Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
КӨМИРШИЛИК ТАРМАҒЫН ТУРАҚЛЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ КӨРИП ШЫҒЫЛДЫ
2019-03-05 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-март күни көмир қазып алыў тараўын турақлы раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Көмиршилик жанылғы-энергетика тәмийнатының ажыралмас бөлеги болып, экономика тараўлары, халықтың социаллық турмысы менен байланыслы болған әҳмийетли тараўлардың бири болып табылады.
Елимизде ҳәр жылы пуқаралардың шаңарақларына 1 миллион тонна, социаллық тараў обьектлерине 400 мың тонна көмир жеткерип бериледи. Жаңа Ангрен ҳәм Ангрен ыссылық электр станцияларында энергия ислеп шығарыў ушын 4 миллион тонна көмир жағылады.
Мәжилисте кәнлердиң потенциалы жоқары дәрежеде болса да, кейинги жылларда көмир қазып шығарыў режелери орынланбай атырғанлығы, тараўдағы системалы машқалалар сапластырылмағаны көрсетип өтилди.
Мәселен, кәнлердеги техника ҳәм технологиялар ескирген. Тийкарғы шийки зат базасы болған Ангрен кәнинде жаңа шахталар ашыў жумыслары артта қалған. Карьерлердиң қыялық мүйеши белгиленген нормадан асып, қазыў жумыслары қәўипли дәрежеге жеткен.
Усы сыяқлы мәселелерди тез ҳәм нәтийжели шешиў ушын «Өзбеккөмир» акционерлик жәмийетин профессионал сыртқы басқарыўға бериў жобаластырылмақта.
Мәжилисте Ангрен кәниндеги жағдайды жақсылаўға бағдарланған жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары белгиленди.
Экономика тармақлары, халықтың жақын ҳәм узақ келешекте көмирге болатуғын талабын максимал дәрежеде қаплаў ушын Ангрен кәнин раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.
Президентимиз «Өзбеккөмир» акционерлик жәмийетиниң финанслық турақлылығын беккемлеў мәселесине де айрықша итибар қаратты. Қаржы ҳәм Энергетика министрликлерине көмир баҳасы тарифлерин оптималластырыў, тараўдың рентабеллигин арттырыў, инвестиция қәрежетлерин қаплаў бойынша тапсырмалар берди.
Кән ашыў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў ушын транспорт қураллары паркин жаңалаў керек екенлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге зәрүр самосвал ҳәм басқа да арнаўлы техника қуралларын ең мақул тарифлер тийкарында сатып алыў ўазыйпасы жүкленди.
Сондай-ақ, бүгинги күндеги қазып алыў жумысларында пайдаланылмай атырған техникалардан ўаз кешип, өндирис қәрежетлерин азайтыў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берилди.
Ангрен кәниниң қубла шегарасына жақын жерде жасайтуғын халықтың қәўипсизлигин тәминлеў мәселесине де итибар қаратылды.
Министрлер Кабинетине жоқарыда көрсетилген мәселелер, атап айтқанда, «Өзбеккөмир» акционерлик жәмийетин басқарыў нәтийжелигин арттырыў, бул ушын профессионал сыртқы басқарыўшыны тартыў, тараўға заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм көмирдиң сапасын арттырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
Додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги