Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

МӘМЛЕКЕТЛИК МҮЛК ОБЪЕКТЛЕРИНЕН НӘТИЙЖЕЛИ ПАЙДАЛАНЫЎ БОЙЫНША ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

2019-02-19 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетлик мүлк объектлеринен пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў және жеке меншик мүлкти ҳәм исбилерменликти раўажландырыў ушын қосымша шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-октябрьдеги «Мәмлекетлик мүлк объектлерин ҳәм жер участкаларына болған ҳуқықларды исбилерменлик субъектлерине сатыў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-5552-санлы пәрманына муўапық эксперимент тәризинде 444 бос турған мәмлекетлик көшпес мүлк объекти 1 сумға тең нырқтағы басланғыш баҳа бойынша электрон саўда майданшасында аукционға шығарылып, соннан 310 объект 172 миллиард сум инвестиция киргизиў ҳәм 3 536 жаңа жумыс орнын жаратыў шәрти менен 11,2 миллиард сумға сатылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Әдиллик министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-октябрьдеги «Мәмлекетлик мүлк объектлерин ҳәм жер участкаларына болған ҳуқықларды исбилерменлик субъектлерине сатыў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-5552-санлы пәрманында белгиленген мәмлекетлик мүлк объектлерин сатыў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша эксперимент өткериў мүддетин 2020-жыл 1-январьға шекем созыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  3. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы жанындағы «Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги қарамағына өткерилсин ҳәм усы Орайдың шөлкемлестириўшиси сыпатында белгиленсин.
  4. Мәмлекетлик мүлк объектлерин (акциялардан тысқары) сатыў бойынша саўдалар «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында әмелге асырылатуғыны;

2019-жыл 1-июльден баслап мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин ижараға бериў бойынша саўдалар «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасы арқалы әмелге асырылатуғыны;

мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин ижараға бериў ушын электрон саўдаларға шығарыўда олар бойынша ижара төлеминиң ең кем ставкасы объектти баланста сақлаўшылар тәрепинен ижараға бериў мақсетинде көрсетилген жумыс түринен келип шыққан ҳалда көрсетилетуғыны;

«E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасына 1 сумға тең нырқтағы басланғыш баҳа бойынша қойылған мәмлекетлик мүлк объектлери олар толық сатылмағанша саўдалардан алынбайтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

«E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасына 1 сумға тең нырқтағы басланғыш баҳа бойынша инвестициялық миннетлемелер қабыл етиў шәрти менен сатылатуғын мәмлекетлик мүлк объектлериниң дизими 1-қосымшаға муўапық;

белгиленген тәртипте сатылыўы зәрүр болған мәмлекетлик мүлк объектлериниң дизими 2-қосымшаға муўапық;

келешекте нәтийжели пайдаланыў ушын мәмлекетлик уйымларға оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында берилиўи зәрүр болған мәмлекетлик мүлк объектлериниң дизими 3-қосымшаға муўапық;

Мәмлекетлик мүлкти сатыўда тендер саўдаларын өткериў бойынша мәмлекетлик комиссияның (кейинги орынларда – Мәмлекетлик тендер комиссиясы) қурамы 4–қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери бир ай мүддетте:

усы Пәрманның 1- ҳәм 2-қосымшаларында көрсетилген тийисли жер участкаларының, имарат ҳәм объектлериниң кадастр ҳүжжетлери таярланыўын және оларға болған ҳуқықлардың нызамшылықта белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы Пәрманның 3-қосымшасында көрсетилген мәмлекетлик мүлк объектлерин қабыл етиў-тапсырыў жумысларын, сондай-ақ, олардан келешекте нәтийжели пайдаланылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлигиниң:

а) 2019-жыл 1-марттан сондай тәртип орнатылсын, онда егер Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлери ямаса Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети яки Мәмлекетлик тендер комиссиясының қарарлары менен басқаша тәртип орнатылмаған болса, мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери ҳәм мәмлекетлик үлеслер ушын сатып алыў төлемлерин төлеўде саўдалар өткерилген сәнедеги белгиленген ең кем айлық мийнет ҳақы (кейинги орынларда – ЕКМҲ) есеси муғдарында есапланатуғын сатып алыў төлемлери муғдарынан келип шыққан ҳалда, сатып алыў төлемлерин төлеўдиң төмендегише белгиленген мүддетлерин енгизиў:

ЕКМҲның 3 000  есесине шекем – алды-сатты шәртнамасы дүзилген күннен баслап үш айдан көп болмаған мүддетте;

ЕКМҲның 3 000 есесинен жоқары, бирақ ЕКМҲның 7 000 есесинен көп болмағанда – алды-сатты шәртнамасы дүзилген күннен баслап алты айдан көп болмаған мүддетте;

ЕКМҲның 7 000 есесинен жоқары, бирақ ЕКМҲның 15 000 есесинен көп болмағанда – алды-сатты шәртнамасы дүзилген күннен баслап бир жылдан көп болмаған мүддетте;

ЕКМҲның 15 000 есесинен жоқары, бирақ ЕКМҲның 20 000 есесинен көп болмағанда – алды-сатты шәртнамасы дүзилген күннен баслап еки жылдан көп болмаған мүддетте;

ЕКМҲның 20 000 есесинен жоқары болғанда – алды-сатты шәртнамасы дүзилген күннен баслап үш жылдан көп болмаған мүддетте;

б) «Кварц» АЖ устав капиталындағы 20 процентлик мәмлекетлик акциялар пакетин басқышпа-басқыш фонд биржасында екилемши SPO өткериў арқалы, дәслеп 2019-жылдың июнь айында акциялар пакетлериниң 5 процентин сатыўға шығарған ҳалда саўдаға қойыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Мәмлекетлик тендер комиссиясына, бурынғысынан басқа тәризде хожалық жәмийетлериниң устав капиталындағы мәмлекетлик акциялар (үлеслери) пакетлерин алды-сатты шәртнамаларын баҳалы қағазлар саўдалары шөлкемлестириўшилериниң саўда майданшаларынан тысқарыда дизимнен өткерген ҳалда таңлаў өткериў ҳәм тиккелей сөйлесиўлер алып барыў арқалы сатыўға рухсат берилсин.
  2. 1 сумға тең нырқтағы басланғыш баҳа бойынша «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында сатылған мәмлекетлик мүлк объектлерине байланыслы инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелерди қабыл етиў қарыйдар тәрепинен өзине алынған өним (хызметлер) өндиристиң басланыўын ҳәм жаңа жумыс орынлары жаратылыўын нәзерде тутатуғын миннетлемелер орынланғаннан соң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылатуғыны;

еркин алмастырылатуғын валютада сатыў ушын саўдаға шығарылған ҳәм саўдада турған мәмлекетлик акциялар пакетлериниң саўдалардан алыныўы, олардың  миллий валютадағы нырқы анықланған ҳалда қайта баҳаланыўы ҳәм миллий валютада қайта саўдаларға шығарылыўы зәрүр екени;

хожалық жәмийетлериниң устав капиталындағы мәмлекетлик акциялар пакетлери нызамшылықта нәзерде тутылған төлеў мүддетлерин создырыў ҳәм шегирмелер бериў механизмлери қолланылмаған ҳалда сатылатуғыны;

ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың қарарлары бойынша сатылған мәмлекетлик мүлк объектлериниң алды-сатты шәртнамаларын мәжбүрий түрде нотариал тастыйықлаў талап етилмейтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. «Ноль»лик сатыў баҳасында сатыўда, соның ишинде, бурын сатылған мәмлекетлик мүлк объектлери бойынша инвестициялық миннетлемелери орынланған деп қабыл етилген ўақыттан баслап бир жыл даўамында жаңа жумыс орынларын сақлап қалыў тәртиби бийкар етилсин.

11.Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги директорына Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң тийисли мүрәжаты келип түскен күннен баслап он күн мүддетте келисилиўин тәмийинлеген ҳалда, Қаржы министрлиги ҳәм жоқары туратуғын мәпдар мәмлекетлик уйымлардың келисими менен, уйымлық бойсыныўына қарамастан, мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин (меншиклестирилмейтуғын объектлер буған кирмейди) бир мәмлекетлик шөлкемниң қарамағынан басқа бир мәмлекетлик шөлкемниң қарамағына оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийғәрез бериў ҳаққында қарар қабыл етиў;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы (районлар) ҳәкимлерине тийисли район (қала) ҳәкиминиң мүрәжатынан соң еки ай мүддетте баланста сақлаўшылар тәрепинен олардың қарамағындағы аймақта жайласқан, белгиленген тәртипте республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымларына бириктирилген, пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлерин (меншиклестирилмейтуғын объектлер буған кирмейди) ижараға бериў тәмийинленбеген жағдайда, бул объектлерди исбилерменлик жумысын жүргизиў ушын бир жылға шекем болған мүддетке нызамшылықта нәзерде тутылған тәртипте баланста сақлаўшылар ушын ажыратпаларды тийисли жергиликли бюджетке қаратқан ҳалда ижараға бериў ҳаққында қарар қабыл етиў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында сатылатуғын мәмлекетлик мүлк объектлери ҳаққында исбилерменлерди ҳәм халықты турақлы түрде кеңнен хабардар етсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 5-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Саидоваға жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2019-жыл 19-февраль

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться