Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАНҒА ЖЕДЕЛ РЕФОРМАЛАРДЫҢ БАРЫСЫНА САЙ КАДРЛАР КЕРЕК
2018-12-18 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-декабрь күни мәмлекетимизде заманагөй кадрларға зәрүрликти тәмийинлеў, билимли жасларды стратегиялық тараўларға тартыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.
Кейинги жылларда билимлендириў системасын жетилистириў, заманагөй кадрлар таярлаўға қараталған бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Президент қарары менен 2017-2021-жылларда Жоқары билимлендириў системасын комплексли раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилди. Быйыл мәмлекетимизде 13 жаңа жоқары оқыў орны, соның ишинде, сырт ел университетлериниң филиаллары шөлкемлестирилди. Илимлер академиясы ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен жоқары қәнигели кадрлар таярлаў жумыслары басланды.
Әлбетте, бундай итибар жақын келешекте өз нәтийжесин береди. Бирақ барлық тараўларда жедел реформалар алып барылып атырған бир ўақытта елимизге усы пәтке сай алдыңғы кадрлар бүгин де керек.
Ҳәзирги системалы өзгерислер процесинде көпшилик қәнигелердиң буған таяр емеслиги, олардың билими, қәнигелиги ҳәм көнликпеси заман талабына жуўап бермейтуғыны белгили болып қалды.
Мәселен, сырт елде магистратура ҳәм докторантурада оқытыў, қәнигелик арттырыў ҳәм стажировка шөлкемлестириў бойынша дәслепки зәрүрлик 3,5 мыңнан артады. Елимизде халықаралық ҳәм әмелий тәжирийбеге ийе 600 ден аслам ўатанласымызға зәрүрлик бар. 1000 ға жақын сырт елдиң илимпаз ҳәм экспертлерин тартыўға талап бар.
Яғный, бүгин кешиктириўге болмайтуғын, әпиўийы илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрларға зәрүрлик 5 мыңнан асламды шөлкемлестиреди. Егер өндиристеги талап та есапқа алынса, бул цифр кеминде 50-100 есеге артады.
– Бул еле бүгинги зәрүрлик. жақын ҳәм узақ келешектеги экономикалық раўажланыў жағынан алып қарағанымызда бизге қайсы тараў ушын қандай қәниге керек болады? Соны ҳәзирден терең ойлаўымыз, заман талабы, реформалар жеделлигине сай кадрлар тәрбиялаўымыз керек. келешегимиз, ертеңги күнимиз бул мәселени бүгин қалай шешиўимизге байланыслы, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 25-сентябрьдеги пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас жасаў бойынша «Эл-юрт умиди» қоры шөлкемлестирилген еди.
Қорға өзбекстанлы жасларды магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша оқытыў, ҳәр қыйлы тараў қәнигелериниң қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкасын шөлкемлестириў, сырт елдеги ўатанласлар менен турақлы қарым-қатнасты орнатыў, оларды елимизде жүз берип атырған социаллық-экономикалық реформаларға тартыў, сырт елдеги университетлер ҳәм илимий орайлар менен биргеликте жоқары қәнигели кадрлар таярлаўға жәрдем бериў ўазыйпалары жүкленген.
Усы мақсетлерди әмелге асырыў ушын 2019-жылы мәмлекетлик бюджеттен 45 миллиард сум ажыратылыўы режелестирилген. Президентимиздиң көрсетпесине муўапық, бул қаржы буннан былай да көбейтилетуғын болды.
Мәжилисте бул бағдардағы жумысларды дурыс шөлкемлестириў мәселелери додаланды.
Министрлер Кабинетине «Эл-юрт умиди» қоры менен биргеликте барлық министрлик ҳәм уйымлар кесиминде сырт елде кадрлар таярлаў, стажировкасын шөлкемлестириў бойынша «Жол картасын» ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, «Эл-юрт умиди» қорына кадрларды сырт елге жибериў бойынша әҳмийетли бағдарларды анықлаў ҳәм таңлаў жәриялаў бойынша тапсырма берилди.
Қор Сыртқы ислер министрлиги, Жаслар аўқамы менен биргеликте сырт елде үлкен тәжирийбеге ийе болған ўатанласларымыз ҳаққындағы мағлыўматларды қәлиплестирип барыўы, Информация технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги мәмлекетлер ҳәм қәнигеликлер кесиминде ўатанласлар ҳаққында мағлыўматлар реестрин тезирек иске түсириўи зәрүрлиги атап өтилди.
Шавкат Мирзиёев мәмлекетимизге тартылып атырған ҳәр қандай сырт ел инвестициясының мәлим бир бөлегин маман қәнигелер таярлаўға қаратыў керек екенин айрықша атап өтти.
Мәжилисте перспективалы басқарыў кадрларын таңлап алыў, олардың кәсиплик шеберлигин үзиликсиз арттырып барыўға көмеклесиў мәселелери де көрип шығылды.
Өзбекстан республикасы Президентиниң усы жыл 30-майдағы «Перспективалы басқарыў кадрларын таңлаў тийкарында таңлап алыўдың заманагөй системасын жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында министрлик, уйым ҳәм шөлкемлерде басшы кадрларға болған зәрүрликти қаплаў мақсетинде таңлаў өткериў белгиленген еди.
Таңлаўдың дәслепки басқышынан соң 8 мың 334 талапкерден 3 мың 825 кадр кейинги басқышларға усынылды. Жуўмағында 50 жоқары қәнигели қадр таңлап алынды.
Мәмлекетимиз басшысы таңлаўдың финаллық басқышы қатнасыўшыларының қәнигелигин қысқа мүддетли курсларда арттырыў зәрүрлигин атап өтти. Таңлаў жеңимпазларының стажировкасы қайсы раўажланған мәмлекетте, қайсы шөлкем ҳәм қандай өлшемлер тийкарында өткерилетуғынын анық белгилеў бойынша тапсырмалар берди.
Мәжилисте атап өтилген мәселелер бойынша жуўапкер басшылардың мәлимлемеси тыңланды.
Дерек: ӨзА