Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

МӘЛИМЛЕМЕ ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ ҲӘМ КОММУНИКАЦИЯЛАРЫ ТАРАЎЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ЖУМЫСЛАРЫ ТАЛЛАНДЫ

2018-09-19 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-сентябрь күни мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары системасындағы жумысларды таллаў, тараўды жедел раўажландырыў бойынша қосымша илажларды белгилеўге бағышланған мәжилис өткерди.

-Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларының раўажланыўы барлық тараўлардың раўажланыўын тәмийинлейди, адамларға қолайлылық жаратады,-деди Шавкат Мирзиёев.-Жыл басында усы әҳмийетли тараўды раўажландырыў бойынша белгилеп берилген көплеген ўазыйпалардың орынланыўы толық тәмийинленбеди. Тармаққа инвестиция тартыў, хызметлер ҳәм таяр программалық өнимлерди экспорт етиў жағдайы бизди улыўма қанаатландырмайды.

Сонлықтан министрлик басшылығын өзгертиўге мәжбүр болдық. Жаңа министр ҳәм оның орынбасарлары буннан тийисли жуўмақ шығарып, өз жумысларын пүткиллей жаңаша тәризде шөлкемлестириўи тийис. Бар машқалаларды тезден сапластырыў ҳәм тармақты түп-тийкарынан раўажландырыў, тартылып атырған инвестициялар және экспорт көлемин кескин көбейтиў, ең әҳмийетлиси, қысқа дәўирде системада сезилерли унамлы өзгерислерди тәмийинлеў керек, деди Президентимиз.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 19-февральдағы «Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары тараўын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында» ғы пәрманы ҳәм Президент жанындағы мәжилислерде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў қалай әмелге асырылып атырғанлығы талланды. Тараўды жедел раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары тараўына сырт ел инвестицияларын тартыў, тиккелей инвестициялардың қатнасындадағы жойбарлардың үлесин арттырыў зәрүрлиги атап өтилди. Быйылғы жылы кеминде 200 миллион доллар, 2019-жылы болса инвестициялар, әсиресе, тиккелей инвестициялардың көлемин 500 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

«Өзбектелеком» компаниясының абырайын арттырыў, «Өзмобайл» миллий мобиль байланыс операторын раўажландырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Тараўда хызметлерди экспорт етиў жетерли емеслиги, бул көрсеткишти кескин арттырыў, бәринен бурын, программалық тәмийнат жаратыў ҳәм экспорты көбейтиў кереклиги атап өтилди.

Телефон ҳәм интернет пайдаланыўшыларына көрсетилип атырған хызметлер сапасының төменлиги, бар байланыс тармақларының тек ғана 27 проценти оптикалық талшықлы, қалғаны мыс сымлы линиялардан ибарат екени сынға алынды. Интернет тармағына жалғаныў тезлигин арттырыў, байланыс тармақларын толық оптикалық талшыққа алмастырыў бойынша көрсетпелер берилди.

«Электрон ҳүкимет» системасын буннан былай да раўажландырыў, интерактив мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди кескин жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди. Почта байланысы хызметин түп-тийкарынан жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәлимлеме қәўипсизлигин беккемлеў мәселесине итибар қаратылды.

Тараўда кадрлардың жетиспеўшилиги сезилип атырғаны, Ташкент информация технологиялары университети ҳәм оның филиалларында илимий потенциалға ийе педагоглар тек ғана 21 процентти қурайтуғыны көрсетип өтилди. Сол себепли университете оқытыўшылардың илимий потенциалын арттырыў ҳәм илимий-изертлеў жумыслары көлемин кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Сырт ел тәжирийбесин терең үйренген ҳалда, елимизде мәлимлеме-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған 5 жыллық миллий бағдарламаны ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.

Поделиться