Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышлап өткерилген салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи
2019-03-08 | Сиясат
Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли апа-қарындаслар!
Ҳүрметли дослар!
Бүгин мине усындай дилбар, қутлы бәҳәр әййямында сиз, әзиз аналарымыз, ҳүрметли апа-қарындасларымыз, сулыў қызларымызды өзлериңиз сыяқлы гөззал байрамыңыз – Халықаралық ҳаял-қызлар күни менен шын жүректен қутлықлайман.
Сизлердиң тымсалыңызда пүткил Өзбекстан ҳаял-қызларын қутлықлап, бәршеңизге терең ҳүрмет-иззет ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Қәдирли ўатанласлар!
Ҳәммемиз жақсы түсинемиз, «Меҳир – өмирдиң үстини», деген сөзлерге терең мазмун-мәни жәмленген.
Бул ҳаққында айтқанда, муқаддес ана, ҳаял – ҳақыйқый мийрим булағы, меҳир қуяшы, десек, ҳәр тәреплеме дурыс болады. Усы қуяш бар екен, мийрим-шәпәәт, жақсылық ҳәм әдиллик, опадарлық ҳәм садықлық сыяқлы уллы қәдириятлар неше әсирлерден берли жасап келмекте.
Сонлықтан, бүгинги қуўанышлы әййямда бәринен бурын, дүньяда «пидайы» деген сөзге ең мүнәсип болған Ана образы алдында тәжим етемиз. Өмиримиздиң қуўанышы, шаңарақларымыздың көрки болған әзиз ҳаял-қызларымыздың ҳүрметине ең жақсы тилеклеримизди билдиремиз.
Жер жүзинде сөз ҳәм саз өнери, шайыр, қосықшы, художник ҳәм мүсинши пайда болғаннан берли, ана ҳәм ҳаял жоқары перделерде жырланып келинеди. Уллы шайырымыз Эркин Воҳидов айтқанындай, «Әлемде ҳаял мәңги жырланады». Себеби, ҳаял образы Жаратқанның теңсиз қүдирети болып келген ҳәм ҳәмийше сондай болып қалады.
Бизге мине усы жақты, гөззал дүньяны және де сулыў ҳәм жарқын етип турғаныңыз ушын үлкен рахмет сизлерге!
Биз – Өзбекстанның мәрт азаматлары, ер жигитлери сиз, әзизлерге болған ҳүрметимиз, меҳир-муҳаббатымызды шаңарақларымыз, ел журтымыздың турмысын және де абат ҳәм пәраўан етиўге қаратылған әмелий жумысларымыз бенен билдириўге умтылмақтамыз.
Биз халқымыздың разылығын бәринен бурын, сиз, ҳүрметли аналарымыздың, апа-қарындасларымыздың разылығы деп түсинемиз. Сизлердиң саў-саламат, бахытлы жасаўыңызды әмелге асырып атырған барлық реформаларымыздың тийкарғы мақсети ҳәм өлшеми деп билемиз. Бул жолда ерискен нәтийжелеримиз тек ғана биринши қәдемлер болып, сизлердиң қоллап-қуўатлаўыңыз, пәтияларыңыз, бизге шексиз күш-ғайрат бағышлайды.
Қәдирдан апа-қарындаслар!
Ҳәзирги ўақытта елимиз халқының дерлик 50 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Бирақ сизлердиң барлық тараўлардағы жемисли мийнетиңиз, перзентлер тәрбиясы, шаңарақлық турмыстағы үлкен хызметлериңизди есапқа алып айтатуғын болсақ, жәмийеттеги орныңызды, Өзбекстанымыздың ерисип атырған жетискенликлериндеги шексиз үлесиңизди ҳеш нәрсе менен өлшеўге, баҳалаўға болмайтуғыны белгили.
Бүгинги күнде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер системасында 1 мың 400ге шамалас апа-қарындасларымыз басшы лаўазымларында ислемекте. Ҳаял-қызлардың үлеси денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер тараўында 82 проценттен асламды, илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында 72 процентти, аўыл хожалығында 45 проценттен артықты, санаатта 38 процентти қурамақта ҳәм сизлердиң шын жүректен ислеп атырған мийнетлериңиз мәмлекетимиз, халқымыз тәрепинен мүнәсип сыйлықланбақта.
Ғәрезсизлик жылларында 2 мың 180 нен аслам ҳаял-қызларымыз жоқары мәмлекетлик сыйлықларға сазаўар болғаны да әне усыннан дәрек береди. Олардың арасында онлаған Өзбекстан Қаҳарманлары, Илим ғайраткерлери, Халық оқытыўшылары, Халық шайырлары, Халық артистлери бар екенин айрықша атап өтпекшимен. Бүгинги салтанатлы мәресимде ҳәр қыйлы тараўларда шын кеўилден мийнет етип атырған әне усындай жанкүйер, ақыллы, меҳрибан ҳаялларымызды, олардың даўамшылары болған талантлы қызларымызды көрип турғанымнан қуўанышлыман. Олардың бәршеси Өзбекстан инсаный потенциалының алтын фондын қурайды, десек, ҳеш қандай алжаспаймыз.
Мәмлекетимиздиң раўажланыўын жаңа, және де жоқары басқышқа көтериўдеги жемисли мийнетиңиз, жақсы пазыйлетлериңиз бенен ҳәммеге өрнек болып киятырғаныңыз ушын сизлерге өзимниң атымнан, көп миллетли пүткил халқымыздың атынан терең миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Бәрщеңизге белгили, биз «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманын қабыл еттик. Өткен қысқа дәўирде усы пәрман шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1 пәрманы, 2 қарары, ҳүкиметимиздиң 6 қарары ҳәм 4 бийлиги қабыл етилди.
Әне усы ҳүжжетлер тийкарында бурын имканиятлары шекленип, жумысы төменлеп қалған Ҳаял-қызлар комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлери пүткиллей жаңа тийкарда шөлкемлестирилди.
Оларға қосымша ўәкилликлер ҳәм имканиятлар берилип, нәтийжели жумыс ислеўи ушын зәрүр шараятлар жаратылды. Ҳәзирги күнде бул системада үлкен билим ҳәм турмыслық тәжирийбеге ийе болған 10 мыңнан аслам апа-қарындасларымыз хызмет етпекте.
Ҳаял-қызлар комитетиниң аймақлық бөлимлери жанында «Ҳуқықтаныўшы ҳаяллар», «Илим ҳәм ҳаял», «Дөретиўши ҳаяллар», «Интакер ҳаяллар», «Ҳаял ҳәм саламатлық», «Ветеран ҳаяллар» жәмийетлик бирлеспелери шөлкемлестирилди. «Жыл ҳаялы», «Ибратлы шаңарақ» таңлаўлары өткерилмекте. Ең тийкарғысы, әмелге асырылған әне усындай әҳмийетли илажлар бүгин өз нәтийжесин бермекте.
Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети ҳәм елимиздеги сиясий партиялар арасындағы бирге ислесиў күшейип 3 мыңға шамалас жетекши ҳаял-қызлардан ибарат кадрлар резерви қәлиплестирилгени итибарға ылайық. Ҳәзирги ўақытта жәмийетлик белсенди ҳаял-қызларды басшылық лаўазымларына таярлап барыў, оларды оқытыў, қәнигелигин арттырыў системасы жаратылмақта. Олардың бәри елимизде ҳаял-қызлардың ҳәрекети үлкен потенциалға ҳәм перспективаға ийе екенин көрсетеди.
Хабарыңыз бар, быйыл елимизде миллий парламентимиз ҳәм жергиликли кеңеслерге сайлаўлар болып өтеди. Әне усы сайлаўларға ҳаял-қызларымыз да үлкен таярлық көрмекте.
Усы мақсетте орынларда «Депутатлыққа старт» акциялары шөлкемлестирилип атырғанын биз, әлбетте, қоллап-қуўатлаймыз.
Сизлерге белгили, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздеги депутатлар корпусының 30 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Өткен еки жыллық тәжирийбемизди, ҳаял-қызлардың сиясий санасы ҳәм дәрежеси артып атырғанын есапқа алып, бул цифрды бираз көбейтсек, әдалаттан болады, деп ойлайман.
Ҳаял-қызлар комитетиниң халықаралық жумысы да күшейип бармақта. Мәселен, жаңадан дүзилген Өзбекстан ойлап табыўшы ҳаяллар орайының басламасы менен елимиз илимпазлары өткен жылы Корея Республикасында шөлкемлестирилген халықаралық форумға мүнәсип қатнасты.
Ҳүрметли дослар!
Бүгинги илажымызда Өзбекстанда жумыс алып барып атырған Франция Республикасының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Виолен де Вильмор, Қытай Халық Республикасының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Цзян Янь, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ўәкилханасының басшысы Хелена Фрейзер, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң елимиздеги ҳәр қыйлы ўәкилханаларының басшылары болған Ашита Миттал, Миеко Ябута, Лиан Куппенс, Мария дель Пилар, Алварез-Ласо ханымларды көрип турғанымыздан оғада қуўанышлымыз.
Мәмлекетимиз бенен бирге ислесиў байланысларын раўажландырыўға мүнәсип үлес қосып атырған әне усы ҳүрметли мийманларымызды Халықаралық ҳаял-қызлар күни менен қутлықлап, жақсы тилеклеримизди билдириўге рухсат еткейсиз.
Әзиз апа-қарындаслар!
Бәршеңизге белгили, биз ушын меҳир-муҳаббат қорғаны болған шаңарақ институтын беккемлеў кейинги ўақытта елимизде мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Әне усы сиясатты белгилейтуғын әҳмийетли ҳүжжет – Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў концепциясы қабыл етилди. Бул концепцияны турмысқа енгизиў мақсетинде «Шаңарақ» илимий-әмелий орайы қайтадан шөлкемлестирилди.
Шаңарақ мәселесин комплексли үйренип, жүзеге келген жағдайды таллаўға, мониторинг етиўге ҳәм баҳа бериўге, илимий изертлеўлер арқалы шаңарақтың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғын жаңа система жаратылды.
Бурын Әдиллик министрлиги қарамағында болған пуқаралық ҳалатына байланыслы ҳүжжетлерди жазыў уйымлары район ҳәм қала ҳәкиминиң орынбасары – Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығына бойсындырылды. Ҳәзирги ўақытта олар тәрепинен шаңарақ институтын беккемлеў, ажырасыўлардың алдын алыў бойынша белсенди жумыс алып барылмақта.
Бул бағдарда белгиленген илажлардың мазмунын, сапасын ҳәм нәтийжесин арттырыў ушын еле көп жумыс ислеўимиз керек. Бүгинги күнде избе-из әмелге асырылып атырған «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле», «Жаслар – келешегимиз», «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» сыяқлы бағдарламалар әне усы мақсетлерге қаратылғаны менен әҳмийетли.
Бүгин «Ҳаял-қызларымыздың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин буннан былай да күшейтиў ҳәм исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойдым.
Ҳаяллардың мийнет ҳәм пенсия тараўындағы ҳуқықларын, гендер теңлигин тәмийинлеў бойынша пүткиллей жаңа кепилликлер белгилеп берилмекте. Ҳаялларға өз бизнесин шөлкемлестириў, бизнес идеяларын таярлаўда жәрдем бериў, узақ ўақыт даўамында бала тәрбиясы менен бәнт болған, аўыр экономикалық жағдайға түсип қалған ҳаялларды талап үлкен болған кәсипке таярлаў ҳәм жумысқа орналастырыў ушын оларға жәрдемлесиў мақсетинде Ҳаял-қызлар орайлары шөлкемлестирилмекте. Ҳаялларға исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын 100 миллиард сўм ажыратылады. Бул қаржы оларға жеңилликли кредит сыпатында бериледи. Усы қаржылардың кеминде 50 проценти аўыллық жерлерде жасап атырған ҳаял-қызлар арасында исбилерменликти раўажландырыў ушын жумсалады.
Биз апа-қарындасларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде бул бағдардағы ийгиликли ислерди буннан былай да даўам еттиремиз.
Қәдирли ўатанласлар!
Халқымызда «Ел сламатлығы-журт байлығы» деген мақал бар. Ҳақыйқатында да, тынышлық пенен денсаўлығымызды сақласақ, қалған ҳәмме нәрсеге ерисемиз.
Бул мәселеде ҳүрметли ҳаялларымыздың саламатлығын беккемлеў биз ушын шешиўши әҳмийетке ийе.
Ҳәзирги ўақытта барлық аймақларымызда перинатал, скрининг, репродуктивлик саламатлық ҳәм диагностика орайлары жумыс ислемекте. Туўыў бөлимлери, көп тармақлы поликлиникалар ҳәм аўыллық шаңарақлық поликлиникалардың саны артып бармақта. Усы медицина мәкемелеринде ҳаяллар ҳәм қыз балалар жыл даўамында тереңлестирилген тексериўден өткерилип, оларға турақлы патронаж хызмети көрсетилмекте. Бул болса аналар ҳәм балалар саламатлығын беккемлеў ушын тийкар жарататуғынына гүман жоқ.
Ҳаял-қызларда ушырасатуғын кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў жумыслары нәтийжели шөлкемлестирилип атырғаны себепли ҳаяллар арасында кеселликлер дерлик 2 есеге, аналар өлими 3 есеге, нәрестелердиң өлими болса 4 есеге азайды. Өткерилген скрининг тексериўлери нәтийжесинде 2018-жылы 5 мың нәрестеде аўыр нуқсанлар менен туўылыў қәўпи сапластырылды.
Өткен жылдан баслап биз бул бағдарда және бир үлкен жумысты басладық. Яғный, барлық қала ҳәм районлар, әсиресе, узақ ҳәм барыўы қыйын болған аймақлардағы орайлық поликлиникалар ҳәм аўыллық шаңарақлық поликлиникалар жанында ҳаяллар ушын мәсләҳәтханалар ҳәм балалар саламатлық орайлары шөлкемлестирилмекте.
Жақсы билесизлер, мен «Бақшаға барған бала менен бақшаға бармаған баланың арасында үлкен айырмашылық бар», деген пикирди, турмыслық ҳақыйқатты қайта-қайта, оны барлық жерде шақырық сыпатында айтыўдан шаршамайман. Өткен дәўирдеги еки жыллық тәжирийбемиз ҳәм орынларда халық пенен алып барып атырған пикирлесиўлеримизден келип шығып, әне усы пикирге қосымша етип айтпақшыман: «Бақшаға барған баланың анасы менен бақшаға бармаған баланың анасы арасында да үлкен айырмашылық бар». Себеби ҳәр күни тәрбияшылар, педагог қәнигелер, психологлар, медицина хызметкерлери менен қарым-қатнаста болып, баласындағы унамлы өзгерислерди көрип, аналардың да билими, турмыслық тәжирийбеси, мәдений дәрежеси артады. Балалары менен бирге олар да социаллық-мәнаўий тәрбия орталығына, жәмийетке жақынласады, жетилиседи. Усылардың барлығын есапқа алып, биз мектепке шекемги билимлендириў тараўына үлкен итибар бермектемиз.
Меҳрибан аналар, апалар сыпатында буның әҳмийетине сизлер ҳәммеден гөре көбирек түсинесизлер.
Бүгинги күнде елимизде 7 мың 104 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жумыс алып бармақта. Кейинги 2 жыл даўамында 2 мың 211 жаңа бақшалар шөлкемлестирилип, оларға қосымша 243 мың бала қабыл етилди. Басқаша айтқанда, елимизде бақша жасындағы балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери менен қамтып алыў дәрежеси соңғы бир ярым жылда 12 процентке артып, 38 процентти қурамақта.
Биз жақын 4-5 жылда елимиздеги бақша жасындағы барлық балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине толық қамтып алыў ўазыйпасын өз алдымызға мақсет етип қойғанбыз. Бул – бизиң ҳаялларымыз, балаларымыз алдындағы қарызымыз, керек болса, келешек алдындағы муқаддес ўазыйпамыз ҳәм биз оны әлбетте орынлаймыз.
Жоқары билимлендириў тараўында да үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытта елимизде Қубла Корея, Уллы Британия, Россия, Ҳиндстан, Италия, Сингапур, Латвия сыяқлы мәмлекетлердиң 14 университет ҳәм институтларының филиаллары жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, ўәлаятларда шөлкемлестирилген республикалық жоқары оқыў орынларының 23 бөлими де жумыс алып бармақта.
Бүгинги күнде елимиздеги жоқары оқыў орынларында 373 мың 500 ге шамалас жасларымыз билим алмақта. Олардың 168 мың 470 ин, яғный, 45,1 процентин қызлар қурайтуғынлығы айырықша дыққатқа ылайық.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Елимизде балалар ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, олардың билим алыўы, мийнет етиўи, мүнәсип турмыс кешириўин тәмийинлеў бойынша ерисилип атырған нәтийжелер тек ғана халқымыз емес, ал халықаралық жәмийетшилик, соның ишинде, Халықаралық мийнет шөлкеми тәрепинен де жоқары баҳаланбақта.
Бул бағдарда айырым мысалларға итибарыңызды қаратпақшыман.
Соңғы еки жылда ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде кредитлер ажыратыў көлеми 2 есеге көбейтилди.
Салыстырыў ушын айтатуғын болсақ, егер 2014-2016-жылларда коммерциялық банклер тәрепинен ҳаял-қызларға исбилерменлик ушын жәми 3 триллион 800 миллиард сум кредит ажыратылған болса, бир ғана 2018-жылдың өзинде болса бул көрсеткиш 3 триллион 361 миллиард сумды қурады.
Мен ойлайман, усы көрсеткишлердиң өзи де көп нәрседен дәрек береди.
Сондай-ақ, жаңадан шөлкемлестирилген Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры қаржылары есабынан жыллық төлеми 7 процент болған жеңилликли кредитлер бериў системасы енгизилди. Бул мақсетлер ушын өткен жылы 50 миллиард сум ажыратылды. Бул болса ҳаяллардың шаңарақтан, перзент тәрбиясынан ажыралмаған ҳалда, өнерментшилик, үй мийнети, қыйтақ жер хожалығы менен шуғылланыў ушын зәрүр болған шараятларды жаратып бериўге хызмет етеди.
Ҳаял-қызлар комитетиниң басламасы менен орынларда 2018-жылы 2 мыңнан аслам киши цех шөлкемлестирилип, 18 мыңға шамалас ҳаял-қызлар жумыс пенен тәмийинленди.
Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларында «Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте «Устаз-шәкирт» системасы тийкарында жумыссыз болған ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў жолға қойылды. Ҳәзирги ўақытта бул тәжирийбени барлық аймақларда қолланыў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў мақсетинде аймақларда зорлықтан жәбир көрген шахсларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў бойынша 155 орай, «Исеним телефонлары» шөлкемлестирилди.
Хабарыңыз бар, өткен қысқа дәўирде елимизде үйме-үй жүрип, социаллық-руўхый орталықты үйрениў, орын алып атырған машқалаларды шешиў бойынша нәтийжели система жаратылды. Усы система тийкарында 2018-жылы 47 мың 690 нан аслам аўыр шараятта жасап атырған, сондай-ақ, 13 мың 344 майыплығы болған ҳаял-қызлардың машқалалары орнында үйренилди.
Көрилген илажлар нәтийжесинде усындай ҳаял-қызлардың 14 мың 750 ден асламына медициналық жәрдем көрсетилди, 13 мың 636 сы жумысқа орналастырылды, 24 мың 660 тан асламына 21 миллиард 540 миллион сумға шамалас материаллық жәрдем берилди. Усы тайпаға киретуғын, турақ жайға мүтәжлиги болған апа-қарындасларымызға 4 мыңға шамалас турақ жайлар тапсырылып, мәмлекет тәрепинен олардың дәслепки төлемлери төлеп берилди. Усы турақ жайлар әтирапында тигиў цехлары шөлкемлестирилип, дерлик 1 мың ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленди.
Биз бул жумысларды буннан кейин де әлбетте избе-из даўам еттиремиз. Атап айтқанда, 2019-жылы 1 мың 576 шараяты аўыр болған ҳаял-қызлар турақ жайлар менен, усы категорияға киретуғын 13 мыңнан аслам қызлар жумыс пенен тәмийинленеди.
Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры тәрепинен аўыр шараятта жасап атырған, майыплығы болған 1 мың 460 тан аслам ҳаял-қызларға арзан турақ жайлар ушын 54 миллиард 580 миллион сумнан аслам дәслепки төлемлер төлеп берилди.
Әлбетте, ҳақыйқатында да жәрдемге мүтәж болған бундай ҳаялларға кейинги 10 жылда арзан турақ жайлар берилгенин ҳеш ким еслей алмаса керек. Себеби бундай системаның өзи жоқ еди.
Сондай-ақ, быйылғы жылы аўыр социаллық жағдайда жасап атырған, майыплығы болған 15 мың 282 ҳаялға медициналық жәрдем көрсетиледи. Усы тайпаға киретуғын 10 мыңға шамалас ҳаял-қыз майыплық арбашасы, еситиў ҳәм ҳәрекетлениў қураллары менен тәмийинленеди.
Ҳаяллардың мийнет ҳәм жасаў шараятларын жақсылаўға бағдарланған бундай мысалларды және көп келтириў мүмкин. Бирақ, өзиниң турақ жайына, жумыс орнына ийе болған ҳәр бир ҳаялдың шаңарағы, перзентлери, ата-анасы, жақынлары бар екенлигин есапқа алатуғын болсақ, қанша шаңараққа қуўаныш киргени, қанша адамның руўхы көтерилип, оларда жасаўға, келешекке исеним пайда болғаны биз ушын ең әҳмийетли нәтийже болып табылады.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Ҳәммеңиз жақсы билесиз, халқымыз, миллетимиз қыз перзентлерин бәрқулла қәстерлеп-сақлап, меҳир менен тәрбиялайды. Шынында да, қызларымыз – бизиң келешегимиз, миллетимиз генофондын сақлайтуғын, мүнәсип даўам еттиретуғын инсанлар болып, оларды физикалық және руўхый жақтан баркәмал етип тәрбиялаў – баслы ўазыйпамыз болып есапланады.
Әсиресе, ҳәзирги ўақытта қызларымызға заманагөй билим бериў, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар тийкарында тәрбиялаў, оларды кәсип-өнерге үйретиў, шаңараққа таярлаў оғада үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Усы мақсетте барлық билимлендириў дәргайлары ҳәм мәҳәллелерде жумыс алып барып атырған «Қызларжан», «Қыз бала ҳәм жас шаңарақ», «Еркин турмыс босағасында», «Азада қызлар» сыяқлы клублардың жумысларын реал турмысқа, жасларымыздың арзыў-умтылысларына еле де жақынластырыў керек, деп ойлайман.
Усы жерде жақында Наманган ўәлаятында айтқан бир пикиримди және тәкирарламақшыман.
Егер сиз перзентинизге данғырлама жай қурып берсениз – ўақты-сааты келип, ол гөнериўи мүмкин. Егер ең зор машина алып берсениз – ол да тез гөнериўи мүмкин. Егер оған материаллық байлық, пул қалдырсаныз – ол да бир күн келип сарыпланып тамам болыўы мүмкин. Бирақ дүньяда ҳеш қашан гөнермейтуғын, жоғалмайтуғын бийбаҳа бир байлық бар, ол да болса, перзентлеримизге берген билим ҳәм өнер болып есапланады. Бирақ билим ҳәм ағартыўшылықты қай жерден, неден алыў мүмкинЎ Ең дәслеп, китап деген ғәзийнеден.
Мен елимиздиң жаслары арасында өткерилип атырған «Ең жақсы китапқумар» танлаўын турақлы бақлап бараман. Бул беллесиўлерде қызларымыздың ең жоқары орын ийелеп атырғаны олардың интеллектуаллық потенциалы ҳәм тырысқақлық бабында ҳәммени ҳайран қалдырып атырғанынан дәрек береди.
Усы көзқарастан алып қарағанда, «Қызлар китапханасы» атлы мобиль қосымша жаратылып, иске түсирилгени итибарға ылайық.
Бүгинги күнде уллы шайырымыз Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа ийе болған қызларымыздың саны 283 ке жетти. Олардың көпшилиги ҳәкимиятлар, түрли министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлерде, ғалаба хабар қураллары, тәлим-тәрбия тараўында табыслы жумыс алып бармақта. Бул сыйлықтың ең үлкен әҳмийети сонда, оған миясар болған ҳәр бир қызымызға жүзлеген, мыңлаған жаслар ҳәўес етип, олардың қатарына қосылады. Жаслар ушын өрнек тымсалы – жетекшилик, лидерлик тымсалы пайда болады. Ең әҳмийетлиси, бундай өрнек өз қызларымыз арасынан, өзимиздиң руўхый орталықтан жетисип шықпақта. Оларды көрип, жасларымызда өзине, өз күшине ҳәм потенциалына исеним, келешекке умтылыў пайда болмақта.
Мине, бүгинги илажымызда Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың быйылғы жаңа ийелери де қатнаспақта. Бүгин сизлердиң жаныңызда оларға әне сол сыйлықларды салтанатлы түрде тапсырамыз.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Ҳәммемиз жақсы түсинемиз, биз бундай мәжилислерде тек ғана жетискенликлеримиз ҳаққында сөйлеўимиз емес, соның менен бирге кемшилик ҳәм нуқсанларымыз ҳаққында да ашықтан-ашық сөз жүритип, оларды шешиў жолларын биргеликте излеўимиз керек.
Қайталап айтаман, халқымыз, дәслеп, сиз, ҳүрметли апа-қарындасларымыз бенен мәсләҳәтлесип жумыс алып барсақ, қәте-кемшиликлер әлбетте аз болады.
Усы мәнисте, ҳаял-қызлар арасындағы ҳуқықбузарлықтың алдын алыў мәселеси де ҳәмме ўақытта итибарымыз орайында турыўы зәрүр. Бул бойынша, биринши гезекте, ҳуқықбузарлыққа байланысы болған шахслар менен жеке тәртипте жумыс алып барыў ҳәм жазаны орынлаў орынларынан азат етилген ҳаял-қызларды социаллық реабилитациялаў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, алдын судланған, диний экстремистлик ағымға байланысы бар деп гүман етилгенлер дизиминен шығарылған 3 мыңнан аслам ҳаял ҳәм тыныш емес шаңарақларда жасап атырған ҳаял-қызларға әмелий жәрдем бериўге айрықша әҳмийет қаратылмақта.
Ҳәзирги ўақытта судларда ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў мақсетинде Ҳаял-қызлар комитетлериниң ўәкиллери жәмийетшилик тийкарда қорғаўшы болып қатнаспақта. Бундай жаңа әмелият нәтийжесинде 2018-жылы жынаят еткен ҳәм ҳуқықбузарлыққа қол урған 893 атырапындағы ҳаял-қызлар кепилликке алынып, жазадан азат етилди.
Шаңарақтағы машқалалар себебинен келип шығатуғын жынаятларды кескин азайтыў мақсетинде 10 мың 14 тыныш емес шаңарақ пенен профилактикалық жумыслар алып барылды ҳәм 71 процент усындай шаңарақтың тыныш емеслиги сапластырылды.
Ҳаял-қызлар, мәҳәллелер, профилактика инспекторлары менен биргеликте алып барған жумыслар ҳәм көрилген илажлар нәтийжесинде ҳаял-қызлар арасында жынаятшылық 2018-жылы 34 процентке азайғанын айрықша атап өтиў керек.
Буннан тысқары, Жоқары суд пенен Ҳаял-қызлар комитети арасында меморандумға қол қойылып, ажырасыў ушын арза берген шахсларды дәслеп Ҳаял-қызлар комитетинде сәўбеттен өткерип ҳәм ажырасыў бойынша жуўмағын алыў жолға қойылды.
Кең жәмийетшилик ўәкиллери өз-ара бирге ислесиўде алып барған жумыслар себепли 2018-жылы ажырасыўға шекем келип қалған шаңарақлардың 26 мыңға шамаласы жарастырылды. Ең әҳмийетлиси, буның нәтийжесинде 36 мың 500 ге шамалас бала ата ямаса ана меҳринен айырылыўдан сақлап қалынды.
Елимизде дурыс жолдан адасқан адамлар болмаўы ушын бул бойынша жумысларды жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық тийкарында избе-из даўам еттириўимиз керек.
Пурсаттан пайдаланып, сиз, әзизлерге, бүгин мени тыңлап атырған барлық ўатанласларымызға сүрен етип айтпақшыман; халқымыздың, Ўатанымыздың тәғдири ҳәм келешегине тиккелей байланыслы болған бул мәселеде ҳеш ким бийпәрўа болып шетте турмаўы керек. Бул бағдарда тек ғана ҳаял-қызлар комитетлери, тек ғана мәҳәлле белсендилери емес, ал бәршемиз биргеликте айрықша жумыс алып барсақ, жағдай унамлы тәрепке әлбетте өзгереди.
Бул мақсетке ерисиўде биз ҳаял-қызларымыздың аўырын жеңил етиў, олардың турмыслық машқалаларын шешиў, арзыў-умтылысларын, қәбилетин ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў ушын мәмлекетимиз және жәмийетимиздиң бар имканиятларын иске қосамыз. Сиз, азиз апа-қарындасларымыз бул мәселеде бәринен бурын өзлериңиз баслаўшы болып, белсене қатнасасызлар, деп исенемен.
Ҳүрметли дослар!
Сизлерге белгили, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, жасларды ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлар ушын «Мўътабар аёл» белгиси шөлкемлестирилген еди. Усы жыл 8-март байрамы алдында бул сыйлық пенен 260 апа-қарындасларымыз сыйлықланды
Пурсаттан пайдаланып, оларды сизлердиң атыныздан, өзимниң атымнан қызғын қутлықлайман.
Бүгинги байрам мүнәсибети менен Ўатанымыздың раўажланыўын, халқымыздың абаданлығын арттырыў, саламат ҳәм бәркамал аўладты тәрбиялаў, шаңарақларды беккемлеў бағдарындағы мүнәсип хызметлери ушын ҳаял-қызларымыздан бир топары мәмлекетимиздиң жоқары атақлары, орден ҳәм медальлары менен сыйлықланды. Сыйлықланғанлар арасында өзиниң айрықша таланты менен Ўатанымыздың даңқын дүньяға танытқан атақлы илимпазларымыз, шайыр ҳәм жазыўшыларымыздың садық өмирлик жолдаслары да бар екенлигин айрықша атап өтпекшимен. Олардың көпшилиги бүгинги илажда қатнаспақта.
Шынында да өзиниң илимий ҳәм әдебий мектебин жаратқан үлкен илимпаз ҳәм дөретиўшиниң зайыбы болыў аңсат емес. Оны билген биледи, билмегенлер билип қойса, тек пайдасы болады.
Мине усындай меҳрибан, ақыллы, зийрек апа-қарындасларымыз, өзлериниң өмирлик жолдаслары – белгили илим ҳәм әдебият ўәкиллерин бәрқулла қоллап-қуўатлап, оларға илҳам бағышлап келгени, руўхый таяныш болып, пидайылық үлгисин көрсеткени ҳәр қандай жоқары баҳаға мүнәсип.
Жоқары атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған апа-қарындасларымызды, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықты алыўға миясар болған қызларымзды шын жүрегимнен қутлықлап, бәршеңизге денсаўлық, жаңадан-жаңа табыслар, шаңарағыңызға бахыт тилеймен.
Әзиз ҳәм меҳрибан апа-қарындаслар!
Биз сизлердиң усындай ашылып, турмыстан разы болып жүриўиңиз ушын, сизлердиң бахыт-ығбалыңыз ушын бәрқулла шын жүрегимизден хызмет етиўге таярмыз. Мине усындай қуўанышлы күнлеримиз көп болыўын тилеймиз!
Бәршеңизди бүгинги бәҳәр ҳәм нәзиклик, гөззалық байрамы менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.
Ығбалыңыз бәлент, өмириңиз узақ, ырысқы-несийбеңиз зыяда болсын!
Ҳәмийше саў-саламат болыңлар!