Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ДЕПУТАТЛАР ЖӘМИЙЕТТИҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНА ХЫЗМЕТ ЕТЕТУҒЫН МӘСЕЛЕЛЕРДИ КӨРИП ШЫҚТЫ

2018-11-09 | Жәмийет

2018-жыл 8-ноябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар мәмлекет турмысының түрли тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Мәжилистиң күн тәртибине киргизилген барлық мәселелер сиясий партиялардың парламент төменги палатасындағы фракциялары ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлар топарының мәжилислеринде дәслепки тәризде додаланған еди.

Мәжилисте депутатлар жумысты «Туқымгершилик ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы жойбарын додалаўдан баслады. Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары елимиз Президентиниң  2018-жыл 27-апрельде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасында туқымгершилик системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында усы тараўды раўажландырыў, сапалы ҳәм зүрәәтли өнимлердиң туқымларын жетистириў жумысларын кеңейтиў, оларды халықаралық базарларда алға қойыўдың ҳуқықый тийкарларын жетилистириў бойынша ислеп шығылған. Ол туқымгершилик тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў механизмин жетилистириў ҳәм туқымлық экспорты ушын қолайлы шараятлар жаратыўды да нәзерде тутады.

Депутатлардың пикиринше, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи аўыл хожалығында туқымгершиликтиң нормативлик-ҳуқықый базасын буннан былай да жетилистириў, тараўға заманагөй инновациялық жойбарларды енгизиў, туқым генафондын сақлаў, туқым жетистиритетуғын ҳәм оны қайта ислейтуғын кәрханалар тармағының нәтийжелилигин және де арттырыў, туқымларды реализациялаў ҳәм экспорт көлемин кеңейтиўге хызмет етеди.

Буннан соң депутатлар «Өзбекстан Республикасының Консуллық уставына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шықты. Ҳәзирде әмел етип турған елимиздиң сырт еллердеги консуллық мәкемелери жумысының ҳуқықый тийкарларын белгилеп беретуғын тийкарғы ҳүжжет-Өзбекстан Республикасы Консуллық уставы 22 жыл бурын, 1996-жыл 29-августта қабыл етилген нызам менен тастыйықланған. Өткен дәўир даўамында миллий нызамшылыққа киргизилген өзгерислер, сондай-ақ, ҳәзирги күнде қәлиплескен әмелият, сырт ел тәжирийбеси ҳәм халықаралық ҳуқық нормаларын инабатқа алған ҳалда, дәўирдиң өзи усы ҳүжжеттиң жетилистирилиўин талап етпекте. Сол мүнәсибет пенен парламент төменги палатасы тәрепинен Өзбекстан Республикасының Консуллық уставы жаңа редакцияда таярланды ҳәм онда консуллық жумысты әмелге асырыўдың, консуллық лаўазымлы шахслардың өз ўақтында ҳәр тәреплеме консуллық-ҳуқықый ҳәм басқа да жәрдем көрсетиў арқалы сырт елдеги пуқараларымыз ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын, нызамлы мәплерин қорғаў бойынша функциялардың ҳуқықый-шөлкемлестириўшилик тийкарлары белгилеп берилмекте. Онда консуллық мәкемелердиң ҳуқықый статусы ҳәм категорияларының анық билдирилгени бул мәкемелердиң өз мойнына жүкленген ўазыйпаларды толық орынлаўына, консуллық лаўазымлы шахслар жумысының нәтийжелилигин тәмийинлеў, жуўапкершилигин ҳәм ислеп шығылып атырған ҳүжжетлердиң сапасын арттырыўға, өз гезегинде елимиздиң мәплерин, пуқараларымыз ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын исенимли қорғаўға ерисиўге хызмет етеди.

Буннан соң төменги палатаның депутатлары тәрепинен нызамшылық басламасы тийкарында киргизилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды.

Атап өтилиўинше, азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша Европа агентлиги (EFSA) таллаўларына муўапық, 18-29 жаста болған жигит ҳәм қызлардың 70 проценти энергетикалық ишимликлерди алкоголь өнимине қосып ишетуғыны белгили болды. Қәнигелердиң атап өтиўинше, бул ишиўшилик алкогольдиң өзинен зәҳәрлениўине қарағанда қәўиплирек. Алынған жуўмақларға муўапық, энергетикалық ишимликлерди турақлы түрде пайдаланыў жас өспиримлерде жүрек услаўының күшейиўине, көриў қәбилетиниң төменлеўи  ҳәм ақылый нуқсанлардың жүзеге келиўине себеп болады.

Депутатлардың пикиринше, усыныс етилип атырған нызам жойбарының қабыл етилиўи әмелдеги нызам ҳүжжетлериндеги бар болған бослықты толтырыў менен бирге, қуўат беретуғын ишимликлерди реклама ҳәм реализациялаў жумыслары үстинен нәтийжели қадағалаў орнатыў механизмлерин қолланыўға көмеклеседи.

Буннан соң депутатлар Өзбекстан Республикасының 2018-жыл 12-апрельдеги «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамын әмелге асырыў бойынша «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалаўға киристи.

Мәжилисте атап өтилгениндей, жәмийетлик қадағалаў жәмийетшилик кеңеслери, комиссиялары ҳәм басқа да шөлкемлестириў структуралары тәрепинен де нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылады. Депутатлардың пикиринше, таллаўлар «Мәмлекет қарамағынан шығарыў ҳәм меншиклестириў ҳаққында»ғы, «Азық-аўқат өниминиң сапасы ҳәм қәўипсизлиги ҳаққында»ғы, «Психиатрия жәрдеми ҳаққында»ғы және «Тоғай ҳаққында»ғы нызамлардың нормалары жәмийетлик қадағалаўдың субъектлери шеңберин шеклеп қойып атырғанын көрсетпекте. Көрилип атырған нызам жойбары менен нызам ҳүжжетлериниң нормалары арасындағы муўапық емесликти сапластырыў мақсетинде жоқарыда келтирилген нызамларға тийисли өзгерислер киргизиў  усыныс етилмекте.

Мәжилисте додаланған және бир ҳүжжет – «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары болды. Бул жойбар Президентимиздиң 2018-жыл 28-марттағы «Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет жумысының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының 17-бәнтинде белгиленген тапсырмаға тийкарланып ислеп шығылған. Оған муўапық, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 107-статьясына карантин жәрияланған зыянкеслерге, өсимликлер кеселликлерине ҳәм жабайы шөплерге қарсы гүресиўдиң санитариялық қағыйдаларын ҳәм басқа да ҳәр қыйлы қағыйдаларды бузыў-пуқараларға ең кем мийнет ҳақының бир есесинен үш есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса, үш есесинен бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыў усынысы киргизилмекте. Кодекстиң 108-статьясына сырт еллерден келтирилип, карантин тексериўинен ҳәм тийисли қайта ислеўден өткерилмеген материалларды тасып шығып кетиў-пуқараларға ең кем мийнет ҳақының еки есесинен бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса, бес есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма салыў усынысы киргизилмекте. Сондай-ақ, мине сондай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында қайта исленсе, ҳуқықбузарлық айғақлы затларын сатып, пуқараларға ең кем мийнет ҳақының бес есесинен жети есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса, жети есесинен он бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыў бойынша қосымша киргизиў нәзерде тутылмақта.

Депутатлар бул нызам жойбарының қабыл етилиўи белгиленген нормаларға әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды күшейтиў, өсимликлердиң карантини бойынша илажларды системалы әмелге асырыў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша илажлар көриў, өсимликлер карантини ҳәм фитосанитариялық талаплардың орынланыўын толық тәмийинлеўге жәрдем береди.

Мәжилисте, сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкиллигине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться