Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ЖЕТИМ БАЛАЛАРДЫ ҲӘМ АТА-АНАСЫНЫҢ ҚАРАМАҒЫНАН АЙРЫЛҒАН БАЛАЛАРДЫ СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎДЫ КҮШЕЙТИЎГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

2019-02-12 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Соңғы жылларда елимизде социаллық жетимликтиң алдын алыў, халық ҳәм жаслар арасында саламат шаңарақ қурыўға жуўапкершилик пенен қатнас жасаўды үгит-нәсиятлаў, шаңарақлық қәдириятларға руўхый-әдеп-икрамлылық қатнасықларын қәлиплестириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Көрилген илажлар тәрбия мәкемелери ҳәм оларда тәрбияланып атырған жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балалардың санын сезилерли рәўиште азайтыўға жәрдем берди.

Соның менен бирге, балаларды жайластырыўдың шаңарақлық және басқа да альтернатив түрлерин кеңнен енгизиў, әсиресе, оларды тәрбиялаў ушын шаңараққа қабыл етиў (патронат), сондай-ақ, балаларды еркин турмысқа таярлаў ушын қолайлы шаратялар жаратыў бойынша қосымша илажлар көриў талап етилмекте.

Социаллық жетимликти буннан былай да азайтыў, жетим балаларды ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин жетилистириў, олардың жедел социаллық бейимлесиўи ушын кең имканиятлар жаратыў, тәрбия мәкемелериниң жумысын жақсылаў, сондай-ақ, физикалық саламат ҳәм руўхый жақтан жетик әўладты тәрбиялаўда шаңарақтың ролин беккемлеў мақсетинде:

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң:

2019-жыл 1-марттан «Меҳрибанлық» үйлери ҳәм балалар қалашаларының басшы хызметкерлери ҳәм тәрбияшылары, сондай-ақ, барлық түрдеги халық билимлендириў мәкемелери тәрбияшыларының базалық тариф ставкасын 1,5 есеге көбейтиў ҳәм оны улыўма билим бериў мектеплериниң тийисли басшы ҳәм педагог хызметкерлериниң базалық тариф ставкасының 75 проценти  дәрежесинде белгилеў;

2019-жыл 1-октябрьден «Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашаларының басшы хызметкерлери ҳәм жоқары мағлыўматлы тәрбияшыларының және барлық түрдеги халық билимлендириў мәкемелериниң жоқары мағлыўматлы тәрбияшыларының базалық тариф ставкаларының муғдарларын улыўма билимлендириў мектеплериниң тийисли басшы ҳәм педагог хызметкерлериниң базалық тариф ставкаларына теңлестириў, онда айырым пәнлер тереңлестирилип үйретилетуғын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелериниң тәрбияшылары ушын нәзерде тутылған үстемени бийкар етиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

2019-жыл 1-марттан баслап шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) ҳәр бир бала ушын төленетуғын напақа муғдары 1,33 есеге арттырылып, 820 000 сумды қурайтуғыны, кейин ала инфляция көлеминен аз болмаған муғдарда арттырылып барылатуғыны;

2019-жыл 1-октябрьден баслап физикалық ямаса психикалық раўажланыўында кемшилиги болған балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик билимлендириў мәкемелериниң басшы хызметкерлери ҳәм тәрбияшыларына мийнеттиң айрықша шараятлары ушын ҳәр айда төленетуғын үстеме ҳақы лаўазымлық айлығының 75 проценти муғдарында төленетуғыны;

ғамқор ямаса қәўендер уйымлардың хызметкерлерине өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў менен байланыслы транспорт қәрежетлерин қаплаў ушын ҳәр айда 170 000 сум муғдарында  компенсация төленетуғыны, кейин ала инфляция көлеминен аз болмаған муғдарда арттырып барылатуғыны;

балалар үйлериниң, майып балалар ушын «Мүриўбет» интернат үйлери және туберкулёз кеселлигине қарсы балалар санаториясы тәрбияшыларына тийисли категориядағы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тәрбияшылары ушын белгиленген базалық тариф ставкасының муғдарлары қолланылатуғыны;

шаңарақлық балалар үйлериниң тәрбиялаўшы ата-аналарының базалық тариф ставкасы «Меҳрибанлық» үйлериниң тәрбияшылары ушын белгиленген базалық тариф ставкасының еки есеси муғдарында есапланатуғыны, онда мийнеттиң айрықша шараятлары ушын әмелдеги үстеме ҳақы бийкар етилетуғыны ҳәм «Меҳрибанлық» үйлери тәрбияшылары ушын белгиленген ҳәр жылғы дем алыслар, жеңилликлер ҳәм кепилликлер бериў тәртиби сақлап қалынатуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашалары ҳәм балалар үйлерине 1 психолог штат бирлиги, тәрбияланыўшылар саны 200 ден аслам болған «Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашалары ҳәм балалар үйлерине 2 психолог штат бирликлерин киргизсин;

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте 2019-жыл  даўамында «Меҳрибанлық» үйлери ҳәм балалар қалашаларында Өзбекстан Республикасы  Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Халық билимлендириўин раўажландырыў қоры қаржыларының есабынан заманагөй компьютер классларын ашыў, тәрбияланыўшыларды заманагөй компьютер программаластырыў көнликпелерине оқытыўды шөлкемлестириў ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўында жас қәниегелер таярланыўын тәмийинлесин;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, мәпдар минситрликлер, уйымлар Республикалық балалардың социаллық бейимлесиў орайы ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте шаңарақ институтын беккемлеў, социаллық жетимликтиң алдын алыў, сондай-ақ, «Меҳрибанлық» үйлерин  басқышпа-басқыш аз комплектли балалар қалашаларына және социаллық мәкемелердиң басқа да альтернатив түрлерине өткериў мақсетинде 2019-жыл 1-июньге шекемги мүддетте 2019-2023-жылларда «Меҳрибанлық» үйлерин институционалластырыў емес бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы  Министрлер Кабинетине киргизсин;

«Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы, Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңеси, Республикалық балалардың социаллық бейимлесиў орайы менен биргеликте 2019-жыл 1-июньге шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасы  Министрлер Кабинетине балаларды трәбиялаў ушын шаңараққа қабыл етип атырған (патронат) ғамқорлық ҳәм қәўендерликке талабанларды, перзентликке алып атырғанлар ҳәм шаңарақлық балалар үйлериниң тәрбиялаўшыс ата-аналарын таңлаў ҳәм бақлап барыў системасын жетилистириў бойынша усыныслар киргизсин;

Өзбекстан Республикасы  Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Халық билимлендириў министрлиги ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардың «Исеним телефонлары» арқалы жетим балалар ҳәм ата-анасы қарамағынан айрылған балаларға жәрдем көрсетиў системасын шөлкемлестирсин, сондай-ақ, «Меҳрибанлық» үйлеринде ҳәм балалар қалашаларында зәрүр байланыс қураллары менен үскенеленген өз алдына бөлмелер ажыратылыўын, «Исеним телефонлары» үзликсиз ислеўин және олардан тәбияланыўшылардың еркин пайдаланыўын тәмийинлесин.

Жетим балаларды ҳәм ата-анасының тәрбиясынан айрылған балаларды социаллық қорғаўды күшейтиў бойынша «Жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

шаңарақлық ғамқорлық ҳәм қәўендерликтиң  ҳәр қыйлы түрлерин жаратыўға жәрдемлессин;

2019-жыл 1-июньге шекем «Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашалары ҳәм балалар үйлериниң аймақлары ҳәм ханалары видеобақлаў камералары менен үскенелениўин тәмийинлесин, видеожазыўлар арнаўлы архивте кеминде бир ай даўамында сақланыўын нәзерде тутсын.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги «Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашалары ҳәм балалар үйлериндеги видеобақлаў камераларының техникалық сазлығын ҳәм үзликсиз ислеўин, кейин ала оларды Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасында архивлестириўди тәмийинлесин.

Ғамқор ҳәм қәўендер уйымлар, «Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашалары, балалар үйлери және жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балалар ушын басқа да тәрбия мәкемелери:

мәмлекетлик нотариал уйымлары, Мәмлекетлик хызметлер орайлары, ПҲАЖ ҳәм ишки ислер уйымлары, мәмлекетлик медицина ҳәм басқа да мәкемелер арқалы жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды орналастырыў менен байланыслы ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде;

жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды қорғаў мақсетинде судларға арза менен мүрәжат етиўде мәмлекетлик бажы ҳәм басқа да төлемлерден азат етилсин.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте қәрежетлер сметасын қәлиплестириўде Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў министрлигиниң тараўға қәнигелестирилген мәкемелеринде медицина системасының педагогикалық хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў ушын қаржыларды нәзерде тутсын.

тийкарғы жумысынан ажыратылған ҳалда педагог хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў курсларына жиберилген тыңлаўшыларға оқыў дәўиринде тийкарғы жумыс орны бойынша орташа мийнет ҳақы сақланатуғыны белгиленсин.

Төмендегилер ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар қала (район) ҳәкимлери:

«Меҳрибанлық» үйлерине кем тәмийинленген ҳәм көп балалы шаңарақлардың балалары және әке ямаса анадан бирине ийе балаларды ўақытша орналастырыў бойынша қарарлардың тийкарланғаны;

турақ жайға мүтәж сыпатында есапта турған жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларға өз ўақтында турақ жайлар ажыратылыўын нызам ҳүжжетлерине муўапық тәмийинлеў ушын жеке жуўапкер екени көрсетип өтилсин.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларға турақ жайлар ажыратылыўы үстинен қадағалаўды күшейтсин.

Коммерциялық банклерге жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларға, соның ишинде, олардың категориясына киретуғын 18 жастан 23 жасқа шекемги болған шахсларға жас шаңарақлар ушын нәзерде тутылған шәртлерде, көп квартиралы үйлерден квартира сатып алыў мақсетинде жеңилликли ипотекалық кредитлер, сондай-ақ, исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы ушын кредитлер ажыратыў усыныс етилсин.

Жетим балалар ҳәм ата-анасының тәрбиясынан қарамағынан балаларға турақ жай сатып алыў ушын ипотекалық кредиттиң дәслепки төлеми Өзбекстан жаслар аўқамының Раўажландырыў қоры қаржыларының есабынан төлеп берилетуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жетим балалар ҳәм ата-анасының тәрбиясынан айрылған балаларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў, олардың турмыслық ҳәм турақ жай шараятларын жақсылаў мақсетинде, қалаларда ҳәм аўыллық жерлерде арзан көп квартиралы жайларды қурыў параметрлерин қәлиплестириўде 2020-жылдан баслап турақ жайға болған зәрүрликтен келип шығып, жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларға жеңилликли ипотекалық кредит бериў тийкарында сатыў ушын жайлар қурылыўын нәзерде тутсын.
Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары минситрлиги:

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм   Өзбекстан жаслар аўқамы менен биргеликте бир ай мүддетте тәрбия мәкемелерин тамамлаған жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балалардың жумысқа орналастырылыўы үстинен системалы мониторинг механизмлерин орнатсын;

Өзбекстан Республикасының «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы нызамының жаңа редакциядағы жойбарын ислеп шығыўда тәрбия мәкемелерин тамамлаған жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды жумысқа орналастырыў бойынша қосымша кепилликлерди нәзерде тутсын.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан:

«Меҳрибанлық» үйлери ҳәм балалар қалашалары тәрбияланыўшыларын программалаластырыў көнликпелерине үйретиў және мәлимлеме технологиялары тараўында жас қәнигелерди таярлаў мақсетинде олардың Интернет тармағына жалғаныўын ҳәм компьютерлер менен үскенелениўин, бунда 10-11-класс оқыўшыларына «Мәлимлеме коммуникация технологиялары» бағдарында жетекши шөлкемлерде өндирислик әмелият өтеўи ушын шараятлар жаратылыўын;

электрон оқыў, соның ишинде, компьютер программаластырыў ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўындағы материаллардан пайдаланыў мақсетинде «Меҳрибанлық» үйлери ҳәм балалар қалашаларының «ZiyoNET» билимлендириў тармағына жалғаныўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги 2019-жыл 1-апрельге шекем жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан балаларды олардың тутынған ата-аналары турақлы прописка етилген турақ жай майданына турақлы прописка етилиўин тәмийинлеў бойынша усыныслар киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы қарарда нәзерде тутылған тийисли илажларды әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаржылар ажыратсын, сондай-ақ, ҳәр жылы Мәмлкетлик бюджет параметрлеринде усы көрсетилген мақсетлер ушын қаржыларды нәзерде тутсын.
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти                                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2019-жыл 11-февраль

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться