратылған жер участкаларында усы егинлердиң жетистирилиўин мониторинг етиў.

2020-жыл 1-январьдан баслап:

қара маллардың бас саны 100 шәртли ҳәм оннан аслам болған шарўашылық және қуслардың саны 100 мың бас ҳәм оннан жоқары болған қусшылыққа қәнигелескен хожалықларда айрықша штат тийкарында ветеринария врачы ҳәм зоотехник қәнигелердиң жумыс алып барыўы енгизилетуғыны;

қарамал бағыў бағдарындағы хожалықлар (мал семиртиў хожалықлары буған кирмейди) ҳәм халықтың қараўындағы сыйырлар Агентлик тәрепинен ислеп шығылған селекция режесине тийкарланып усы аймақ ушын бириктирилген түрдеги нәсилли буғалардың туқымы менен жасалма жол менен нәсиллентирилетуғыны;

район ҳәкимликлери ҳәр жылдың 1-,декабрине шекем Агентликтиң аймақлық бөлимлери менен келисилген ҳалда Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигине фермер хожалықлары негизинде келеси жыл ушын азықлық егинлерин жайластырыў режесин усынатуғыны;

жеке жәрдемши, дийқан хожалықлары ҳәм халық шаңарақларындағы сыйырларды жасалма жол менен нәсиллендириў ушын пайдаланылатуғын нәсилли буғалардың музлатылған туқымы және химия кәрханалары тәрепинен жеткерип берилетуғын суйық азот қәрежетлерин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаплаўға рухсат етилетуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәр ҳәпте мүддетте Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарар жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2019-жыл 28-март

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться