Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПУҚАРАЛАРЫНЫҢ МҮДДЕТЛИ ӘСКЕРИЙ ХЫЗМЕТИН ӨТЕЎ ТӘРТИБИН ЖЕТИЛИСТИРИЎГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА
2019-02-22 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы пуқараларын мүддетли әскерий хызметке шақырыў тәртибин буннан былай да жетилистириў ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерине мүддетли әскерий хызметке шақырыў жасындағы пуқараларға қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:
2019-жылдан баслап шақырылыў мүддетин кешиктириў ҳуқықына ийе болмаған Өзбекстан Республикасы пуқаралары март-апрель айларында мүддетли әскерий хызметке шақырылатуғыны;
мүддетли әскерий хызметти өтеўге жарамлы және шақырылыў мүддетин кешиктириўден ҳәм шақырылыўдан азат етиў ҳуқықына ийе болмаған, усы жылдың шақырыў даўамында Қураллы Күшлердиң қатарына шақырылмайтуғын пуқаралар мобилизациялық шақырыў резервине алынатуғыны белгилеп қойылсын.
2018-жылы мүддетли әскерий хызметке шақырылған, әскерий хызметтиң белгиленген мүддетлерин өтеп болған Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң әскерий хызметкерлери 2019-жылдың март-апрель айларында резервке босатылсын.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2019-жыл 22-февраль
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги