Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ҒМДАҒА АҒЗА МӘМЛЕКЕТЛЕР ҚОРҒАНЫЎ УЙЫМЛАРЫНЫҢ БАСШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

2018-10-12 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-октябрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Қорғаныў министрлери кеңесиниң гезектеги мәжилисине қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген ҒМДАға ағза мәмлекетлер қорғаныў уйымлары басшыларын қабыл етти.

Ушырасыўға Әзербайжан қорғаныў министри З.Гасанов, Армения қорғаныў министри Д.Тоноян, Беларусь қорғаныў министри А.Равков, Қазақстан қорғаныў министри Н.Ермекбаев, Россия қорғаныў министри С.Шойгу, Тәжикстан қорғаныў министри Ш.Мирзо, Қырғызстан Қураллы Күшлери Бас штабының баслығы Р.Дуйшенбиев ҳәм ҒМДА Қорғаныў министрлери кеңесиниң хаткери Ю.Дашкин қатнасты.

Президентимиз делегациялардың басшыларын қутлықлап, ҒМДА Қорғаныў министрлери кеңесиниң мәжилиси биринши мәрте Ташкентте өткерилип атырғаны елимиздиң Дослық Аўқамы жумысында қатнасыўы жаңа басқышқа көтерилгенинен дәрек екенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өткен жылы Өзбекстан Дослық Аўқамының экономика, энергетика, илим ҳәм инновациялар, жынаятшылыққа қарсы гүресиў сыяқлы тараўларда бирге ислесиў бойынша 10 нан аслам тармақлық уйымларға қосылды.

Ушырасыўда ҒМДА шеңберинде әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўди, соның ишинде, уйымлараралық шерикликти буннан былай да кеңейтиў, еки ҳәм көп тәреплеме илажлар өткериў, профессионал әскерий кадрларды таярлаў мәселелери көрип шығылды.

Халықаралық ҳәм регионаллық сиясат, атап айтқанда, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.

ҒМДА мәмлекетлери қорғаныў уйымларының басшылары Өзбекстан Республикасы Президентине шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирип, өз мәмлекет басшыларының сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди. Өзбестан Қураллы Күшлерин модернизациялаў ҳәм қорғаныў қәбилетин беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң регионда қәўипсизликти, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўге байланыслы басламаларына жоқары баҳа берилди.

Қорғаныў уйымлары арасында тәреплерди қызықтырып атырған мәселелер бойынша конструктивлик ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға таярлық билдирилди.

Ушырасыўдың жуўмағында мәмлекетимиз басшысы ҒМДА Қорғаныў министрлери кеңеси мәжилиси жумысына табыслар тиледи.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться