Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТЕГИ ҚАБЫЛЛАЎ
2018-11-27 | Сиясат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бурынғы Басхаткери Пан Ги Мунның басшылығындағы Қубла Корея ҳүкимети ҳәм социаллық тараў ўәкиллериненибарат делегация ағзаларын қабыллаў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Қубла Корея еллери арасында түрли тараўлардағы қатнасықларға тоқтап өтти.
Атап айтқанда, Президентимиздиң басшылығында Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў, усы аймақта жасап атырған халықтың турмыс шараятларын жақсылаў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери лаўазымында ислеген дәўиринде Пан Ги Мунның усы машқалаларды шешиўдеги мийнетлерин халқымыз жоқары баҳалайды.
Өз гезегинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бурынғы Бас хаткери Пан Ги Мун жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди. Алдағы ўақытлары Арал апатшылығынан жәбир көрип атырған халыққа әмелий жәрдем көрсетиў, түрли тараўлардағы байланысларды буннан былай да раўажландырыўға бар күш-жигерин жумсайтуғынлығын билдирди.
Қубла Корея делегациясының республикамызға сапары даўамында Нөкис қаласында «Аралбойы регионында экологиялық жағдайды жақсылаў мәселелери ҳәм усы процессте корейс диаспорасының әҳмийети» атамасында халықаралық форум өткериў режелестирилген.
Илажда келешекте бирге ислесиў бойынша пайдалы пикир алысыўлар болды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги