Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан-Европа Аўқамы:парламентлераралық бирге ислесиўдиң жаңа басқышы
2018-11-01 | Сиясат
Ташкентте 1-ноябрь күни «Өзбекстан-Европа Аўқамы» парламентлик бирге ислесиў комитетиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.
Онда Европа парламентиниң депутатлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, елимиздиң ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәи туризм мәселелери комитетиниң баслығы А.Курманов, Европа парламентиниң Орайлық Азия еллери ҳәм Монғолия менен байланыс делегациясының басшысы Ивета Григуле-Петерсе ханым ҳәм басқалар Олий Мажлис пенен Европа парламенти арасындағы қатнасықлар раўажланып атырғанын атап өтти.
Илажда елимиздеги реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў, сыртқы базарларға шығыў менен байланыслы техникалық процесслер, транспорт тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм инфраструктуралық жойбарларды турмысқа енгизиў, экология ҳәм суў ресурсларын басқарыў, аўыллық жерлерди ҳәм экологиялық турақлы аўыл хожалығын раўажландырыў мәселелерине итибар қаратылды.
Халықаралық ҳәм регионаллық қәўипсизликтиң айырым түрлери бойынша пикир алысылды. Терроризм, шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм наркотрафикке қарсы гүресиў, Өзбекстанның Аўғанстанда тынышлық ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыў процесслерин қоллап-қуўатлаў бағдарындағы басламалары ҳаққында сөз болды. Европа делегациясы Аўғанстанды экономикалық тиклеўге қаратылған елимиздиң ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Европа аўқамы Орайлық Азия еллери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў бойынша жаңа стратегияны әмелге асырыўдан мәпдар екени, соның ишинде, Өзбекстан менен қатнасықларды жедел раўажландырыў тек Орайлық Азияның емес, ал басқа мәмлекетлердиң мәплерине де хызмет ететуғыны атап өтилди.
Европа парламентиниң депутатларына Өзбекстанда сиясий ҳәм экономикалық тараўлардағы реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Өзбекстанда жәмийеттиң барлық тараўларын еркинлестириў, демократиялық реформаларды тереңлестириў бағдарында избе-из реформалардың әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Мәжилисте Өзбекстанның Европа аўқамы менен жедел бирге ислесиўи, соның ишинде, парлементаризм тараўындағы қатнасықларды тереңлестириў, әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги