Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Халықаралық валюта қорының миссиясы Өзбекстанға келди
2019-02-14 | Экономика
Усы жылдың 4-15 февраль күнлери Халықаралық валюта қорының миссиясы техникалық жәрдем бериў шеңберинде Орайлық банкке келди.
Орайлық банктиң мәлим етиўинше, сапар даўамында халықаралық экспертлер Орайлық банктиң пул ҳәм валюта базарындағы операцияларын жетилистириў бойынша өз усынысларын береди.
Сапардан көзленген мақсет – Орайлық банктиң пул-кредит сиясаты инструментлерин ҳәм ишки валюта базарындағы операцияларды жетилистириў, атап айтқанда, банк системасында ликвидлик дәрежесин прогнозластырыў ҳәм оптимал процент коридорын анықлаў усылларын ислеп шығыўда Орайлық банкке жақыннан жәрдем бериў.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги