Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН-БМШ: РЕФОРМАЛАРДЫҢ ЖАҢА ДӘЎИРИ

2018-10-25 | Жәмийет

Халықаралық пресс-клубтың гезектеги илажы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 73 жыллығына бағышланды. Онда сенаторлар, тийисли министрликлер менен уйымлар, дипломатиялық корпус, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, журналистлер қатнасты.

«Өзбекстан-БМШ: реформаллардың жаңа дәўириндеги тийкарғы ўазыйпалар» атамасында өткерилген илажда инсаният алдында турған әҳмийетли машқалалар, оларға шешим табыўдағы Өзбекстан ҳәм БМШ ның бирге ислесиўи, регион халықларының мәпинен келип шығып әмелге асырылып атырған бағдарлама ҳәм жойбарлардың орынланыўы ҳаққында сөз болды.

БМШтың елимиздеги турақлы муўапықластырыўшысы, БМШ Раўажланыў бағдарламасының турақлы ўәкили Х.Фрейзер, ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы С.Грауманн, Наркотиклер ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының Орайлық Азиядағы регионаллық ўәкили А.Миталл, ЮНФПА қорының елимиздеги ўәкилханасының басшысы М.Ябута ҳәм басқалар Бирлескен Миллетлер Шөлкеми дүньяда тынышлықты ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, түрли миллетлер ҳәм халықлар арасындағы байланысларды беккемлеўде әҳмийетли орын тутатуғынын атап өтти. Өзбекстан дүнья жәмийетшилиги тәрепинен улыўма инсаният мәплерин гөзлеп билдирилген усыныс ҳәм басламаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап киятырғанын атап өтти.

Өзбекстанның басламасы менен дүньяда тынышлықты ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде БМШ жумысына байланыслы әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилген. Бүгинги күнде елимиз турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бағдарында бул структура менен тығыз бирге ислесип келмекте.

Сессия мәжилисинде БМШтың Өзбекстандағы структуралары тәрепинен гендер теңлик, денсаўлықты сақлаў, халықтың бәнтлиги, билимлендириў, нызам үстинлигин тәмийинлеў тараўында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында сөз болды. Регионаллық бирге ислесиў, социаллық қорғаў ҳәм жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, ықлым, қоршаған орталықтың өзгериўине қарсы гүресиў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар талланды.

Дүньяда экономикалық раўажланыў процеси халықтың әззи қатламын социаллық қорғаў менен биргеликте өтиўи керек. Бирлескен Миллетлер Шөлкемине ағза мәмлекетлер тәрепинен тастыйықланған 2030-жылға шекем улыўмалық көзқарас-Турақлы раўажланыў мақсетлеринде мине усы тәреплерге итибар қаратылады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан бул басламаның  белсенди қатнасыўшысы сыпатында оны жүзеге шығарыўдағы ис-ҳәрекетлерде өрнек болмақта. Атап айтқанда, 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққындағы ҳүкимет қарары қабыл етилген.

Илажда «Орайлық Азия регионында тынышлықты, турақлылықты ҳәм избе-из  раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў» резолюциясының турмысқа енгизилиўи ҳаққында мағлыўмат берилди. Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў, Орайлық Азияда турақлылықты беккемлеў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, билимлендириў, илим ҳәм денсаўлықты сақлаў системаларындағы перспективалы бирге ислесиў сыяқлы мәселелер бойынша сораў-жуўаплар болды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться