Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДА ЭЛЕКТР ЭНЕРГЕТИКА ТАРМАҒЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ҲӘМ РЕФОРМАЛАЎ СТРАТЕГИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА

2019-03-28 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Электр энергетика тармағының исенимли жумыс алып барыўын тәмийинлемей турып экономика тармақлары ҳәм елимиз аймақларының санаат потенциалын арттырыў, исбилерменлик жумысты раўажландырыўды хошаметлеўге, халықтың абаданлығын арттырыўға ҳәм турмыс сапасын жақсылаўға ерисип болмайды.

Заманагөй шараятларда электр энергетика тармағында бәсеки орталығын раўажландырыў ҳәм инвестицияларды тартыў электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў тараўындағы жумыстың институционал ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын түп-тийкарынан жетилистириў зәрүрлигин талап етпекте.

Электр энергетика тармағын реформалаў бойынша ўазыйпалардың әмелий орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Административлик реформалар концепциясында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде:

Жәҳән банкиниң республика электр энергетика тармағын басқарыў системасын жетилистириў ҳаққындағы, соның ишинде, өндирис процесслерин оптималластырыўды нәзерде тутатуғын усынысы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң электр энергиясын ислеп шығарыў, жеткериў, бөлистириў ҳәм сатыўды шөлкемлестириўдиң заманагөй усылларына муўапық, төмендегилер арқалы «Өзбекэнерго» АЖны қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

а) ыссылық электр станциялары және электр ҳәм ыссылық энергиясын ислеп шығаратуғын электр орайларын басқаратуғын «Өзбекстан миллий электр тармақлары» акционерлик жәмийетин шөлкемлестириў;

б) «Өзбекэнерго» АЖның сапластырылып атырған «Өзэлектртармақ» УК ҳәм «Энергосатыў» филиалы тийкарында төмендегилерди әмелге асыратуғын «Өзбекстан миллий электр тармақлары» акционерлик жәмийетин шөлкемлестириў:

республиканың магистрал электр тармақларынан пайдаланыў ҳәм оларды раўажландырыў;

электр энергияны республиканың магистрал электр тармақлары арқалы жеткерип бериў ҳәм мәмлекетлераралық транзитти әмелге асырыў;

электр энергияны экспорт ҳәм импорт етиў, сондай-ақ, қоңсылас мәмлекетлердиң электр энергетика системасы менен бирге ислесиў;

электр энергиясын ислеп шығаратуғын, соның ишинде, жеке меншик капитал қатнасындағы кәрханаларды, сондай-ақ, магистрал ҳәм аймақлық электр тармақларын бирден-бир оператив-диспетчерлик басқарыў;

электр энергиясын ислеп шығаратуғын, соның ишинде, жеке меншик капитал қатнасындағы кәрханалардан электр энергиясын бирден-бир сатып алыўшы функциясын атқарыў, сондай-ақ, электр энергияны аймақлық электр тармақлары кәрханаларына сатыў;

в) электр энергияны жуўмақлаўшы тутыныўшыларға бөлистириўши ҳәм сатыўшы аймақлық электр тармақлары кәрханаларын басқарыўды әмелге асыратуғын «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетин шөлкемлестириў;

г) «Өзбекэнерго» АЖ қурамына киретуғын айырым хожалық жәмийетлери және кәрханаларын 1-қосымшаға муўапық қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў;

д) «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлердиң тараўға байланыслы болмаған ҳәм пайдаланылмай атырған активлери ҳәм үлеслерин 2-қосымшаға муўапық оларды кейин ала 2019-2021-жыллар даўамында белгиленген тәртипте сатыў мақсетинде баланс қуны бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине бериў.

Жаңадан шөлкемлестирилип атырған «Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлериниң дәслепки устав капиталларын қәлиплестириў 3-5-қосымшаларда көрсетилген хожалық жәмийетлери устав капиталындағы мәмлекеттиң ҳәм «Өзбекэнерго» АЖ активлерин ҳәм үлеслерин бериўдиң есабынан әмелге асырылатуғыны;

«Өзбекэнерго» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлердиң 2-қосымшада көрсетилген активлери ҳәм үлеслерин  Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине бериў баланс қуны бойынша мәмлекет ҳәм «Өзбекэнерго» АЖның үлесин азайтыўдың есабынан әмелге асырылатуғыны;

активлер, акциялар пакетлери ҳәм үлеслер жаңадан шөлкемлестирилетуғын акционерлик жәмийетлерине олардың устав капиталында мәмлекет үлесин қәлиплестириў (арттырыў) есабынан берилетуғыны;

«Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлериниң устав капиталларындағы мәмлекет акциялары пакетлери бойынша акционер ҳуқықы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-октябрьдеги ПҚ-3981-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Электр энергетикасы тармағын реформалаў бойынша комиссияның жумысшы уйымы сыпатында басқарыў хызметкерлериниң шекленген штат бирликлери 20 адамнан ибарат болған, бюджеттен тысқары Жанылғы-энергетика тармағын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги жанында Жойбарлаў офиси (кейинги орынларда – Жойбарлаў офиси) шөлкемлестирилсин.

Жойбарлаў офисине Өзбекстан Республикасы энергетика министриниң электр энергетика тармағын қадағалаўшы орынбасары басшылық ететуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте:

ҳәр бир илажды әмелге асырыўдың анық мүддетлери ҳәм орынлаўшыларын көрсетип өткен ҳалда, соның ишинде,  «Өзбекэнерго» АЖның қайта шөлкемлестирилетуғын кәрханаларының активлери ҳәм миннетлемелерин хатлаўдан өткериўди нәзерде тутқан ҳалда «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлерди қайта шөлкемлестириў бойынша илажлар режесин тастыйықласын;

Жойбарлаў офисиниң жумысын оның қурамына электр энергетика тармағын реформалаў тараўындағы халықаралық ҳәм жергиликли экспертлер және қәнигелерди тартыў арқалы шөлкемлестириўди тәмийинлесин;

2030-жылға шекем электр энергетика тармағында, соның ишинде, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартқан ҳалда өндирислик қуўатлықларды раўажландырыў ҳәм ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарламаларын тастыйықласын.

Өзбекстан Республикасы Энергетика министриги:

2019-жыл 1-майға шекем – энергия ресрусларының өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм жоғалтыўларды кемейтиў бойынша мақсетли көрсеткишлер (индикаторлар)ди, сондай-ақ, оларға ерисиўдиң басқышпа-басқыш механизмлерин көрсеткен ҳалда 2019-2020-жылларда «Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлери жумысының нәтийжелилигин баҳалаў критерияларын;

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-июньге шекем – ресурсларды басқарыў, өндирис ҳәм басқарыў процесслерин автоматластырыў системасын (ERP) диспетчерлик басқарыў ҳәм мағлыўматларды топлаў программалық-аппарат комплексин (SCADA) енгизиў, сондай-ақ, электр энергиясын қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасын (ЭЕҚАТ)   енгизиў бойынша жойбарды әмелге асырыўды жеделлестириў жумысларының анық илажлары, мүддетлери ҳәм қаржыландырыў дәреклерин нәзерде тутқан ҳалда 2019-2021-жылларда электр энергетика тармағын цифрластырыў бойынша комплексли бағдарламаны;

Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-сентябрьге шекем 2020-2030-жылларда елимиздиң жанылғы-энергетика тәмийнаты концепциясын (кейинги орынларда – Концепция);

Концепция қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддетте Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте Азия раўажланыў банкиниң техникалық жәрдеми – экономика тармақлары ҳәм халықтың электр энергиясына болған келешектеги талап-зәрүрликлериниң прогнозларын есапқа алған ҳалда 2030-жылға шекем электр энергетика тармағында өндирис қуўатлықларын раўажландырыў және ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарламаларына анықлықлар ҳәм қосымшалар киргизиў;

Қурылыс министрлиги менен биргеликте халықаралық финанс институтлары, консалтинг компаниялары, қәнигелестирилген жойбарлаў институтларының техникалық жәрдеми 2019-жыл 1-декбарьге шекем – алдынғы жәҳән тәжирийбесин есапқа алған ҳалда электр энергетика объектлерин жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплуатациялаўды техникалық басқарыў тараўында қурылыс нормалары ҳәм қағыйдаларын, стандартларын, нормативлик ҳүжжетлерин жетилстириў бойынша усынысларды ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

Қаржы министрлиги Энергетика министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте халықаралық финанс институтлары ҳәм консалтинг компанияларының техникалық жәрдеминде 2019-жыл 1-майға шекем электр энергия тарифлерин белгилеў методологиясын жетилистириў бойынша ҳүкимет қарарының жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин, онда электр энергияны ислеп шығарыў, жеткерип бериў ҳәм бөлистириўде эксплуатациялық, операциялық ҳәм инвестициялық қәрежетлер толық қапланыўын, сондай-ақ, электр энергетика тармағы кәрханалары рентабельлигиниң шекленген нормасы белгилениўи нәзерде тутылсын.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги үш ай мүдетте белгиленген тәртипте:

«Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлериниң устав капиталлары қәлиплестирилиўин ҳәм олардың шөлкемлестириў ҳүжжетлери тастыйықланыўын;

Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги менен биргеликте «Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлериниң басшылық лаўазымларына зәрүр тәжирийбеге ҳәм әмелий көнликпелерге ийе болған жоқары маманлықтағы қәнигелер, соның ишинде, сырт ел қәнигелери тартылыўын тәмийинлесин.

Усы қарардың 2-қосымшасында көрсетилген активлерди сатыўдан түсетуғын қаржылар Мәмлекетлик активлерди басқарыў, трансформациялаў ҳәм меншиклестириў бойынша қордың басқарыўында қалдырылатуғын қаржылар буған кирмеген ҳалда «Ыссылық электр станциялары» АЖның устав капиталына мәмлекеттиң үлеси сыпатында қосылатуғыны ҳәм бул қаржылар ыссылық электр станциялары ҳәм электр орайлары тәрепинен тартылған Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының (кейинги орынларда – Қор) кредитлерин «Ыссылық электр станциялары» АЖның үлесин олардың устав капиталларында көбейтиўдиң есабынан қаплаўға мақсетли қаратылатуғыны;

усы қарарға муўапық хожалық жәмийетлериниң бир шөлкемнен басқа бир шөлкемге өткерилип атырған мүлки, мүлк ҳуқықлары, соның ишинде, устав капиталындағы акциялар ҳәм үлеслериниң нырқы, соның ишинде, оларды қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў ўақтында салыққа тартыўдың барлық түрлери бойынша салық салыў объекти есапланбайтуғыны;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм жаңадан шөлкемлестирилетуғын «Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлериниң «Өзбекэнерго» АЖ структурасындағы шөлкемлерге қараслы юридикалық шахслар акцияларының 50 проценти ҳәм оннан зыятына ийелик еткенинде бул шөлкемлердиң қайта шөлкемлестирилиўи жаңадан сатып алынған акциялар пакети деп есапланбайтуғыны;

жаңадан шөлкемлестирилетуғын «Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлериниң устав капиталларын қәлиплестириў акционерлик жәмийетлериниң устав капиталларына қосылатуғын мүлктиң баланс қуны бойынша әмелге асырылатуғыны, кейин ала бул мүлктиң баланс ҳәм базар баҳалары арасындағы айырмашылық олардың устав капиталларына киргизилетуғыны;

«Өзбекэнерго» АЖның әмелдеги шәртнамалары бойынша ҳуқық ҳәм миннетлемелери, соның ишинде, «Өзбекэнерго» АЖ «Энергосатыў» филиалының электр энергияны сатып алыў ҳәм сатыў менен байланыслы дебиторлық ҳәм кредиторлық қарыздарлығы, усы қарардың 15-бәнтинде нәзерде тутылғанынан тысқары «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ қарамағына өтетуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң «Қишлоқэнерголойиҳа» АЖ тийкарында инновациялық технологиялар ҳәм ҳәзирги заман илиминиң жетискенликлерин қолланған ҳалда 0,4 кВтан 500 кВқа шекем күшленетуғын барлық типтеги электр тармақларын жойбарластырылатуғын заманагөй көп тармақлы «Өзэнергоинжиниринг»АЖ жойбарлаў шөлкемин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «Өзэнергоинжиниринг» АЖны заманагөй техника ҳәм есаплаў қураллары, аппарат программалық өнимлери менен қосымша үскенелеў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети қаржы шөлкемлериниң қаржылары, грантлары ҳәм қарыз қаржыларын тартыўды нәзерде тутатуғын «Жол картасын» ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

Бурынғысынан басқаша тәризде, 2021-жыл 1-январьға шекем:

«Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлерине және олардың қурамына киретуғын шөлкемлерге – «Өзбекэнерго» АЖ қурамынан шығарылатуғын, сондай-ақ, оның структурасына киргизилетуғын хожалық жүргизиўши жәмийетлер менен хызметлер көрсетиў (жумысларды орынлаў) бойынша;

ыссылық электр станциялары ҳәм электр орайларына – Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы «Жойбарлар ҳәм импорт контрактлерын комплексли экспертизадан өткериў орайы» МУКта экспертизадан өткерилген техникалық тапсырмаларға муўапық оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын зәрүр аўысық бөлеклер ҳәм комплектлеўши буйымларды сатып алыўға олардың максимал нырқы көрсетилген ҳалда таярлаўшы кәрханалар менен ҳәр жылы әмел етиў мүддети бир календарь жылынан аспайтуғын мүддетке тиккелей шәртнамалар дүзиўге рухсат берилсин.

Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм Қордың «Өзбекэнерго» АЖның инвестициялық жойбарларын қаржыландырыў ушын бурын нәзерде тутылған 318,4 миллион АҚШ доллары муғдарындағы Қордың қаржыларынан пайдаланыўды жойбарлардың қунын оптималластырыў және оларды 6-қосымшаға муўапық халықаралық финанс институтларынан тартылатуғын қарыз қаржыларына алмастырыўдың есабынан қысқартыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
«Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлери:

эмиссия етилетуғын баҳалы қағазлар шығарылыўын мәмлекетлик дизимге алыў ҳәм баҳалы қағазлар шығарылыўы ҳаққындағы ҳүжжетлерди көрип шығыў ушын жыйымлар;

қайтадан дүзилетуғын  шөлкемлердиң тапсырылатуғын автотранспорт қуралларын қайта дизимге алыўда автотранспорт жыйымларын төлеўден азат етилсин.

Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2019-жыл 1-июльден баслап:

қуўатлылығы 10 МВтдан көбирек энергия жумсалатуғын санаат кәрханаларын қурыў ҳәм жер майданларын ажыратыў ҳаққындағы қарар қабыл етилгенге шекем республика аймақларында жайластырыў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте тек ғана Энергетика министрлиги менен келисилген ҳалда әмелге асырылады;

жеке инвестициялар, соның ишинде, сырт ел инвестицияларының есабынан шөлкемлестирилген бийғәрез өндириўшилерден электр энергиясын сатып алыў таңлаў тийкарында (Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилген жойбарлар буған кирмейди) пайда болып атырған электр энергияның максимал қуны көрсетилген ҳалда әмелге асырылады.

15 Инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ҳәм айланба қаржыларды толықтырыў ушын «Өзбекэнерго» АЖға берилген кредитлер ҳәм қарызларды «Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлерине және олардың қурамына киретуғын кәрханаларға, сондай-ақ, «Өзбеккөмир» АЖға қайта рәсмийлестириў 7- ҳәм 8-қосымшаларға муўапық әмелге асырылатуғыны;

«Өзбекэнерго» АЖ ҳәм оның «Энергосатыў» филиалларының «Өзбекэнерго» АЖ және 9- ҳәм 10-қосымшаларына муўапық оның қурамына киретуғын жәмийетлер тәрепинен тартылған кредитлер бойынша кепилликлери белгиленген тәртипте «Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары»  ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетлерине қайта рәсмийлестирилиўи зәрүрлиги;

«Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлери «Өзбекэнерго» АЖның инвестициялық жойбарларын әмелге асырыў, соның ишинде, ыссылық электр станциялары ҳәм электр орайларында, аймақлық электр тармақлары кәрханаларында, «Өзэлектртармақ» УКда жойбарларды әмелге асырыў топарлары және 11-қосымшаға муўапық, қайтадан шөлкемлестирилген сәнеде оның қаржылық есабында сәўлелендирилген активлери менен миннетлемелериниң ҳуқықый мийраслары есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы қарардан келип шығатуғын өзгерислерге муўапық:

коммерциялық банклер ҳәм Қор менен биргеликте «Өзбекэнерго» АЖ тәрепинен инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын тартылған кредит миннетлемелериниң жаңадан шөлкемлестирилип атырған «Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлери және олардың қурамына киретуғын кәрханаларға қайта рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин;

«Өзбекэнерго» АЖның миннетлемелери бойынша бурын берилген мәмлекетлик кепилликлерге өзгерислер киргизсин.

17. Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Энергетика министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекем республикада пайдаланып атырған электр энергетика объектлери ушын үскенелер, комплектлеўши буйымлар, аўысық бөлеклер ислеп шығарыўды локализациялаўды буннан былай да кеңейтиў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
18. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
19. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кеңесгөйи – энергетика министри А.С.Султоновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти                                      Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2019-жыл 27-март

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться