Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ТИЙКАРҒЫ МАҚСЕТ – ХАЛЫҚТЫҢ ТЫНЫШ ҲӘМ ПАРАХАТ ТУРМЫСЫН ТӘМИЙИНЛЕЎ

2019-01-10 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-январь күни Ташкент қаласы Юнусобод районындағы 7-ишки ислер бөлимине барды.

Мәмлекетимизде тынышлық-татыўлықты беккемлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм жынаятшылықтың ерте алдын алыўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Тараўды жетилистириў мақсетинде кейинги еки жылда 100 ден аслам нызамшылық ҳүжжетлери қабыл етилди.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 14-февральдағы қарарына муўапық, Ташкент қаласында жәмийетлик тәртипти сақлаў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң сапа жағынан жаңа системасы енгизилди. Ишки ислер уйымларының барлық буўынларының структурасы ҳәм ўәкилликли қайта көрип шығылып, пайтахтымызда тәжирийбе тәризинде 73 ишки ислер бөлими шөлкемлестирилди. Хызметкерлердиң 65 проценти халыққа жақын болыўы ушын төменги буўындағы ишки ислер бөлимлерине өткерилди. Олардың тиккелей орынларда нәтийжели хызмет өтеўи ушын мүнәсип социаллық-турмыслық шараят жаратып берилди.

Жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықтың ерте алдын алыў жумыслары кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында шөлкемлестирилип атырғаны нәтийжесинде 2018-жылы улыўма жынаятшылықты азайтыўға ерисилди. «Қәўипсиз қала», «Қәўипсиз туризм», «Қәўипсиз шаңарақ» системаларының енгизилгени, күни-түни патруль хызметиниң жолға қойылғаны нәтийжесинде адамларда әдиллик ҳәм нызам үстинлигине исеним пайда болды.

Ташкент қаласы мысалында көплеген тәжирийбелер сынақтан өткерилди. Атап айтқанда, жәмийетлик орынларда биймезгил жүрген, гүман туўдырған адамлардың шахсын анықлаў, олардың қатнасыўында жүз бериўи мүмкин болған унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде ишки ислер хызметкерлери мәлимлеме-ресурс орайына жалғанған, барлық мағлыўматларды оператив алыў имканиятына ийе планшетлер менен тәмийинленди.

Юнусобод районындағы 7-ишки ислер бөлими де заманагөй система тийкарында шөлкемлестирилген. Оператив нәўбетшилик бөлими, профилактика, тергеў, жынаят-қыдырыў бөлимшелери, ишки миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў топары, психолог жумысы, өрт қәўипсизлиги, тез жәрдем, айрықша жағдайлар ҳәм басқа да хызметлер бир жерге жәмленген. Сондай-ақ, ҳаял-қызлар менен жақыннан ислесиў ушын ҳаял инспекторлардың жумысы жолға қойылған.

Оператив нәўбетшилик бөлиминде аймақты күни-түни қадағалаў имканиятын беретуғын видеобақлаў системасы енгизилген. Бөлим райондағы 7 – Увайсий, Юртобод, Шоштепа, Бободеҳқон, Меҳнатобод, Бебор, Оқтепа мәҳәллелериниң халқына хызмет көрсетеди.

Президентимиз пайтахт ишки ислер уйымларын халыққа және де жақынластырыў мақсетинде шөлкемлестириўшилик-штат структурасын оптималластырыў жойбары менен танысты. Оған бола, ишки ислер уйымларының 86 процентин төменги буўынға өткериў, район ҳәкимлиги, прокуратурасы, салық инспекциясы ҳәм басқа да уйымлар менен бирге ислесиўди кеңейтиў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысты мақуллап, жынаятшылықтың алды алыныўы, буны адамлар сезиўи ушын, бәринен бурын, төменги система беккем болыўы зәрүрлигин атап өтти.

Профилактика жумыслары таллаўға тийкарланыўы керек. Ҳәр бир ҳуқық қорғаў уйымында жынаятшылықтың орны ҳәм түри бойынша терең мағлыўмат болыўы, бул ушын мәмлекетлик уйымлар, жәмийетлик шөлкемлер турақлы бирге ислесиўи зәрүр. Ишки ислер министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, прокуратура – бәршеси халыққа хызмет етиўи керек. Соның менен бирге, жәмийетте де жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық күшли болыўы керек. Орталық сондай болыўы керек, ҳеш ким жынаятқа қол ура алмасын, деди Шавкат Мирзиёев.

Профилактика инспекторларын жумыс нәтийжелилигине қарай хошаметлеў, профессионаллық дәрежесин арттырыў мәселесине итибар қаратылды. Президентимиз профилактика инспекторлары ҳәм олардың орынбасарларын оқытыў, қәнигелигин арттырыў бойынша Ташкент мәмлекетлик юридика университетиниң арнаўлы филиалын шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.

Усы жерде оператив нәўбетшилик бөлиминдеги инновациялық технологиялар, ишки ислер уйымларының өз-ара хабар алмасыўын тәмийинлейтуғын «Минор» бағдарламасы, хызметкерлер хызметин өтеп атырған орын ҳаққында мәлимлемени көрсетиў ҳәм қәўетерли хабарды жибериў ушын мөлшерленген  «UzGPS» системасы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы ишки ислер бөлиминдеги жаңа қәнигелер – психолог, жас өспиримлер ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў бойынша профилактика инспекторлары менен сәўбетлести.

Халық пенен ислесетуғын хызметкерлер психологияны терең билиўи, адамларға жәрдем, меҳир бериўи керек. Жынаятқа қол урған жаслар, ҳаял-қызлардың бәринен бурын машқалаларын үйрениў, турмыслық машқалалары болса, жуўапкер шөлкемлер арқалы жәрдем бериў, руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў зәрүр. Сонда ғана олардың дүнья танымы өзгереди, нәтийже болады, деди Президент.

Шавкат Мирзиёев бул ишки ислер бөлиминдеги паспорт хызмети бөлмесинде болып, биометрикалық паспортларды рәсмийлестириў процеси менен танысты. Жәҳән стандартлары тийкарында шөлкемлестирилген тергеў бөлмесин көзден өткерди.

Ишки миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў топарында аймақтағы жети мәҳәлледе жасайтуғын пуқараларға оператив ҳәм сапалы хызмет көрсетиледи. Пуқаралар ҳүжжет толтырыў, паспорт-виза системасы, ишки ҳәм сыртқы миграция мәселелерине байланыслы барлық сораўларға усы жердиң өзинде жуўап алады, биометрикалық паспортларды рәсмийлестириў электрон гезек арқалы әмелге асырылады.

Ишки ислер бөлими тийкарында шөлкемлестирилген айрықша хызметлерди оператив басқарыўдың бирден-бир системасының жумысы әмелде көрсетип берилди. Бунда «Қутқарыў хызмети –  1050», «Өрт қәўипсизлиги – 101», «Тез медициналық жәрдем – 103»,  «Қорғаў – 102» техника ҳәм әнжамлары көрсетилди. Бул айрықша жағдайларды оператив сапластырыўға хызмет етеди.

Президентимиз жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккемлеў, соның ишинде, Ташкент қаласы ишки ислер бас басқармасына заманагөй вертолётлар ажыратыў бойынша тапсырмалар берди.

Усы күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимиз тынышлығын ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, жынаятшылықтың алдын алыў бағдарындағы алдағы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

 

Бүгинги глобалласыў дәўиринде жаңадан-жаңа қәўип-қәтерлер пайда болмақта, жынаятларды ислеў усыллары менен қураллары, түрлери өзгерип бармақта. Соларды есапқа алған ҳалда мәмлекетимизде кейинги еки жылда бул бағдарда 100 ден аслам нызамшылық ҳүжжетлери қабыл етилди.

Атап айтқанда, ишки ислер структуралары реформаланды. «Қәўипсиз қала», «Қәўипсиз туризм», «Қәўипсиз шаңарақ» системалары енгизилди ҳәм күни-түни патруль хызмети жолға қойылды. Усылардың нәтийжесинде өткен жылы жынаятшылық 33 процентке азайды.

Көрилип атырған илажлар нәтийжесинде пуқараларымызда әдилликке ҳәм нызам үстинлигине исеним пайда болмақта. Бирақ қәтержамлыққа берилиўге ҳеш кимниң ҳақысы жоқ, еле алдымызда исленетуғын жумыслар көп, деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте жынаятшылыққа тыйым салыўды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәселен, Әндижан ўәлаятының дерлик барлық районларында аўыр түрдеги жынаятлар саны артқан. Ўәлаятта ҳаял-қызлар жынаятшылығының салмағы жоқары болып, мәмлекеттеги көрсеткиштиң 8,5 процентин қураған. Қарақалпақстанда жынаятшылық 31 процентке азайған болса да, адам өлтириўшилик жағдайлары көбейген. Наманган ўәлаятында да бул бойынша жағдай қанаатландырарсыз.

Ишки ислер министрлигине жоқарыдағы мәселелер бойынша жағдайды түп-тийкарынан жақсылаў, терең таллаў тийкарында жүзеге келген кемшиликлерди сапластырыў бойынша «Жол картасын» ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.

Хабарыңыз бар, өткен жылы «ислегенди – хошаматлеў, ислемегенди – жазалаў системасы»н енгизген едик. Бүгин оған жуўмақ жасайтуғын ўақыт келди, деди Президент.

Жынаятшылыққа тыйым салыўда ең жоқары нәтийжеге ерискен 10 аймақ – Ширин ҳәм Гүлистан қалалары, Шахрисабз, Янгийўл, Кегейли, Қанлыкөл, Ховос, Сардоба, Миробод, Орта Чирчиқ районларының ишки ислер бөлимлериниң баслықларын материаллық хошаметлеў, керисинше, бул бағдарда көрсеткишлери ең төмен болған 10 аймақ – Нурата, Нишон, Елликқала, Пахтаобод, Дослық, Пахтакор, Избосқан, Бостанлық, Бувайда, Төменги Чирчиқ районларының ишки ислер бөлимлериниң баслықларына жәрийма тәризиндеги интизамий жаза қолланыў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Енди ҳәкимлер де ҳәр күни өз аймағындағы жынаятлар менен байланыслы жағдайды жеке өзи додалап барыўы, сондай-ақ, орынлардағы халық депутатлары Кеңеслери жынаятлар менен байланыслы жағдайды таллап, олардың келип шығыў себеплери ҳәм шараятларын сапластырыўға өз үлесин қосыўы кереклиги атап өтилди.

Мәжилисте ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасын жетилистириў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Бүгинги күнде «Маҳалла посбони» структурасы басшысы лаўазымы орнына профилактика инспекторының жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша жәрдемшиси лаўазымы енгизилип, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша олардың жеке жуўапкершилиги белгилеп қойылды. Келешекте жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге мүнәсип үлес қосқан жәрдемшилерге ишки ислер уйымларының жоқары билимлендириў мәкемелерине квота тийкарында оқыўға кириў ҳуқықы берилиўи мәлим етилди.

Ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм оған қарсы нәтийжели гүресиў бойынша «аймақлар тәжирийбеси»н енгизиў зәрүрлиги атап өтилди. Мәселен, Ташкент қаласында басқыншылық, Ферғанада алдаўшылық, Ташкент ўәлаятында урлық ислеў жынаяты көп исленгенин есапқа алып, оларды профилактика етиў бойынша аймақлық усыллар қәлиплестириў талап етиледи.

Бас прокуратура академиясы, Ишки ислер министрлиги академиясы, Миллий гвардия әскерий-техникалық институтына өз-ара шерикликте криминоген жағдай аўыр болған аймақларда илимий-изертлеў жумыслары өткерип жынаятшылықтың жағдайы өзгериўин криминологиялық прогнозлаў бойынша методикалық қолланба ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Жаслар арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде ишки ислер уйымларында ислейтуғын психолог-педагоглар мектебин жаратыў, жоқары оқыў орынларында психолог кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселеси додаланып, кейинги ўақытта ийис газинен зәҳәрлениў жағдайлары көбейип атырғаны кескин сынға алынды.

Буның тийкарғы себеби ысытыў үскенелериниң саз екенин техникалық тексериўден өткериў ҳәм оңлаў жеткиликли дәрежеде қадағаланбай атыр. Бул жумыс пенен мәмлекетлик емес шөлкем есапланған Өзбекстан өртке қарсы гүресиў жәмийети шуғылланып атыр.

Бас прокуратура ҳәм Әдиллик министрлигине бул жәмийеттиң жумысын жалпыламай тексериўден өткериў ҳәм тараўды жетилистириў бойынша усыныс киргизиў ўазыйпасы қойылды. Бас министрдиң биринши орынбасары, Айрықша жағдайлар министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Қурылыс министрлигиниң жылытыў үскенелери, моры ҳәм басқа да үскенелердиң техникалық жағдайына жуўапкер мәмлекетлик уйымды белгилеў, газ ҳәм көмир тийкарында жылытыўға мөлшерленген имаратлар менен объектлерин ийис газди өлшеў үскенелери менен тәмийинлеў бойынша техникалық регламент ислеп шығыў жүкленди.

Мәжилисте халықтың мүлкине қол қатылмаслығын тәмийинлеў бағдарындағы ўазыйпалар да көрип шығылды. Енди жәмийетлик қәўипсизлик ҳәм жеке мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеўге Ишки ислер министрлиги менен Миллий гвардия теңдей жуўап беретуғыны атап өтилди.

Жазаны орынлаў мәкемелеринде мийнетке жарамлы шахсларды жумыс пенен тәмийинлеў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принципи тийкарында жаңа өндирислерди шөлкемлестириў бойынша да тапсырмалар берилди. Бундай шахсларды кәсипке үйретиў ертең олар тәрепинен қайта жынаятлар ислениўиниң алдын алыўға хызмет етеди.

Видеоселектор мәжилисинде ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлерин оқытыў, олардың кәсиплик шеберлигин ҳәм мәдениятын турақлы арттырып барыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Ҳуқық қорғаў тараўы ушын кадрлар таярлаў системасы ең жаңа қатнасларға тийкарланыўы, олар жеделлик пенен өзгерип атырған заманға ҳәм шараятларға сай болыўы зәрүр. Жас кадрларда сын көзқарастан таллаў, интизам, ҳадаллық, ўатансүйиўшилик, басламашылық, жеке жуўапкершиликти қәлиплестириў керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Ҳуқық қорғаў уйымларына басшы таярлаўда пүткиллей жаңаша механизм енгизиў бойынша тапсырма берилди. Оған муўапық, талабанлар белгили бир мүддет даўамында мақсетли индикаторларға ерисиў шәрти менен лаўазымға тайынланыўы, шәртлер орынланбаған жағдайда шәртнама мүддети создырылмаўы зәрүрлиги белгиленди.

Пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, халықтың барлық қатламларында, әсиресе, жасларда ҳуқықбузарлыққа маўасасызлық қатнасын қәлиплестириў жынаятшылықтың алдын алыўда әҳмийетли фактор болады. Бирақ ҳуқықый үгит-нәсиятлаў көбинесе ескише усыллар, мәжилиспазлық ҳәм үстиртин баянатлардан ибарат болып атырғаны себебинен толық нәтийже бермей атыр. Сонлықтан күни кеше Президент пәрманы менен тастыйықланған Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў концепциясын өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыў ўазыйпасы тапсырылды.

Сын көзқарас руўхында өткен мәжилисте кадрлар мәселеси де көрип шығылды. Өз хызмет ўазыйпасын орынлаўда кемшиликлерге жол қойған көплеген басшылар қатаң ескертилди, айырымлары ийелеп турған лаўазымынан азат етилди.

Видеоселектор мәжилисинде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге жуўапкер мәмлекетлик уйымлар басшыларының есаплары ҳәм усыныслары тыңланды.

 

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться