Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ИСЛАМ РАЎАЖЛАНЫЎ БАНКИ ПРЕЗИДЕНТИН ҚАБЫЛЛАДЫ
2018-09-20 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-сентябрь күни мәмлекетимизде болып турған Муўапықластырыўшы топардың жетекши араб қорлары делегациясына басшылық етип атырған Ислам раўажланыў банки президенти Бандар Ҳажарды қабыллады.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, Ислам раўажланыў банки менен мәмлекетимизде әҳмийетли социаллық-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық жойбарларды әмелге асырыўда көп жыллық шериклик орнағанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Бүгинги күнде Өзбекстанның ИРБ топары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўи шеңберинде елимизге 1,9 миллиард долларлық жеңилликли кредит қаржылары тартылған болып, олар экономиканың ҳәр қыйлы тармақларына байланыслы жойбарларды өз ишине алады.
Бул жойбарлар жол-транспорт, энергетика ҳәм коммуналлық инфраструктураны модернизациялаў, аўыллық жерлерде турақ жай қурылысы, ишимлик суўы менен тәмийинлеў системасын, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириўди раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў сыяқлы тараўларды қамтып алған.
Сәўбетлесиў ўақтында усы банк пенен әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўдиң перспективалары көрип шығылды.
Аўыл халқының турмыс сапасын жақсылаў, инфраструктураны модернизациялаў, мәмлекетимиз аймақларындағы медицина ҳәм билимлендириў мәкемелерин заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў, исбилерменлердиң басламаларын қоллап-қуўатлаў, олардың экспорт потенциалын, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлеринен пайдаланған ҳалда жүзеге шығарыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Бирге ислесиў ушын потенциал, ең әҳмийетлиси, оны буннан былай да беккемлеўге өз-ара умтылыў бар екени атап өтилди. Күни кеше Ташкент қаласында болып өткен «ИРБ топары күни» шеңберинде Өзбекстан Республикасы ҳәм Ислам раўажланыў банки арасында 2018-2021-жылларға мөлшерленген 1,3 миллиард долларлық шериклик стратегиясына қол қойылғаны буны дәлиллейди.
Президентимиз Ислам раўажланыў банки басшысына жәҳән цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы бабаларымыздың бай руўхый мийрасын үйрениў мақсетинде Самарқандта шөлкемлестирилген Имам Бухарий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайының жумысына көрсетилип атырған жәрдем ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Бандар Ҳажар, өз гезегинде, Өзбекстан Ислам раўажланыў банки топары ушын региондағы тийкарғы шериклерден бири екенин атап өтти.
Мийман Өзбекстанда әмелге асырылап атырған кең көлемли жаңаланыўларға жоқары баҳа берип, ИРБ мәмлекетимиздеги реформаларға ҳәр тәреплеме жәрдемди кеңейтиўге ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге таяр екенин атап өтти.