Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
СЫРТҚЫ ИСЛЕР МИНИСТРЛЕРИНИҢ БИРИНШИ УШЫРАСЫЎЫ
2019-01-14 | Сиясат
2019-жыл 12-13-январь күнлери Самарқанд қаласындағы Форумлар комплексинде «Ҳиндистан – Орайлық Азия» сөйлесиўи сыртқы ислер министрлериниң Аўғанстан қатнасындағы биринши ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўға Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Камилов ҳәм Ҳиндистан Республикасы сыртқы ислер министри Сушма Свараж басшылық етти.
«Ҳиндистан – Орайлық Азия» форматында өткерилген дәслепки жалпы мәжилиске Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан, Өзбекстан, Ҳиндистан сыртқы сиясат уйымларының басшылары – Шынғыс Айдарбеков, Бейбут Атамқулов, Сирожиддин Муҳриддин, Рашид Мередов, Абдулазиз Камилов, Сушма Свараж еки ҳәм көп тәреплеме форматларда Ҳиндистан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы дослық ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды кеңейтиўге қаратылған кең көлемли мәселелерди додалады.
Илажда өз-ара саўда көлемин арттырыўға жәрдемлесиў, регион еллериниң экономикасына инвестиция, инновация, технологияларды тартыў тараўында бирге ислесиўди беккемлеўдиң перспективалары Орайлық Азия мәмлеккетлериниң транзит ҳәм транспорт-коммуникация потенциалын раўажландырыў, туристлик сапарларды көбейтиў, сондай-ақ, илим, билимлендириў, медицина ҳәм спорт тараўларында қоспа жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Делегациялар басшылары БМШ Бас Ассамблеясының «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» резолюциясын есапқа алған ҳалда, жасларға байланыслы қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша да пикир алысты.
Сөйлесиўдиң өз алдына жалпы мәжилисинде Аўғанстан Ислам Республикасы сыртқы ислер министри Салоҳиддин Раббони басшылғындағы делегация қатнасты. «Ҳиндистан – Орайлық Азия» сөйлесиўи сыртқы ислер министрлери Аўғанстанның бул ушырасыўға қатнасыўын мақуллап, бул елди регион ҳәм жәҳән экономикалық процесслерине тартыўға хызмет ететуғын қоспа инфраструктура, транзит-транспорт, энрегетика ҳәм басқа да жойбарларды әмелге асырыў арқалы Аўғанстанның экономикалық тиклениўине жәрдем бериўге таяр екенин атап өтти.
Тәреплер 2019-жылдың екинши ярымында Ташкентте Аўғанстан бойынша сегизинши регионаллық эколномикалық бирге ислесиў конференциясын (РЕССА VIII) өтикериўге таярлық шеңберинде бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.
Мәжилисте сыртқы ислер министрлери күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди додалап, сөйлесиўге қатнасыўшы мәмлекетлердиң исбилермен топарлары арасындағы байланысларды жеделлестириў, мәдений илажлар, Аўғанстан менен билимлендириў ҳәм илимий- изертлеў жойбарларын әмелге асырыў бойынша үлкен потенциал бар екенине қаратты, бул бағдарда әҳмийетли усыныслар билдирилди. Аўғанстанда турақлылықты тәмийинлеў ҳәм бул елди избе-из раўажландырыў менен байланыслы процесслер буннан кейин де қоллап-қуўатланатуғыны атап өтилди.
Ушырасыўдың жуўмақларына бола Бирликтеги билдириў қабыл етилип, онда сыртқы ислер министрлери дәрежесинде «Ҳиндистан – Орайлық Азия» сөйлесиўи шөлкемлестирилгени мәлим етилди.
Сыртқы ислер министрлериниң бул ушырасыўы сөйлесиў шеңберинде көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў ушын улыўма көз қараслар бар екенинен дәрек береди. Сонлықтан, сыртқы ислер министрлери дәрежесинде сөйлесиўди турақлы даўам еттириўге келисип алынды.
Делегациялар басшылары Ҳиндистан сыртқы ислер министри Сушма Свараждың гезектеги ушырасыўды 2020-жылы Ҳиндистанда өткериў ҳаққындағы усынысын мақуллады.
«Ҳиндистан – Орайлық Азия» сөйлесиўи сыртқы ислер министрлериниң Аўғанстан қатнасыўындағы биринши ушырасыўының жуўмақлары бойынша ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг өткерилди.
Онда Өзбекстан сыртқы ислер министри Абдулазиз Камилов «Ҳиндистан – Орайлық Азия» сөйлесиўи сыртқы сиясат уйымлары басшылары және Аўғанстан сыртқы ислер министри қатнасыўындағы биринши ушырасыў табыслы өткенин атап өтти.
Ҳиндистан сыртқы ислер министри Сушма Свараж бул илаж сөйлесиў қатнасыўшысы болған мәмлекетлер және Аўғанстан арасындағы қатнасықларда жаңа дәўир басланып атырғанын көрсететуғынын атап өтти.
Ҳиндистан, Аўғанстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери тарийхтан бир-бирине жақын, келешеги тамырлас. «Ҳиндистан – Орайлық Азия» сөйлесиўи бул тарийхый тамырласлықтың бүгин де избе-из даўам етиўи кереклигин және бир мәрте тастыйықлады.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги