Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Президентимиз метроның Юнусобод бағдары екинши басқышының қурылысы менен танысты
2018-10-26 | Сиясат
Ташкент қаласында халық ушын қолайлы шараятлар жаратыў, сапалы транспорт хызметлерин көрсетиў көлемин кеңейтиў ҳәм дүньяның раўажланған мәмлекетлеринен қалыспайтуғын метрополитен хызметин раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Заманагөй көпирлер, жол өткеллери қурылмақта.
Ҳәзирги ўақытта Ташкент метрополитени, Юнусобод бағдары екинши басқышының қурылыс жумыслары қызғын даўам етпекте. Қурылыс жойбарының улыўма нырқы 124,8 миллион доллар.
Президент Шавкат Мирзиёев усы жыл 9-февраль күни Юнусобод районында болып метрополитенниң қурылысы менен танысқан еди.
Мәмлекетимиз басшысы 26-октябрь күни бул жерге және бир мәрте барып, қурылыс жумысларының барысын көзден өткерди, қурылысшылар менен сөйлести.
Ташкент метрополитени 40 жылдан аслам тарийхқа ийе. Ол 1977-жылы ноябрь айынан турақлы кесте бойынша ҳәрекет ете баслағанын атап өтиў керек.
Ташкент метрополитени жолаўшыларды тасыўдағы қолайлылық ҳәм қәўипсизлик жағынан ең нәтийжели транспорт қуралы болып есапланады.
Юнусобод бағдарында қурылып атырған метро участкасының узынлығы 2,9 километр болып, оны 2019-жылы пайдаланыўға тапсырыў мөлшерленген. Еки – Түркистан ҳәм Юнусобод жаңа метро бәндиргилеринен ибарат.
Ең тийкарғы мәселе пайтахтымыз көшелериндеги тығылыстың алдын алыў. Бунда метро ең қолайлы қурал, деди Шавкат Мирзиёев. Қурылыс жумыслары буннан кейин де системалы даўам еттирилетуғыны атап өтилди.
Ҳәзирги күнде Түркистан ҳәм Юнусобод станциялары және олардың аралығындағы туннельди қурыў жумыслары алып барылмақта.
Бул туннельди жабық усылда қазыў ушын Германиядан «Herrenknecht» компаниясының механизацияласқан комплекси алып келинген. Бул үлкен техника май-сентябрь айлары даўамында жыйналған. Тараў қәнигелери Германияда қәнигелигин арттырып келди. Көпир қурыў трести тәрепинен туннельдиң дийўалларын беккемлейтуғын тюбинглер ислеп шығарыў цехы иске түсирилди.
Ҳәзирги күнде комплекс иске түсирилип, туннель қазыў жумыслары баслап жиберилген. Ол бир суткада 12 метр аралықта қазыў жумысларын алып барыў ҳәм 8 айланба орнатыў имканиятына ийе. Бүгинги күнге шекем 350 айланбаға жететуғын (1 айланба 6 тюбинг жыйындысынан ибарат) конструкциялар резерви жаратылған.
Президентимиз бул техникалық комплексти көзден өткерди. Жуўапкерлерге метро станцияларының сыртқы көриниси ҳәм инфраструктурасы бойынша усыныслар берди.
Транспорт коммуникацияларын қурыўда қаланың келешекте раўажланыўын есапқа алыў, ҳәммеге қолайлы болыўын тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.
Жуўмақлап айтқанда, метроның жаңа бәндиргилери иске түсирилиўи нәтийжесинде пайтахт халқы ҳәм туристлер ушын метрополитен хызметинен пайдаланыў имканияты және де артады. Дүньяның раўажланған мәмлекетлериндеги бар метро транспорты менен бәсекилесе алатуғын заманагөй метрополитен хызмети қәлиплесип барады.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги