Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ АҚШ МӘМЛЕКЕТЛИК ХАТКЕРИНИҢ ҚУБЛА ҲӘМ ОРАЙЛЫҚ АЗИЯ МӘСЕЛЕЛЕРИ БОЙЫНША ЖӘРДЕМШИСИ ЎАЗЫЙПАСЫН АТҚАРЫЎШЫСЫН ҚАБЫЛЛАДЫ

2019-02-26 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-февраль күни Өзбекстан – АҚШ сиясиймәсләҳәтлесиўлериниң гезектеги дөгерек сәўбетинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген АҚШмәмлекетлик хаткериниң Қубла ҳәм Орайлық Азия мәселелери бойынша жәрдемшиси ўазыйпасынатқарыўшы Элис Уэллсти қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, өз-ара исеним ҳәм ҳүрметке тийкарланған еки тәреплеме қатнасықлар үзликсиз раўажланып атырғанын атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жылы май айында Америка Қурама Штатларына рәсмий сапары стратегиялық  шерикликтиң жаңа дәўирин баслап берген тарийхый ўақыя болғаны атап өтилди.

Түрли дәрежелерде жедел сөйлесиў алып барылмақта, тәреплер ушын пайдалы жойбарлар бойынша көп қырлы бирге ислесиў избе-из раўажланбақта.

Усы мәнисте, әҳмийетли мәселелер ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди  беккемлеў перспективаларын додалаў ушын сиясий мәсләҳәтлесиўлер механизминен және де нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

АҚШтың жетекши компаниялары ҳәм банклери менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық-технологиялық бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Өткен жылдың октябрь айында АҚШ саўда министри У.Росстың Өзбекстанға сапары даўамында Ташкент қаласында биринши мәрте шөлкемлестирилген Америка бизнеси ҳәптелигин өткериў әмелиятын даўам еттириў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Ушырасыўда Аўғаныстандағы жағдайды тынышлық жолы менен сапластырыў, бул мәмлекетти регионаллық саўда-эканомикалық бирге ислесиўге тартыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Элис Уэллс Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шын журектен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамп ҳәм мәмлекетлик хаткери Майкл Помпеоның сәлемин жеткерди.

Америкалы дипломат Өзбекистан пайтахтында сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң жетинши дөгерек сәўбетиниң нәтийжели өткерилгенинен қанаатланғанлығын билдирди.

Мийман Өзбекстанда эканомиканы модернизациялаў, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемдеги реформаларды жоқары баҳалады.

АҚШтың мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы шерикликти және де беккемлеў ҳәм кеңейтиў бағдарындағы умтылыўлары исенимли екенлиги атап өтилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться