Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИНИҢ ҚЫРҒЫЗСТАН ПРЕЗИДЕНТИ МЕНЕН ТЕЛЕФОН АРҚАЛЫ СӨЙЛЕСИЎИ ҲАҚҚЫНДА
2018-11-16 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-ноябрь күни Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков пенен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў басында мәмлекетимиз басшысы Қырғызстан Президентин туўылған күнине 60 жыл толыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, ығбал-бахыт ҳәм жаңа табыслар тиледи.
Тәреплер еллеримиз арасындағы туўысқанлық байланыслары, көп әсирлик дослық ҳәм жаңа қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўде кейинги жылларда турақлы унамлы тенденцияның бақланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Еки тәреплеме көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўда Президент Сооронбай Жээнбековтың өткен жыл декабрь айында Өзбекстанға рәсмий сапары әҳмийетли ўақыя болды. Оның жуўмағында әмелий шерикликти кеңейтиў бойынша салмақлы келисимлерге ерисилди.
Сөйлесиўде шерикликти беккемлеў, өз-ара саўда көлемин арттырыў, санаат, энергетика, транспорт ҳәм аўыл хожалығы тараўларында кооперацияны кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.
Тәреплер аймақлараралық бирге ислесиўде бар потенциалды толық жүзеге шығарыў зәрүрлигин атап өтти.
Еллеримиздиң шегара алды аймақлары арасында турақлы өткерилип атырған бирликтеги илажлардың пайдалы нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы жылы март айында Ферғанада Өзбекстан ҳәм Қырғызстанның шегаралас ўәлаятлар басшылары кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.
Мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жеделлести. Өткен айда елимизде Қырғызстан Республикасы мәденияты ҳәм көркем өнери күнлери табыслы өткерилди. Өзбекстанда уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шыңғыс Айтматов туўалған күниниң 90 жыллығы кеңнен белгиленбекте.
Сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды.
Қырғызстан Президенти мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қутлықлаўлар ҳәм тилеклер ушын терең миннетдаршылық билдирди.
Сөйлесиў соңында мәмлекет басшылары туўысқан Өзбекстан ҳәм Қырғызстан халықларының абаданлығы жолында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме кеңейтиў, дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў бағдарындағы умтылысларының исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги