Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ПРЕЗИДЕНТ ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ «ВАҲАТ АЛ-КАРАМА» ЕСТЕЛИГИНДЕ БОЛДЫ

2019-03-25 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапарының тийкарғы илажлары басланды.

Мәмлекетимиз басшысы, режеге бола, дәслеп Абу-Даби қаласындағы Шайх Зоид бин Султон Ол Наҳаён мавзолейин ҳәм мешитин зыярат етти.

Шайх Зоид бин Султон Ол Наҳаён Бирлескен Араб Әмирликлериниң биринши Президенти болған. Ол 2004-жылы өзи қурдырған бул мешиттиң жанында жерленген. Бүгинги күнде бул мешит ҳәм мавзолей мәмлекет халқы ушын теберик орынға, сырт ел делегациялары басшылары баратуғын комплекске айланған.

Бул мешит дүньядағы ең үлкен мешитлерден бири болып, қурылыс жумыслары 1996-жылдан 2007-жылға шекем даўам еткен. Онда бир ўақыттың өзинде 40 мың адам намаз оқыўы мүмкин.

Комплекске сапар етиў даўамында шайх Зоид бин Султон Ол Наҳаённың руўхына Қуран оқылды.

Президентимизге мешиттиң қурылыс тарийхы, өзине тән өзгешеликлери, туристлер ҳәм зыяратшылар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында айтып берилди.

Шавкат Мирзиёев мавзолейдиң Зыяратшылар китабына қолтаңба қалдырды.

Мәмлекетимиз басшысы «Ваҳат ал-Карама» естелигине гүлшеңбер қойды.

«Қәдир-қымбат алабы» мәнисин аңлататуғын бул мемориал Бирлескен Араб Әмирликлери азатлығы ҳәм бирлиги ушын қурбан болғанлардың ҳүрметине қурылған. Естелик бир-бирине сүйенип турған 31 блоктан ибарат болып, басшылар, әскерлер ҳәм пуқаралар арасындағы өз-ара аўызбиршилик ҳәм қоллап-қуўатлаў белгиси есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы естеликтиң Ҳүрметли мийманлар китабына қолтаңба қалдырды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться