Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОЛИЙ МАЖЛИСИ СЕНАТЫНЫҢ ОН ЖЕТИНШИ ЖАЛПЫ МӘЖИЛИСИ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

2018-12-13 | Сиясат

2018-жыл 13-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши жалпы мәжилиси жумыс баслады. Жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм орайлық уйымлардың басшылары, елимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Ниғматилла Йўлдошев алып барды.

Жалпы мәжилистиң күн тәртиби тастыйықланғаннан соң сенаторлар көрип шығылып атырған мәселелерди додалаўға киристи.

Парламент ағзалары жумысты Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы Мәмлекетлик бюджет, мәмлекетлик мақсетли қорларының бюджетлери және салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары ҳаққындағы мәселени көрип шығыўдан баслады.

Сенаторлар өз шығып сөйлеўлеринде елимиздиң ендиги жылға мөлшерленген ең әҳмийетли финанслық ҳүжжети 2017-2021-жылларда  Өзбекстан Республикасын  раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасының Салық сиясатын жетилистириў концепциясы ҳаққында»ғы 2018-жыл 29-июньдеги  пәрманында нәзерде тутылған өзгерислер тийкарында ислеп шығылғанын атап өтти.

22-faqat saytga.JPG

13.JPG

2019-жылда Мәмлекетлик бюджеттиң дәраматлары 102,6 триллион сум муғдарында прогноз етилмекте, бул болса 2018-жылға салыстырғанда 38 процентке өсиўди аңлатады. Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң улыўма суммасы 107,1 триллион сумды ямаса усы жылға салыстырғанда 36,4 процентке көбирегин қурады.

Бунда социаллық тараўға Мәмлекетлик бюджеттен жумсалатуғын қәрежетлер 57,8 триллион сумнан артықты ямаса барлық қәрежетлердиң 54 процентин қурады (2018-жылға салыстырғанда өсиў – 34,4 процент). Онда билимлендириўге жумсалатуғын қәрежетлер алдынғы жылға салыстырғанда 25,5 процентке өседи ҳәм 28,4 триллион сумды ямаса барлық қәрежетлердиң  49 процентин қурайды. Денсаўлықты сақлаўға жумсалатуғывн қәрежетлер 2018-жылға салыстырғанда 30,5 процентке өседи ҳәм 12,1 триллион сумды ямаса барлық қәрежетлердиң        11,3 процентин қурайды. Социаллық напақалар, кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем ҳәм компенсациялаў төлеў ушын жумсалатуғын қәрежетлер 5,2 триллион сумды қурайды, бул болса 2018-жылға салыстырғанда 61,8 процкентке көп болып есапланады.

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде қаржыландырыўдың барлық дәреклери есабынан 478 елатлы пунктте жасаў шараятларын жақсылаўға 6,3 триллион сум жибериледи. 2019-жылда Мәмлекетлик бюджет дефицити жалпы ишки өнимге салыстырғанда  1,1 процент муғдарында болыўы прогноз етилмекте.

Өзбекстан Республикасының Салық сиясатын жетилистириў концепциясына муўапық 2019-жылда юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығының ставкасын 14 проценттен 12 процентке шекем, коммерциялық банклер ушын 22 проценттен 20 процентке шекем азайтыў нәзерде тутылмақта. Мийнетке ҳақы төлеў қорына салық жүги де барлық пуқаралар ушын физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының бирден-бир ставкасын 12 процент муғдарында енгизиў арқалы азайтылады, соннан 0,1 проценти жеке жыйнап барылатуғын пенсия есап бетлерине жибериледи. Оннан тысқары, пуқаралардың мийнетке ҳақы төлеў түриндеги дәраматларынан бюджеттен тысқары Пенсия қорына услап қалынатуғын қамсызландырыў төлемлерин бийкар етиў нәзерде тутылған.

Ендиги жылғы Мәмлекетлик бюджетте бюджет тараўы хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасын жетилистириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Кейинги жылларда мийнет ҳақы, пенсиялар, социаллық төлемлер менен стипендияларды ҳәр ярым жылда алдынғы жылдағы инфляция дәрежесинен төмен болмаған муғдарда арттырыў усыныс етилди. 2019-жыл 1-январьдан баслап социаллық напақалардың муғдарын толық суммада белгилеў нәзерде тутылмақта.

Елимиздиң бас финанслық ҳүжжетинде Мәмлекетлик бюджетин режелестириў ҳәм орынлаўды жетилистириў, бюджетлераралық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў және беккемлеў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының  аймақлар салық потенциалын кеңейтиўден, бюджет системасы түрли дәрежедеги бюджетлериниң қаржылық ағымларын бирлестириўден мәпдларлығын арттырыў бойынша анық илажлар белгиленген. Режелестирилген реформалардың әмелге асырылыўы миллий экономиканың турақлылығын, мәмлекет өз ўазыйпаларын табыслы орынлаўын ҳәм елимиздиң избе-из раўажланыўын тәмийинлейди. Додалаўдың жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының «Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы Мәмлекетлик бюджети, мәмлекетлик мақсетли қорларының бюджетлери және салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, сенаторлар «Салық ҳәм бюджет сиясатының 2019-жылғы тийкарғы бағдарларының қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын да көрип шығып, мақуллады.

Соң сенаторлар «Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, нызам Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларын дүзиў, орынлаў, олардың әмел етилиўин тоқтатып турыў ҳәм оларды тамамлаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған. Нызамда Өзбекстан  нызам ҳүжжетлери системасында халықаралық шәртнама статусы, таяныш түсиниклери беккемленбекте, бул тараўдағы терминлер менен тарифлер улыўма тән алынған халықаралық-ҳуқықый ҳүжжетлерге муўапық келтирилмекте, сондай-ақ, халықаралық шәртнамаларды дүзиў процеси анық тәртипке салынбақта.

Нызамда Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнама өзи ушын мәжбүрий екенлигине разылығын билдириўдиң төмендеги усыллары белгиленбекте: халықаралық шәртнамаға қол қойыў, ноталар, хатлар ямаса халықаралық шәртнаманы пайда ететуғын басқа да  ҳүжжетлерди алмасыў, халықаралық шәртнаманы ратификациялаў, тастыйықлаў, қабыл етиў, оған қосылыў.

Нызамда халықаралық шәртнамалардың орынланыўы үстинен мониторинг алып барыў механизмлери белгиленбекте, бул болса заманагөй МКТдан пайдаланған ҳалда бирден-бир электрон мағлыўматлар базасын жаратыў, мәмлекетлик уйымлар тәрепинен ҳәр жылы 31-декабрьге шекем Сыртқы ислер министрлигине халықаралық шәртнамаларды орынлаў ҳаққында мәлимлеме жибериў, халықаралық шәртнамалар орынланыўы жағдайының нәтийжелилигин баҳалаў, олардың тийисли дәрежеде орынланыўын тәмийинлеў бойынша усыныслар таярлаў нәзерде тутылмақта.

Сөзге шыққанлардың атап өткениндей, нызам мәмлекетлик уйымлары жумысларының нәтийжелилигин, олардың жуўапкершилигин ҳәм олар тәрепинен ислеп шығылатуғын ҳүжжетлердиң сапасын арттырыўға тәреплерден келисимлердиң тийисли дәрежеде орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлеўге, сондай-ақ, жүзеге келип атырған мәселелерди өз ўақтында шешиў ушын алдын алатуғын илажларды көриўге, елимиздиң сыртқы сиясатын әмелге асырыўдың тийкарғы қуралларынан бири сыпатында халықаралық бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый базасын байытыў менен жетилистириўге, республикамыз ушын перспективалы болған еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме шәртнамалар дүзиўге, халықаралық ҳуқық улыўма тән алынған нормаларының үстинлигин тәмийинлеўге хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар «Өзбекстан Республикасының Консуллық уставын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын да көрип шықты. Консуллық уставы ГФР, Франция, Уллы Британия, АҚШ, Қубла Корея, ҒМДА еллери сыяқлы сырт еллердиң тәжирийбесин есапқа алған ҳалда ислеп шығылған. Ҳүжжетте сырт елде елимиздиң мәплерин, Өзбекстан Республикасы пуқаралары менен юридикалық шахслардың ҳуқықларын және нызамлы мәплерин қорғаў  бойынша консуллық мәкемелериниң тийкарғы ўазыйпалары беккемленбекте.

Ҳүжжетте пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын және нызамлы мәплерин қорғаў, соның ишинде, консуллық округи аймағында жасаў ушын қәрежетсиз қалған пуқараларға көмеклесиў, сайлаў ҳуқықларына әмелге асырыўда жәрдемлесиў, шахсты тастыйықлайтуғын ҳүжжетти жойытқан көмеклесиў бойынша консуллық функциялары кеңейтилмекте.

Консуллық лаўазымлы шахстың ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм жуўапкершилиги белгиленбекте, оның жумысының нәтийжелилигин баҳалаў өлшемлери енгизилмекте, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда хызметлер көрсетиў, мәселен, виза сораўнамалары, ҳүжжетлерди талап етип алыў ушын арзалар бериў, консуллық есабына алыў сыяқлы хызметлер көрсетиўге байланыслы консуллық функциялары беккемленбекте. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Жәбирлениўшилерди, гүўаларды ҳәм жынаят процесиниң басқа қатнасыўшыларын қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты.

Нызамда қорғалыўшы шахслардың дизими нәзерде тутылмақта, олардың қорғалыўын тәмийинлейтуғын мәмлекетлик уйымларының шеңберлери белгиленбекте. Ҳүжжетке муўапық ишки ислер уйымлары, мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети уйымлары, прокуратура уйымлары, судлар қорғаўды тәмийинлеў ҳаққында қарар қабыл ететуғын уйымлар болып есапланады. Соның менен бирге, ишки ислер уйымлары, мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети уйымлары, әскерий бөлимлер ҳәм Қураллы Күшлер әскерий структураларының жоқары туратуғын сәркардалығы қәўипсизлик илажларын тәмийинлеўи, халықты социаллық қорғайтуғын уйымлар ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын социаллық қорғаў илажларын тәмийинлеўи белгилеп қойылмақта.

Атап өтилиўинше, нызамда қорғалатуғын шахс ҳаққындағы мағлыўматлардың сырлылығын тәмийинлеў, шахсты, турақ жайды ҳәм басқа да мүлкти қорғаў, арнаўлы индивидуал қорғаў қуралларын ҳәм техникалық қуралларды бериў, ўақтыншалық қәўипсиз орынға жайластырыў, басқа жасаў орнына көшириў, жумыс ямаса оқыў орнын өзгертиў, ҳүжжетлерди алмастырыў, қорғалыўшы шахс ҳаққындағы мағлыўматлардан пайдаланыўды шеклеў сыяқлы қәўипсизлик илажлары нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, қорғалыўшы шахслардың жеке ҳәм мүлклик қәўипсизликти тәмийинлеў, социаллық қорғаў илажларын қолланыў, қосымша қәўипсизлик илажларын қолланыў ҳаққындағы арза менен мүрәжат етиў, қорғаўды тәмийинлейтуғын уйымлардың қарарлары менен ҳәрекетлери үстинен жоқары туратуғын уйымға шағым етиў бойынша ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери белгиленбекте.

Соның менен бирге, нызамға бола қорғалыўшы шахслардың қәўипсизлик илажларын тәмийинлейтуғын уйымның нызамлы талапларын орынлаўы, өзине исленген ҳәр бир қәўип-қәтер ямаса нызамға қарсы ҳәрекетлер ҳаққында оларды дәрҳал хабардар етиўи, қәўипсизликти тәмийинлеў ушын өзине берилген мүлкти қәстерлеп сақлаўы, өзине қолланылған қәўипсизлик илажлары ҳаққындағы мағлыўматларды әшкара етпеўи шәрт. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң «Туқымгершилик ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул нызам  туқымгершилик тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў механизмлерин жетилистириўге, туқымды экспорт етиў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға. туқымгершилик тараўында субъектлердиң ҳуқықлары менен миннетлемелерин белгилеўге қаратылған.

Нызамда инвестицияларды тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, инфраструктура ҳәм сервис хызметлерин раўажландырыў, илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў ҳәм жумыстың заманагөй түрлерин енгизиў, туқымлықларды көбейтиўдиң ҳәм олар менен тутыныўшыларды тәмийинлеўдиң нәтийжели системасын жаратыўды нәзерде тутатуғын туқымгершилик тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары белгиленбекте, туқымлықларды ислеп шығарыў, таярлаў, оларға ислеў бериў, оларды сақлаў, пайдаланыў ҳәм реализациялаў мәселелери тәртипке салынбақта. Туқымлық жетистириўшилердиң реестрин жүргизиў тәртиби де белгилеп қойылмақта.

Сенаторлардың пикиринше, нызам туқымгершилик тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў механизмин және де жетилистириўге, туқымлықларды экспорт етиў, туқымлықлардың категорияларын халықаралық категорияларға муўапық белгилеў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға, туқымгершилик тараўындағы субъектлердиң ҳуқықлары менен миннетлемелерин белгилеўге, туқымлықлардың сапасын жақсылаўға хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Оннан соң, сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлериниң күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы көрип  шығылды. Нызамда 26-январь күнин Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик   бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлери күни етип белгилеў нәзерде тутылмақта.

Сенаторлардың атап өтиўинше, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлериниң күнин белгилеў ҳаққындағы нызам бажыхана уйымларына жеке  қурамның мәнаўий-әдеп-икрамлылық ҳәм ағартыўшылық-руўхый тәрбиясын арттырыў имканиятын береди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасы геология тараўы хызметкерлериниң күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы көрип шығылды. Нызам менен апрель айының биринши екшембиси Өзбекстан Республикасы геология тараўы хызметкерлери күни етип белгиленбекте.

Сөзге шыққанлардың атап өткениндей, нызам республика жаслары арасында геология тараўын ғалаба ен жайдырыўға, жоқары қәнигели хызметкерлердиң потенциаллық санын арттырыўға, геологиялық излеў жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға, санаат көлеминде өзлестириў ушын өткерилетуғын жаңа пайдалы қазылмалар кәнлериниң ашылыўын хошаметлеўге, республикалық минерал-шийки зат базасын раўажландырыў жумысына мүнәсип үлес қосқан геологлардың мийнетин хошаметлеўге хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў механизмлерин жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, нызам Өзбекстан Республикасының жынаят, Жынаят-процессуаллық ҳәм Мийнет кодекслерине, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине, «Азық-аўқат өниминиң сапасы ҳәм қәўипсизлиги ҳаққында»ғы, «Реклама ҳаққында»ғы нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутады.

Жынайый ҳәм ҳәкимшилик нызамшылыққа киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар елимиздеги жәмийетлик тәртипти беккемлеў бойынша анық илажлардан ибарат ҳәм тиленшилик пенен шуғылланғаны және өспирим шахсларды, кексе жастағы

шахсларды, руўхый кеселликлери, майыплығы болған шахсларды тиленшилек етиўге тартқанлығы ушын жуўапкершиликти белгилеп қойыўға қаратылған. Өзгерислер мийнет нызамшылығын да шетлеп өтпеди. Жумысқа қабыл етиў тәртиби ҳәм жумыс бериўшиниң усы процесстеги жуўапкершилигине байланыслы айырым нызамлар әпиўайыластырылды.

Атап өтилгениндей, нызам нәрестелер ҳәм балалар, жас өспиримлер, майыплығы болған шахслар және кексе адамлардың қатнасыўында тиленшилик етиў жағдайларының алдын алыўға, жәмийеттиң әдеп-икрамлылық қәдириятларын қорғаўға, энергетикалық ишимликлерди ҳәдден тыс пайдаланыўдың алдын алыўға, сондай-ақ, пуқаралардың денсаўлығын сақлаўға, халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге хызмет етеди.

Буннан соң сенаторлар тәрепинен «Айырым мәмлекетлик уйымлардың жумысының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын додалады. Бул ҳүжжет Өзбекстан Республикасының 17 нызамы менен 6 кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутады. Нызам мәмлекетлик уйымлардың өз алдына қойылған ўазыйпаларды орынлаў ушын және де қолайлы шараят жаратыўға, олардың жумысы үстинен жәмийетшилик қадағалаў механизмин жетилистириўге қаратылған.

Нызам менен «Прокуратура ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик салық хызмети ҳаққында»ғы нызамларға ҳәм Турақ жай кодексине прокуратура уйымларының бюджеттен тысқары қаржылары есабынан прокуратура уйымларын қаржыландырыў ҳәм материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеў имканиятын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте. Мәмлекетлик салық хызмети уйымларының тийкарғы ўазыйпалары қатарынан хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысын тексериў мәселелери бойынша қадағалаў уйымларының жумысын муўапықластырыўды тәмийинлеў, бундай жумысларды орынлаўда тәкирарланыў ҳәм өз мәпи жолында пайдаланыўларға жол қоймаў ўазыйпалары шығарып тасланбақта. Нызамға киргизилген тәртипке бола турақ жай объектиниң мәнзили бойынша турақлы прописка етилген ер жеткен физикалық шахслардың электр тәмийнаты, газ тәмийнаты, суў тәмийнаты ҳәм суўды шығарып жибериў (канализация) хызметлери ушын көрсетилген хызметлерге ҳақы төлеў бойынша миннетлемелер бойынша солидар жуўапкер болады.

«Архив жумысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына Миллий архив қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамына киргизилген архив ҳүжжетлерин қарамғынан шығарыў ямаса универсал ҳуқықый мийрасхорлық тәртибинде ямаса басқа усылда бир шахстан екиши шахсқа өткериў ушын рухсат бериў функцияларын «Өзархив» агентлиги ўәкилликлеринен шығарып таслаўды нәзерде тутағын өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеслериниң тийисли түрде аймақлық әдиллик басқармалары менен районлар (қалалар) әдиллик бөлимлери баслықларының мәлимлемесин тыңлаў және мәлимлемени тыңлаў тәртибин белгилеў ўәкиллигин бериўди нәзерде тутатуғын өзгерислер де киргизилмекте.

Нызамнан әдиллик уйымлары хожалық жүргизиўши субъектлерге шәртнама мәжбүриятларын дүзиўде ҳәм орынлаўда ҳуқықый жәрдем көрсетиўин, сондай-ақ, хожалық шәртнамаларын орынлаў процесин қадағалаўды нәзерде тутатуғын норма шығарып тасланбақта. Сондай тәртип киргизилмекте, оған бола Әдиллик министрлиги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының ҳуқықый экспертизасын басқа түрдеги экспертизаларды өткерип болғаннан соң мәжбүрий түрде әмелге асырады. Тийисли әдиллик уйымларына жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының қарарлары жойбарларын ҳуқықый экспертизадан өткериў ўазыйпалары жүкленбекте.

Нызамшылық палатасына киргизилетуғын нызам жойбарына қосымша етилген ҳүжжетлер дизимине нызам жойбарының ҳуқықый экспертизасының жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң шешими киргизилмекте.

Сондай-ақ, айырым нызамларға сыртқы ислер министрине Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ҳәм консуллық мәкемелериниң ҳәр жылғы қәрежетлериниң жыйналған сметасын ҳәм қәрежетлер сметаларын тастықлаў ҳуқықын бериўди нәзерде тутатуғын өзгерислер де киргизилмекте.

«Бәсеки ҳаққында»ғы нызамға бәсеки ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жәрийма салыў ҳаққында қарарлар қабыл етиўди монополияға қарсы уйымның ўәкилликлеринен шығарыўды ҳәм бәсеки ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы менен байланыслы жумысларды көрип шығыў ўазыйпаларын монополияға қарсы уйымнан тийисли судларға өткериўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

«Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Регламенти ҳаққында»ғы ҳәм «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамлары норма менен толтырылмақта. Оған муўапық Олий Мажлис Сенаты ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлериниң норма дөретиўшилиги жумысы және ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайы ҳаққындағы мәлимлемени тыңлайды. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң Сенат ағзалары «Судларда мәмлекетлик бажыны өндириў механимзлериниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты.

Нызам судларда мәмлекетлик бажыны өндириў механизмлерин жетилистириўге қаратылған және Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутады. Оған муўапық судларға мәмлекетлик бажыны төлеў бойынша әмелдеги 74 жеңилликтен 17 син бийкар етиў, жаңа дүзилген ҳәкимшилик судларға мүрәжат еткенде мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилетуғын шахслар менен уйымлардың дизимин белгилеў, сондай-ақ, пуқаралық ислери бойынша судлар ҳәм экономикалық судлар ушын мәмлекетлик бажыны өндириў объектлерин бирлестириў нәзерде тутылмақта.

Нызам менен енгизилип атырған тәртипке муўапық айырым категориядағы шахсларға талапларды қанаатландырыў толық ямаса бир бөлеги бийкар етилген жайдайда, бул шахслардан судларда мәмлекетлик бажы талаплардың қанаатландырылыўы бийкар етилген муғдарына тең түрде өндириледи. Нызамда белгилениўинше, мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген мәмлекетлик уйымлар менен басқа шахслар тәрепинен юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың мәплерин гөзлеп билдирилген талапларды қанаатландырыў толық ямаса айырым бөлеги бийкар етилген жағдайда, мәмлекетлик бажының мәплери гөзленген шахслардан талаплардың қанаатландырылыўы бийкар етилген муғдарына тең түрде өндириледи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң парламент ағзалары «Экономикалық жынаятларға ҳәм ғалабалық қырғын қуралын тартқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў механизмлериниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты.

Нызам жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыў, терроризмди ҳәм ғалабалық қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин буннан былай да жетилистириў және халықаралық стандартларға муўапықластырыў мақсетинде ислеп шығылды. Ҳүжжетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-майдағы пәрманынан келип шыққан ҳалда Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң тийкарғы ўазыйпалары менен функциялары белгилеп берилген. Өзбекстан Республикасының 19 нызам ҳәм 5 кодексине концептуаллық, техникалық ҳәм анықластырыўшы өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине ҳәм Жынаят кодексине нызамға қайшы түрде валюта қунлылығын алғаны ямаса өткергенлиги ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап өтилгениндей, нызам экономикалық жынаятларға ҳәм ғалабалық қырғын қуралларды тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў тараўындағы профилактикалық илажларының нәтийжелилигин еле де арттырыўға  көмеклеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Кейин сенаторлар «Аўыл хожалығында егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыў механизмин жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты. Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-октябрьдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыў системасын түп- тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына және   2017-жыл 10-октябрьдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын еле де раўажландырыў бойынша шөлкемлестириўшилик илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық нызамы менен «Пуқаралардың өзин-өзин басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы, «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы, «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы, «Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбестан Республикасы нызамларына, Жер кодекси ҳәм Салық кодексине өзгерислер киргизилмекте.

Сенаторлар бул нызам фермер ҳәм дийқан хожалықларының егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыўдан, жәмийетлик қадағалаўдың тәсиршең системасын ҳуқықый тийкарда орнатыўдан жеке мәпдарлығын ҳәм жуўапкершилигин арттырыўға  жәрдемлесиўди атап өтти. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соннан кейин сенаторлар «Фонограмма таярлайтығынлардың мәплерин олардың фонограммалары нызамсыз тәкирарланыўынан қорғаў ҳаққындағы Конвенцияға (Женева, 1971-жыл 29-октябрь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққыында»ғы, «Жер жүзилик интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң авторлық ҳуқықы бойынша шәртнамасына, (Женева, 1996-жыл 20-декабрь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында»ғы, Жер жүзилик интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң атқарыўлар ҳәм фонограммалар бойынша шәртнамасына (Женева, 1996-жыл 20-декабрь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында»ғы,   «Өзбекстан Республикасы менен Тәжикстан Республикасы арасында стратегиялық шериклик ҳаққындағы  Шәртнаманы (Ташкент, 2018-жыл 17-август) ратификациялаў ҳаққында»ғы, «Шанхай бирге ислесиўши шөлкемине ағза мәмлекетлер тәрепинен қоспа аксилтеррор оқыў шынығыўларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы Келисими (Душанбе, 2008-жыл 28-август) ратификация етиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларын көрип шығып, мақуллады.

Оннан кейин сенаторлар Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша Парламент комиссиясы баслығының Комиссия жумысы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлады.

Бүгин Өзбекстанда халықаралық нормалар менен стандартларды миллий нызам ҳүжжетлеринде ҳәм әмелде қолланып көриўде, бул арқалы пуқаралардың конституциялық мийнет ҳуқықлары кепилликлерин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығы атап өтилди.

Олий Мажлис Сенатының  2017-жыл  4-октябрьдеги қарары тийкарында Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша Парламент комиссиясы, аймақларда болса аймақлық комиссиялар жумыс алып бармақта. Өткен дәўир ишинде Парламент комиссиясы тәрепинен белгили жумыслар әмелге асырылды, Өзбекстан тәрепинен ратификацияланған Халықаралық мийнет шөлкемлериниң «Мәжбүрий мийнет ҳаққында»ғы 29-конвенциясы ҳәм «Мәжбүрий мийнетти бийкар етиў ҳаққында»ғы  105-конвенциясы орынланыўы үйренилди.  Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, мәмлекетлик уйымларда мәжбүрий мийнеттиң барлық түрлерин өз ўақтында анықлаў ҳәм жоқ етиў мақсетинде өз-ара байланыстың заманагөй механизмлери енгизилди.

Параламент комиссиясы тәрепинен аймақлық комиссиялар, Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет мәселелери бойынша муўапықластырыўшы кеңеси менен биргеликте Өзбекстан ратификацияланған ХМШниң  14 конвенциясы ҳаққындағы мағлыўматлар сәўлелендирген 8 мыңнан зыят қолланба таярланды. Халықтың, сол қатары, социаллық тараў ўәкиллериниң, кәрханалар, шөлкемлер ҳәм фермер хожалықлары баслықларының ҳуқықый билимлерин арттырыўға қаратылған 100 ден аслам семинар, түрли илажлар, ашық есиклер күни шөлкемлестирилди.  Бул илажларда 12 мыңнан аслам адам қатнасты. Өзбекстанда мәжбүрий мийнетти сапластырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар сырт ел экспертлери тәрепинен унамлы баҳаланып атырғаны атап өтилди. Онда мәжбүрий мийнеттиң ҳәр қандай түрлерине жол қоймаў бойынша парламент ҳәм жәмийетшилик қадағалаў нәтийжелилигин арттырыў зәрүрлигине итибар қаратылды. Додалаў жуўмақлары бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Солай етип Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Поделиться