Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев Қоңырат районындағы 90 нан аслам бала тәрбияланып атырған «Wunderkinds in Kungirad» бақшасын барып көрди
2018-11-15 | Сиясат
Мәмлекетимиз басшысының мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыўға қаратып атырған айрықша итибары нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасында да заманагөй балалар бақшалары қурылмақта.
Қоңырат районында мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында шөлкемлестирилген «Wunderkinds in Kungirad» мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси солардың бири болып табылады.
Районда пайдаланылмай турған имарат «ноль»лик баҳада алынып, «Өзсанаатқурылысбанк»тиң жеңилликли кредити есабынан заманагөй түрде реконструкцияланды. Балаларды қызықтыратуғын, дүньяға көзқарасын байытатуғын ойыншықлар менен үскенеленди.
Бақшада 90 нан аслам бала тәрбияланбақта. Олардың жақсы тәлим-тәрбия алыўы, дурыс аўқатланыўы, физикалық шынығыўлар менен шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Балаларға рус, инглис тиллери интерактив усыллар арқалы үйретиледи.
Перзентлеримизди балалығынан баслап саламат, ақыллы етип тәрбияласақ, ертең мектепке билимли жаслар келеди. Оқыўшылар мектепти ҳәр тәреплеме билимли болып питкерсе, институтларымызға илимли, руўхый дүньясы бай жаслар барады, елимиз ушын жақсы кадрлар жетилисип шығады. Соның ушын, мектепке шекемги билимлендириў бәрқулла дыққат орайымызда болыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Президентимиз жуўапкер басшылар ҳәм бақша хызметкерлерине тийисли усынысларын берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги