Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ТУРИЗМ ТАРАЎЫНДАҒЫ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ФОРУМ БАСЛАНДЫ

2018-11-19 | Туризм

«Өзэкспоорай»да 19-ноябрь күни елимизде туризм санаатын жедел раўажландырыў ҳәм тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыўды хошаметлеўге бағышланған Туризм тараўындағы биринши халықаралық инвестициялық форум ашылды.

Илаж Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетлери тәрепинен елимиздиң Сыртқы ислер, Сыртқы саўда министрликлери ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте өткерилмекте.

Форумда АҚШ, Уллы Британия, Германия, Испания, Италия, Австрия, Бельгия, Россия, Түркия, Қытай, Қубла Корея, Япония, Сингапур, Малайзия, БАӘ, Орайлық Азия мәмлекетлери, Аўғанстан сыяқлы жәми 48 елден 300 ден аслам қатнасыўшы, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер, ири сырт ел компанияларының ўәкиллери қатнаспақта.

Халықаралық форумның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.Абдуҳакимов, Туризм арқалы тынышлық халықаралық институты жанындағы Халықаралық мәсләҳәт кеңесиниң баслығы Т.Рифаи, ЕҚБШның елимиздеги ўәкилханасының басшысы А.Дракинос, Халықаралық қаржы корпорациясының Орайлық Азиядағы регионаллық ўәкилханасының басшысы К.Колберт ҳәм басқалар Өзбекстанның туризм тараўындағы потенциалын жүзеге шығарыўда ҳәм дүнья туризм базарында үгит-нәсиятлаўға қаратылған кең көлемли реформалардың әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Бул форум халықаралық исбилермен топарының ўәкиллерин елимиздиң туризм тараўындағы имканиятлары, экономикалық раўажланыў дәрежеси менен жақыннан таныстырыў, исбилермен товар ўәкиллери ҳәм инвесторлар ушын қолайлы бизнес шараятын жаратыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Илажда БМШ Жәҳән туризм шөлкеми бас хаткериниң орынбасары Хаиме Альберто Кабалдың форум қатнасыўшыларына видеомүрәжаты қойып берилди.

Елимизде туризмди ғалаба ен жайдырыў бойынша өз-ара муўапықластырылған илажларды әмелге асырыў, туризмниң жаңа түрлерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2016-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының турзим тараўын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўы шеңберинде халықаралық  үлгилерге жуўап беретуғын заманагөй инфраструктураны жаратыў жумыслары жедел алып барылмақта.

Бүгинги күнде Өзбекстанда 18 мәмлекет ушын визасыз тәртип, 50 мәмлекет ушын виза алыўдың әпиўайыластырылған тәртиби енгизилген. Транзит пәрўазларды әмелге асырып атырған пуқаралар ушын елимизде болыў имканияты жаратылғаны 101 мәмлекеттен келетуғын туристлердиң ағымын сезилерли арттырыў имканиятын бермекте. Электрон виза системасының иске қосылыўы себепли өткен үш ай даўамында бул хызмет түринен пайдаланғанлар дерлик 20 мыңға жетти.

Нәтийжеде усы жылдың 10 айы даўамында Өзбекстанға келиўши сырт ел туристлериниң саны 4,4 миллионнан артты. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда еки есеге көп дегени. Жыл ақырына шекем туристлердиң саны 5 миллионға жетиўи күтилмекте.

Уллы жипек жолы орайында жайласқан елимиздиң ески қалалары тәкирарланбас тарийхый естеликлери, ҳәр қыйлы үрп-әдет ҳәм дәстүрлерге байлығы менен ажыралып турады. Өзбекстанның регионда қолайлы географиялық аймақта жайласқаны бул сыяқлы әсирлик цивилизация жетискенликлери бойлап туризмди кеңнен ен жайдырыў имканиятын бермекте. Бул елимизде туризм тараўындағы инвестициялық жойбарларды жүзеге шығарыўды әҳмийетли факторы болмақта.

Форумда қатнасыўшыларға исбилерменлердиң инвестиция тараўындағы белсендилигин арттырыў, соның ишинде, туризм тараўындағы исбилерменлерге салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин бериў, лицензиялаў ҳәм сертификатластырыў тәртиби ҳаққында мағлыўматлар берилди.

– Өзбекстанда жеке меншик сектордың туризм санаатындағы қатнасы кеңейип бармақта, – дейди Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының кеңесгөйи, түркиялы Содиқ Бадак. – Олар туризмди раўажландырыў бойынша бир қатар басламалар менен шықпақта. Өзбекстандағы жумысым арқалы мине усы басламаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған аўқамлардың жумысын шөлкемлестириў бойынша жойбарлар үстинде ислемектемиз. Сондай-ақ, Өзбекстанның қоңсы еллер менен жақын дослығы регионда туризмди жедел раўажландырыў, оның ушын зәрүр инфраструктураны ҳәр тәреплеме раўажландырыў имканиятын береди.

Илажда АҚШ, Қубла Корея, Уллы Британия, Нидерландия, Сингапур ҳәм Түркия сыяқлы мәмлекетлердеги ири сырт ел инвестициялық компанияларының елимизде ҳәр қыйлы инфраструктура объектлерин қурыўда бирликтеги жойбарларды ислеп шығыўға қызығыўшылық билдирди.

Халықаралық саўда орайында болып өткен (ITC) форумның сессия мәжилислеринде мийманхана бизнесине инвестиция киргизиў, инвестиция ажыратыў миннетлемелери бойынша қурылма ҳәм имаратлар, жер майданларын бериўди нәзерде тутыўшы жойбар усыныслары додаланды. Транспорт ҳәм логистика бағдарлары, «лоукостер» авиакомпаниялары ҳәм темир жол транспорты, сондай-ақ, елимизде этноаўыллар, тематикалық бағлар қурыў бойынша сырт ел ҳәм жергиликли экспертлердиң баянатлары тыңланды. Туризм тараўында инновациялық технологиялар менен интерактив системаны енгизиў перспективалары бойынша еки тәреплеме ушырасыўлар, сөйлесиўлер болып өтти.

Форумда елимиздиң барлық аймақларынан 500 ден аслам инвестициялық жойбарлар, соның ишинде, «Чорвоқ» еркин туристлик зонасы, «Samarkand city», «Әййемги Бухара», Сурхандәрья ўәлаятындағы киши туристлик аймақлары ҳәм «Olmazor city» және Ташкент қаласының Ферғана жолының жойбарлары көрсетилди.

– Өзбекстанда туризм индустриясын жедел раўажландырыў бойынша кең көлемли реформалар алып барылмақта. – дейди Ҳиндстанның «Cox & Kings Global Services» компаниясы ўәкили Сантану Бҳаттачаря. – Жумысымыз шеңберинде ҳәр қыйлы еллер ушын туризм бойынша усынысларды ислеп шығамыз. Бул процессте инновациялық шешимлер ислеп шығылады. Форум шеңберинде елиңиздиң туризм потенциалы, усынылып атырған хызмет түрлери ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болдық. Бул арқалы Өзбекстанға инвестиция киргизиў, соның ишинде, туризм бизнесин шөлкемлестириў тилегиндеги сырт ел шериклерин тартыўымыз мүмкин.

Илаж қатнасыўшылары «Өзэкспоорай» миллий көргизбелер комплексинде шөлкемлестирилген миллий өнерментшилик өнимлериниң көргизбеси ҳәм ўәлаятлардың туризм имканиятлары менен танысты.

Форум 21-ноябрьге шекем даўам етеди, оның шеңберинде В2В ҳәм B2G форматтағы ушырасыўлар өткериледи. Форум нәтийжелери бойынша елимиздиң тийисли министрликлери менен уйымларының, исбилермен топар ўәкиллериниң сырт ел инвесторлары менен бир қатар тараўларда бирге ислесиўге байланыслы келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте.

 

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться