Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Ҳиндистанға келди
2019-01-17 | Сиясат
Аҳмадабад, 17-январь. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Умар АСРОРОВ хабар береди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳиндистан Бас министри Нарендра Модидиң мирәт етиўине бола 17-январь күни әмелий сапар менен Гужарат штаты Аҳмадабод қаласына келди.
Мәмлекетимиз басшысын «Аҳмадабод» халықаралық аэропортында Ҳиндистан Республикасының рәсмий топарларының ўәкиллери күтип алды.
Президентимиз 18-январь күни Гужарат штатының орайы Гандинагар қаласында «Ҳәўижли Гужарат – 2019» IX халықаралық инвестиция саммитине қатнасады.
Бурын хабар етилгениндей, Президентимиз саммиттиң жалпы сессиясында шығып сөйлейди. Сондай-ақ, Бас министр Нарендра Моди менен Өзбекстан – Ҳиндистан бирге ислесиўи, халықаралық ҳәм регионаллық сиясатқа байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша сөйлесиўлер өткереди.
Бас министр Нарендра Модидиң басламасы менен Гандинагар қаласында 2003-жылдан берли өткерилип киятырған «Ҳәўижли Гужарат» саммити региондағы ең ири халықаралық форум есапланады. Онда мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, министрлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм тарнсмиллий корпорациялардың басшылары, жетекши аналитиклер, экспертлер қатнасады.
Президент Шавкат Мирзиёев «Ҳәўижли Гужарат – 2019» халықаралық инвестициялық саммитинде Орайлық Азия мәмлекетлеринен тийкарғы мийман сыпатында қатнасады.
Дәстүрге бола, глобал экономиканы раўажландырыў, саўда тараўындағы шерикликти кеңейтиў, инвестициялар тартыў, алдыңғы технологиялар ҳәм билимлер алмасыўына байланыслы әҳмийетли мәселелер форум қатнасыўшыларының дыққат орайында болады.