Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев: Өнимниң өзине түсер баҳасын арттырыў арқалы жәҳән базарына шығыў керек
2019-03-12 | Сиясат
Президент Нурата районындағы «Мармаробод» кәрханасында таў тасларынан өним ислеп шығарыў процеси менен танысты.
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети хабар берди.
Мәмлекетимиз басшысы базар талапларын турақлы үйрениў, базарда өтимли өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў зәрүрлилигин атап өтти. Ол товардың өтимлилигин, кәрхананың турақлы жумыс ислеўин тәмийинлейди.
Атап айтқанда, соңғы жылларда да ишки ҳәм сыртқы базарда безеўге қолайлы тасларға талап артқан. Нурата районында бундай таслардың үлкен резерви бар.
Президентимиздиң буннан алдынғы сапары ўактында берилген тапсырмаға муўапық «Мармаробод» мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестирилди. 10 миллиард сум қаржы есабынан бос жатырған 6 гектар жерде заманагөй кәрхана иске түсирилди. Сырт елден 655,5 миллион долларлық технология алып келинип, жылына 24 мың квадрат метр гранитти қайта ислеў имканияты жаратылды. Қырқ адам жумыс пенен тәмийинленди. Булар жойбардың биринши басқышы.
Екинши басқышта тәбийғый тасларды қазып алыў ҳәм қайта ислеўди кластер усылында жолға қойыў режелестирилген. Жойбар қуўатлылығын жылына 3 миллион квадрат метрге жеткериў, өнимлердиң түрин көбейтиў және экспортқа бағдарлаў нәзерде тутылған. Соның нәтийжесинде жыллық өндирис көлеми 250 миллиард сум, экспорт көлеми 10 миллион долларға жетиўи, бир ярым мыңға шамалас жумыс орны жаратылыўы мүмкин болады.
Мәмлекетимиз басшысы кәрхана өнимлерин көзден өткерип, олар жәҳәндеги альтернативлеринен қалыспайтуғынын атап өтти. Нәтийжели технологияларды қолланыў, транспорт қәрежетлерин арзанлатыў есабынан өнимлердиң өзине түсер баҳасын азайтыў, усы арқалы сыртқы базарларға шығыў бойынша тапсырмалар берди. Безеўге қолайлы тасларды жәҳән стандартлары тийкарында терең қайта ислейтуғын кадрлар таярлаў, қурылыс жумысларында жергиликли қурылыс материалларынан пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.
Усы жерде Наўайы ўәлаятында 2019-2020-жылларда қурылыс материалларын ислеп шығарыў, қытайлы инвесторлар менен биргеликте мрамордан санаат мүсиншилигин шөлкемлестириў, Нурата районы Ғазғон қалашасын Бас реже тийкарында раўажландырыў жойбарларының презентациясы өткерилди.
Президентимиз усы аймақтың инфраструктурасын ҳәм санаатын раўажландырыў ушын бул жерге темир жол алып келиў усынысын билдирди.