Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан – Ҳиндистан : көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў жолында
2019-01-18 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳиндистан Республикасы Бас министри Нарендра Модидиң мирәт етиўине бола 17-18-январь күнлери усы елде әмелий сапар менен болып, «Ҳәўижли Гужарат – 2019» IX халықаралық инвестициялық саммитине қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы 18-январь күни Гандинагар қаласында «Ҳәўижли Гужарат – 2019» халықаралық саммити шеңберинде Ҳиндистан Республикасы Бас министри Нарендра Моди менен ушырасты.
Бас министр Президентимизди Ҳиндистанға және бир мәрте сапар етиўи менен қызғын қутлықлап, абырайлы Өзбекстан делегациясының саммит жумысына қатнасқаны ушын терең миннетдаршылық билдирди.
Өзбекстан Президентиниң Ҳиндистанға сапары жоқары дәрежедеги сөйлесиўдиң изшил даўамы, сондай-ақ, еллеримиз арасында барған сайын беккемленип атырған дослық ҳәм шериклик қатнасықларының және бир айқын дәлили.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң өткен жылы октябрь айында Ҳиндистанға мәмлекетлик сапарының жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған шәртнамалардың әмелий орынланыўы менен байланыслы мәселелер, сондай-ақ, еки тәреплеме көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң перспективалары көрип шығылды.
Сапар етиўден соң қысқа ўақыт даўамында барлық бағдардағы өз-ара байланыслар жеделлескени атап өтилди.
Өткен ҳәптеде Самарқанд қаласында «Ҳиндистан – Орайлық Азия» сөйлесиўи сыртқы ислер министрлериниң Аўғанстан қатнасыўындағы биринши ушырасыўы болып өтти.
Саўда-экономикалық бирге ислесиў тараўында Ташкентте бирликтеги Исбилерменликти раўажландырыў орайы өз жумысын баслады. Мәмлекетимизде Ҳиндистан санаат конфедерациясының ўәкилханасы ашылыўы нәзерде тутылмақта.
Саммит барысында Гужаратта Өзбекстан – Ҳиндистан исбилерменлер кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.
Ҳиндистанлы шериклер менен Ташкент қаласында алдынғы мәлимлеме технологиялары технопарки, Әндижан ўәлаятында фармацевтика зонасы шөлкемлестирилмекте.
Ҳиндистан Эксимбанки менен Өзбекстанда социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды қаржыландырыў ушын нырқы 200 миллион долларға тең кредит линиясын ажыратыў бойынша келисимге ерисилди.
Жаңа оқыў жылынан баслап елимизде Ҳиндистанның жетекши жоқары оқыў орынлары – Амити ҳәм Шарда университетлери өз жумысын баслайды.
Мәмлекет басшылары мәлимлеме-коммуникация технологиялары, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, зергерлик санааты, аўыл хожалығы, туризм инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм басқа да бағдарлардағы әҳмийетли жойбарлар ҳәм бирге ислесиў бағдарламаларының әмелий орынланыўын жеделлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Мәдений-гуманитарлық алмасыўды буннан былай да кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Ҳиндистан Бас министри Нарендра Моди еки мәмлекет арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди жедел раўажландырыў жолында исенимли екенлигин атап өтти.
Ушырасыў соңында Ҳиндистанға уран жеткерип бериў бойынша қол қойылған узақ мүддетли келисимди өз-ара алмасыў мәресими болып өтти.
Гандинагар қаласындағы «Махатма Мандир» көргизбелер комплексинде «Ҳәўижли Гужарат – 2019» халықаралық инвестициялық саммити болып өтти.
Саммитте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, сондай-ақ, Австралия, Канада, Франция, Япония, Норвегия, Нидерландия, Польша, Корея Республикасы, Дания, Чехия, Мальта, Таиланд, БАӘ сыяқлы еллерден мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, халықаралық шөлкемлер ҳәм трансмиллий корпорациялардың баслықлары, экспертлер қатнасты.
Ири экономикалық әнжуманда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
Гужарат штаты әзелден саўда ҳәм исбилерменликте жетекши аймақ болып келгени, бул саммит әне усы дәстүрлерди даўам еттирип, заманагөй Ҳиндистанның бизнес руўхын көрсетип атырғанын атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Ҳиндистан менен узақ мүддетли стратегиялық шерикликти беккемлеў Өзбекстан сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бири екенин айрықша атап өтип, еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ушын бир қатар усыныслар менен басламаларды алға қойды.
– Бизиң эрамызға шекемги III-II-әсирлерде ҳинд жерин Орайлық Азия менен Уллы Ҳиндистан жолы байланыстырғаны жақсы белгили. Бүгин де Орайлық ҳәм Қубла Азия базарлары арасындағы исенимли саўда ҳәм транспорт коммуникацияларын жаратыў ҳәр қашанғыдан әҳмийетли. Биз Трансаўған темир жолы жойбарын додалап атырмыз. Келешекте бул жол Қубла Азияға, соның ишинде, Чохбаҳор порты арқалы Ҳиндистанға шығыў имканиятын береди, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы мәлимлеме технологиялары, программалық тәмийнат, аўыл хожалығы, қайта тикленетуғын энергия және бул тараўлардың қәнигелерин таярлаў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыўды усыныс етти. Бул бойынша дәслепки ҳәрекетлер басланған.
Инвесторларды Өзбекстанға тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратылатуғыны айрықша атап өтилди.
Өзбекстан, бәринен бурын, химия санааты ҳәм энергетика, фармацевтика, тоқымашылық, былғары-аяқ кийим, туризм тараўларындағы перспективалы жойбарларды әмелге асырыўдан мәпдар.
– Гужараттың үлкен экономикалық потенциалы ҳәм Әндижан ўәлаяты менен шериклик байланысларынан келип шығып, шаҳ Бабур туўылған ҳәм уллы Акбаршаҳ ата-бабаларының Ўатаны болған Әндижанда Өзбекстан – Ҳиндистан регионлары бизнес-форумын быйыл өткериўди усыныс етемиз, – деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз басшысы 2020-жылы Ҳиндистанда «Өзбекстан мәденияты жылы»н және Өзбекстанда «Ҳиндистан мәденияты жылы»н өткериў, быйыл елимизде Өзбекстан – Ҳиндистан Жаслар фестивалын шөлкемлестириўди усыныс етти.
Президентимиз сөзиниң жуўмағында елимиздиң санаат, инвестициялық ҳәм туризм потенциалы, бай тарийхы ҳәм мәденияты ҳаққында танысыў имканиятын беретуғын саммит шеңберинде шөлкемлестирилген Өзбекстан көргизбесине бәршени мирәт етти.
«Ҳәўижли Гужарат – 2019» саммитинде шығып сөйлегенлер бирге ислесиўши еллер арасында өз-ара тәжирийбе ҳәм технология алмасыў, жаңа шериклер ҳәм инвестицияларды тартыў жолларын табыў бойынша өз пикирлерин билдирди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Ҳиндистан Республикасына әмелий сапары жуўмақланды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги