Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Контракт пулын төлеў мүддети өзгерди
2018-10-08 | Билимлендириў
Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2018-жыл 5-октябрьдеги 11-санлы протоколы тийкарында республикамыздағы жоқары оқыў орынларының бакалавриаты ҳәм магистратурасына 2018-2019-оқыў жылында төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер ушын базалық контракт муғдарының биринши ярымын төлеў мүддети 2018-жылдың 31-октябрине шекем (усы күни де) узайтылды.
Сондай-ақ, 2018-2019-оқыў жылында жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында бакалавриат ҳәм магистратурада оқып атырған екинши ҳәм оннан жоқары курс студентлери ушын төлемли контракт муғдарының биринши ярымын төлеў мүддети 15-ноябрьге шекем узайтыў ҳаққындағы усынысына разылық берилди.
Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги баспасөз хызмети хабар бермекте.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги