Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ҚӘНИГЕЛИЕСТИРИЛГЕН ФТИЗИАТРИЯ ҲӘМ ПУЛЬМОНОЛОГИЯ ЖӘРДЕМИН КӨРСЕТИЎ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
2019-02-14 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Республикада халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм туберкулёз инспекциясынан қорғаў, туберкулёз ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлери тарқалыўының алдын алыў, турақлы санитариялық-эпидемиологиялық жағдайды сақлап турыў бойынша анық мақсетке қаратылған жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, экологиялық факторлардың тәсиринде раўажланатуғын дем алыў органлары, әсиресе, созылмалы обструктив өкпе кеселликлерине ушыраған наўқаслар санының артыўы бақланбақта, респиратор паталогияны кеселлик раўажланғанға шекем ерте скрининг етиўши функционал диагнозлаў әмелге асырылмай атыр.
Фтизиатрия ҳәм пульмонология хызметлериниң интеграцияласыўы жеткиликли дәрежеде емеслиги респиратор кеселликлерге заманагөй диагноз қойыў ҳәм оларды емлеў усылларын әмелиятқа нәтийжели енгизиўге мүмкиншилик бермей атыр.
«Фтизиатрия» ҳәм «пульмонология» қәнигелерин таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў системасы заман талапларына жуўап бермейди, нәтийжеде аймақлық мәкемелердиң фтизиохирург, фтизиоуролог, фтизиоортопед, фтизиоофтальмолог, фтизиогинеколог, фтизиопедиатр, сондай-ақ, пульмонолог сыяқлы қәнигели кадрлар менен тәмийинлениўи жеткиликли дәрежеде емеслиги бақланбақта.
Фтизиатрия мәкмелериниң материаллық-техникалық базаларының жеткиликли дәрежеде емеслиги, медициналық үскенелер ҳәм техникалардың жетиспеўшилиги туберкулёз кеселлиги ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлерине шалынған наўқасларға өз ўақтында, толық ҳәм сапалы медициналық жәрдем көрсетиўге кери тәсир етпекте.
Фтизиатрия ҳәм пульмонология жәрдемин көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, елимизде турақлы санитария-эпидемиологиялық жағдайды тәмийинлеў бағдарындағы илажларды күшейтиў және усы система мәкемелериниң ресурс потенциалын беккемлеў мақсетинде:
Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң туберкулёз ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлериниң тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
регионаллық эпидемиологиялық жағдайды турақлы турде таллаў ҳәм мониторингин алып барыў,туберкулёз ҳәм оның дәрилерге шыдамлы түрлерин, өкпениң спецификалық емес кеселликлериниң тарқалыў тенденцияларын прогнозлаў;
туберкулез ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлерин келтирип шығаратуғын қозғатыўшыларды лаборатор диагнозлаў усылларын сапа жағынан буннан былай да жақсылаў;
инновациялық усылларды енгизиў тийкарында туберкулёз ҳәм спецификалық емес өкпе кеселликлериниң алдын алыў бағдарындағы комплексли профилактикалық илажларды әмелге асырыў, туберкулёздиң латент түрлерин, туберкулёзди жуқтырып алыў қәўипи жоқары болған шахсларды, сондай-ақ, туберкулёздиң дәрилерге шыдамлы түрлерине шалынған наўқаслар менен қарым-қатнаста болған шахсларды диагнозлаў ҳәм емлеўди шөлкемлестириў;
туберкулёз ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлерин профилактика етиў, өз ўақтында диагноз қойыўға ҳәм емлеўге қаратылған фундаменталь әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар бойынша илимий-изертлеўлердиң муўапықластырылыўын тәмийинлеў;
бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем дәрежесинде бәршеге сапалы медициналық хызметлерди тәмийинлеген ҳалда туберкулёздиң тарқалыўына қарсы илажлардың АИВ/АИЖСты емлеў, ана ҳәм бала саламатлығын қорғаў бағдарламалары менен интеграциясын шөлкемлестириў.
Төмендегилер:
2019-2021-жылларда туберкулёз ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлериниң тарқалыўына қарсы гүресиўдиң комплексли илажлары (кейинги орынларда – Комплексли илажлар) 1-қосымшаға муўапық;
2020-2021-жылларда фтизиатрия мәкемелериниң имаратларын реконструкциялаў илажлары бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;
2020-2021-жылларда фтизиатрия мәкемелерин заманагөй диагнозлаў ҳәм реанимация үскенелери менен тәмийинлеў илажлары бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық;
2020-2021-жылларда туберкулёзға қарсы санаторияларды заманагөй реабилитациялаў, диагнозлаў ҳәм лаборатория үскенелери менен тәмийинлеў илажлары бағдарламасы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте сырт мәмлекетлер, халықаралық қаржы институтларының жеңилликли кредитлери (қарызлары)н, грантларын усы қарарда тастыйықланған Коплексли илажлардың ҳәм бағдарламалардың орынланыўы ушын тартыў бойынша зәрүр илажларды көрсин.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлигиниң 2019/2020 оқыў жылынан баслап Ташкент медициналық академиясында, кейин ала басқа да медициналық жоқары билимлендириў мәкемелеринде «Пульмонология» қәнигелиги бойынша магистратурада кадрлар таярлаўды басқышпа-басқыш шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
2019/2020 оқыў жылынан баслап «Фтизиатрия» ҳәм «Пульмонология» қәнигелиги бойынша магистратура ҳәм клиникалық ординатурада кадрларды таярлаў тек ғана мәмлекетлик грантлар тийкарында әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
иммунодиагностиканы өткериў мақсетинде 2019-жыл 1-апрельге шекем туберкулёз кеселлигин жуқтырып алыў қәўпи жоқары болған шахслардың тийкарланған контингентин анықласын;
2019-жыл 1-майға шекем Республикалық қәнигелестирилген фтизиатрия ҳәм пульмонология илимий-әмелий медициналық орайы ҳәм оның аймақлық орайларының жаңаланған шөлкемлестириў-штат структурасын «Денсаўлықты сақлаў» тармағы бойынша нәзерде тутылған жыллық бюджет қаржылары шеңберинде тастыйықласын;
2019-жыл 1-майға шекем республика, ўәлаят ҳәм район (қала) дәрежесинде көрсетилетуғын медициналық хызметлердиң көлемин пульмонолог кабинетин үскенелеў стандартларын, қәнигелердиң функционаллық ўазыйпаларын белгилеген ҳалда пульмонология бөлимлериниң жумысын шөлкемлестириўди нәзерде тутауғын пульмонология бағдары бойынша медициналық жәрдем көрсетиў тәртибин тастыйықласын;
2019-жыл 1-июньге шекем Қаржы министрлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усы бәнттиң екинши абзацында көрсетилген шахсларда анықланған латент туберкулёзди диагнозлаў ҳәм емлеў илажларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, бул илажларды қаржыландырыў дәреклерин анықлаў бойынша усыныслар киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги және Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине үш ай мүддетте сапалы диагнозлаў, туберкулёзге қарсы дәри ҳәм индивидуал қорғаныў қуралларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў бойынша усыныслар киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билилмендириў министрлиги менен биргеликте медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў бағдарламаларын ҳәм жүклемелерин сын көзқарастан үйрениўдиң нәтийжелери тийкарында медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниң «Фтизиатрия» кафедраларын «Фтизиатрия ҳәм пульмонология» кафедраларына қайта қәнигелестириў бойынша илажларды әмелге асырсын.
Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-сентябрьге шекем туберкулёз ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлери, сондай-ақ, фтизиатрия мәкемелерин материаллық-техникалық үскенелеўдиң заманагөй клиникалық қолланбасын ҳәм протоколларын, диагноз қойыў ҳәм емлеўдиң сапасына байланыслы стандартларды ислеп шықсын.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Өзбекстан Республикасының ҳәр жылғы Мәмлекетлик бюджети параметрлерин қәлиплестириўде фтизиатрия мәкемелерин иммунодиагностика ҳәм туберкулёзге қарсы дәри қураллар менен тәмийинлеў ушын зәрүр қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутсын.
Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа – усы қарарда белгиленген ўазыйпалардың толық орынланыўы бойынша министрлик ҳәм уйымлардың жумысын нәтийжели муўапықластырыў және оның әмелге асырылыўын турақлы көрип шығыў;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа – усы қарарда белгиленген илажларды толық орынлаў ушын зәрүр қаржыларды өз ўақтында ҳәм толық муғдарда ажыратыў;
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри А.К.Шодмоновқа – усы қарарда белгиленген барлық илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы, фтизиатрия мәкемелери ҳәм туберкулёзға қарсы саноториялар имаратларының өз ўақтында пайдаланыўға тапсырылыўы және заманагөй үскенелер менен тәмийинлениўи бойынша жеке жуўапкер екени көрсетип өтилсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги халықтың арасында туберкулёз ҳәм спецификалық емес өкпе кеселликлериниң алдын алыў, ерте анықлаў, емлеў мәселелери бойынша мәлимлеме-ағартыўшылық жумысларын турақлы түрде әмелге асырсын.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2019-жыл 13-февраль
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги