Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
II ХАЛЫҚАРАЛЫҚ МАҚАМ КӨРКЕМ ӨНЕРИ ӘЖУМАНЫН ӨТКЕРИЎГЕ ТАЯРЛЫҚ КӨРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
2019-02-27 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң бийлиги
Өзбек миллий мақам көркем өнерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў, оның бийбаҳа үлгилерин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўладтың қәлбинде көркем өнерге болған меҳир-муҳаббат сезимлерин қәлиплестириў, халықлар арасындағы дослық, туўысқанлық байланысларын беккемлеў, руўхый-ағартыўшылық қатнасықлар шеңберин халықаралық көлемде кеңейтиў, жәҳән жәмийетшилигинде мақам көркем өнериниң абырайын буннан былай да арттырыў, сондай-ақ, гезектеги Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманына ҳәр тәреплеме пуқта таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-ноябрьдеги «Өзбек миллий мақам көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3391-санлы қарары менен Шәҳрисәбз қаласында ҳәр еки жылда бир рет өткерилиўи белгиленген Халықаралық мақамкөркем өнери әнжуманын (кейинги орынларда Әнжуман деп жүргизиледи) екинши мәрте 2020-жыл сентябрь айының биринши ярымында өткериў бойынша Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң усынысы мақуллансын.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 6-апрельдеги «Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманын өткериў ҳақында»ғы ПҚ-3656-санлы қарары менен тастыйықланған Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойыншашөлкемлестириўши комитетке төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
Әнжуманға таярлық көриў жумысларын 2019-жылдың апрель айынан баслаў бойынша «жол картасын» ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;
өткерилиўи режелестирилип атырған әнжуманның анық сәнелерин 2019-жылдың декабрь айына шекем белгилеў;
2019-жылдың 1-апрелинен баслап республика ҳәм жәҳән көлеминде әнжуманды үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестириў, оның шеңберинде өткерилетуғын таңлаў шәртлерин және илимий-әмелий конференция темасын жәриялап барыў;
2020-жылдың 1-июнине шекем республикамыз аймақларында мақам ансамбльлериниң концерт бағдарламалары, «Жас мақам атқарыўшылары», композиторлар арасында «Мақам жөнелисиндежаратылған ең жақсы дөретпе» сыяқлы номинациялар бойынша республикалық таңлаўлар ҳәм белгили мақамтаныўшы илимпазлар, тәжирийбели мақам атқарыўшылары қатнасыўында дөретиўшилик ушырасыўлар ҳәм мастер-классларды шөлкемлестириў және өткерип барыў;
2020-жылдың 1-августине шекем әнжуман шеңберинде «Мақам көркем өнерин раўажландырыўперспективалары» темасында өткерилетуғын халықаралық илимий-әмелий конференцияның бағдарламасын ислеп шығыў, сондай-ақ, әнжуманда қатнасатуғын сырт елли ҳәм жергиликли музыка ҳәм мақамтаныўшы илимпазлар, белгили көркем өнер шеберлери, жетик қәнигелер, ҳүрметли мийманлардың дизимин қәлиплестириў;
Шәҳрисәбз қаласындағы Мақам музейин усы көркем өнерге байланыслы тарийхый, илимий-дөретиўшилик дәреклер, ески ҳәм заманагөй саз әсбаплары және басқа да жаңа экспонатлар менен байытыў илажларын көриў;
әнжуманға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы басқа да мәселелерди шешиў.
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы әнжуманға таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша буйыртпашы етип белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги 2020-жылдың 1-апрелине шекем әнжуманға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлер сметасын белгиленген тәртипте тастыйықласын.
Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги:
еки ай мүддетте Шәҳрисәбз қаласында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылыўы, әнжуман өткерилетуғын саҳна ҳәм майданлардың талап дәрежесинде таярланыўы;
Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте Шәҳрисәбз қаласының туризм потенциалын арттырыў, инвестицияларды жедел тартыў, исбилерменлик басламаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2020-жылдың март айына шекем заманагөй сервис хызметин көрсетиў имканиятларын өзинде жәмлеген, барлық қолайлықларға ийе заманагөй имаратлар, хызмет көрсетиў объектлери, сондай-ақ, мийманханалар қурылыўын ҳәм пайдаланыўға тапсырылыўын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги 2020-жылдың август айына шекем Шәҳрисәбз қаласы телекоммуникация тармақларын Конференцияға таярлық көриў ҳәм оны өткериў талапларына cәйкеслендириў илажларын көрсин.
Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте Шәҳрисәбз қаласының туризм инфраструктураларын раўажландырыў мақсетинде кредитлер ҳәм инвестицияларды тартыў илажларын көрсин, сондай-ақ, сырт мәмлекетлер және компаниялар менен бирге ислесиўди жолға қойсын;
Қашқадәрья ўәлаяты ҳәм мақам көркем өнериниң туризм тараўындағы реклама-мәлимлеме үгит-нәсиятларын әмелге асырсын;
мийманхана сервис хызметкерлери ҳәм гидлердиң сапалы жумысын шөлкемлестирсин.
«Өзбеккино» Миллий агентлиги өз системасы ушын бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан 2020-жылдың 1-апрелине шекем белгили мақамтаныўшы илимпазлар, мақам композиторлары ҳәм ҳапыз және сазенделердиң үлгили, илимий, дөретиўшилик жумысы ҳаққында дүркин ҳүжжетли фильмлер жаратсын ҳәм олардың көрсетилиўин шөлкемлестирсин.
Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы әнжуманды көркемлик ҳәм дөретиўшилик жақтан жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде өзбек мақамы ҳәм басқа да халықлардың ҳәр қыйлы музыка жанрларын қамтып алған сырт еллердеги халықаралық көркем өнер фестивальлары шөлкемлери және орайлары менен турақлы дөретиўшилик бирге ислесиў орнатсын.
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Дунё» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына әнжуманға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
Усы бийликтиң орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Ф.Ш.Маҳмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2019-жыл 26-февраль
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги