Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Экономиканы раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың нәтийжелери талланды
2018-09-13 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-сентябрь күни мәмлекетлик бюджетке түсимлерди көбейтиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды толық орынлаў, 9 ай ҳәм жыл жуўмағы бойынша белгиленген макроэкономикалық көрсеткишлерге ерисиў, пахта-тоқымашылық тараўында кластерлерди енгизиўди жеделлестириў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.
Бүгинги мәжилисимизде елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм мақсетли параметрлерди орынлаўдың жағдайын додалап, және қосымша резервлерди иске қосыў илажларын көриўимиз, жыл жуўмақланыўына 3,5 ай ўақыт болса да, келеси жылдың режелерин ҳәзирден белгилеп алыўымыз керек, деди Шавкат Мирзиёев.
Себеби экономикалық өсим – бул биринши гезекте жаңа кәрханаларды қурыў ҳәм кеңейтиў, жол-транспорт, өндирис ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, инфляция ҳәм баҳаларды қолға алыў және адамларды жумыс пенен тәмийинлеў болып табылады.
Биз бул бағдарда кейинги 2 жыл даўамында жүдә үлкен реформаларды, көплеген ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырдық ҳәм даўам еттирмектемиз. Бул әҳмийетли ўазыйпаларды ҳәм пуқараларымыздың турмысын буннан былай да жақсылаў бойынша жүкленген миннетлемелерди табыслы әмелге асырыўымыз ушын республика ҳәм жергиликли бюджетлерге қосымша дәраматты көбейтиўимиз зәрүр.
Сондай-ақ, экономика тармақларын ҳәм аймақларды раўажландырыў ушын қабыл етилген инвестициялық бағдарламаларды избе-из әмелге асырыўымыз керек.
Экономиканы модернизациялаў ҳәм турақлы раўажландырыў ушын жеткиликли валюта түсимин тәмийинлеў, бул ушын өнимлеримиздиң бәсекиге шыдамлылығын арттырып, олардың экспортын көбейтиўимиз зәрүр. Аўыл хожалығы тараўында заманагөй базар қатнасықларын кеңнен енгизиў мақсетинде пахта-тоқымышалық кластерлерин раўажландырыўға айрықша итибар бериўимиз керек, деди мәмлекетимиз басшысы.
Мәжилисте бул бағдарда әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери талланып, зәрүр илажлар белгилеп алынды.
Президентимиздиң усы жылдың басында берген тапсырмасына бойынша, бюджетке қосымша дәрамат түсириў бойынша резервлер излеп табылып, оларды мобилизациялаў илажлары көрилген еди. Соның нәтийжесинде 8 айда мәмлекетлик бюджетке өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 21 процент көп дәрамат түсирилди. Соның ишинде, жергиликли бюджетлерге түсимлердиң өсими 22 процентти қурады.
Шавкат Мирзиёев қосымша дәраматларды буннан былай да арттырыў имканиятлары бар екенин атап өтип, жуўапкерлерге бул бағдарда анық дәреклер менен илажларды белгилеў бойынша тапсырмалар берди.
Жергиликли ҳәкимликлердиң ықтиярында қалып атырған қосымша дәраматларды нәтийжели ҳәм мақсетли жумсаў мәселесине де итибар қаратылды.
Мәжилисте усы жылдың 9 айы ҳәм жылдың жуўмағы бойынша белгиленген макроэкономикалық көрсеткишлерине ерисиў, баҳа өсиўиниң алдын алыў, инвестицияларды өзлестириў, экспортты кеңейтиў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы мақсетли ҳәм прогноз параметрлерине ерисиўде машқала болған тараўларда жумысларды жеделлестириў, белгиленген көрсеткишлерди тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.
Усы жылы иске түсирилиўи мөлшерленген объектлерди пайдаланыўға тапсырыў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў жағдайы талланды.
Ҳәр бир инвестициялық жойбарды көрип шығыў, изде қалыўшылық болғанларын жеделлестириў, буған тосқынлық етип атырған машқалаларды шешиў, өндиристи тезирек баслаў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, 2019-жылғы инвестициялық бағдарламаның жойбарын қәлиплестириўди жуўмақлаў бойынша көрсетпелер берилди.
Өзбекстан Президентиниң 2018-жыл 11-сентябрьде қабыл етилген «Аймақларда исбилерменлик басламаларды ҳәм жойбарларды жедел әмелге асырыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, енди орынларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды шешиў, оларды жеделлестириў бойынша жумыслар пүткиллей жаңа қатнаслар тийкарында шөлкемлестириледи. Ҳәр бир аймаққа жумысшы топарлар барып, усы жылдың ақырына шекем жойбар усынысларынан баслап, оны әмелге асырыўға шекемги процессте жергиликли ҳәкимликлерге ҳәм белсендилерге жәрдемлеседи.
Мәжилисте бул аймақлық жумысшы топарлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Экспорт мәселеси додаланып, 9 айдың жуўмағы менен экспорт көлеми 2017-жылдың усы дәўирине салыстырағанда 19 процентке артыўы күтилип атырғаны атап өтилди. Президент ҳәр бир экспортшы кәрхана ҳәм экспорт етилетуғын өним түри бойынша жәрдем бериў илажларын ислеп шығыў, оларды әмелге асырыўды тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.
Қайта егислерден күтилип атырған 607 мың тонна экспортқа қолайлы өнимлер, сондай-ақ, сентябрь-октябрь айларында ыссыханаларда жетистирилетуғын овощты экспорт етиў бойынша илажлар белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы базарларда баҳалардың қымбатлаўына жол қоймаў зәрүрлигин атап өтип, 501 мың тоннадан аслам аўыл хожалығы өнимлериниң резервин жаратыў ҳәм оларды қыс-бәҳәр айларында халықтың талабына сай тәризде ишки базарға шығарыў бойынша көрсетпелер берди.
Быйыл 20 районда 164 мың гектар майданда кластер усылында пахта жетистириў жолға қойылып, бул тәжирийбе дәслепки нәтийжелерди бере баслады.
Бурын орайласқан қаржылардың есабынан әмелге асырылған мелиорация ҳәм ирригация жумыслары, аўыл хожалығы техникасын сатып алыў сыяқлы илажлар енди кластерлер өз қаржыларының есабынан иске асылылмақта. Тамшылатып ҳәм пластик қубырлар арқалы суўғарыўда да кластерлер алдында.
Ең әҳмийетлиси, кластерлердеги пахта зүрәәтлилиги басқа фермер хожалықларына қарағанда 5-10 центнер жоқары болыўы күтилмекте.
Өзин ақлап атырған бул системаны буннан былай да кеңейтиў мақсетинде келип түскен усыныслар көрип шығылып қуўатлықлары ҳәм қаржы имканиятлары бар болған 44 инта көрсетиўши таңлап алынды. 2019-жылы 61 кластер тәрепинен жәми пахта майданларының 51 процентинде пахта жетистириў режелестирилмекте.
Келешекте пахта жетистиретуғын 133 районнан 70и толық кластер системасына өтеди. Жаңадан шөлкемлестирилип атырған кластерлер тәрепинен 41 кәрхана шөлкемлестирилип, 23 мыңға шамалас жумыс орны жаратылды.
Жаңа қуўатлықларды шөлкемлестириў ҳәм кластерлердиң жумысын жолға қойыўдың нәтийжесинде, 2019-жылы ислеп шығарылып атырған пахта талшығының 78 проценти өзимизде қайта исленеди. Бул 2017-жылға салыстырғанда 2 есеге көп дегени. 2020-жылға барып, пахта талшығын толық қайта ислеўге өтиледи. Таяр өнимлерди ислеп шығарыўдың үлеси 40 проценттен кеминде 60 процентке жеткериледи.
Соның ушын кластерлердиң жумысына ҳәр тәреплеме жәрдем бериўимиз зәрүр. Пахташылықта аўыл хожалығының келешеги, оның экономикалық нәтийжелилиги кластерлер менен байланыслы. Кластерлер аграр тараўды жедел раўажландырыўдың локомотиви болыўы керек, деди Шавкат Мирзиёев.
Быйыл пахта-тоқымашылық кластерлерине берилген барлық жеңилликлерди кейинги жылларда шөлкемлестирилетуғын кластерлерге де енгизиў, кластерлер жумысын буннан былай да кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
2019-2023-жылларда аўыл хожалығында тамшылатып суўғарыў системасын басқышпа-басқыш енгизиў бағдарламасын ислеп шығыў, тараўға халықаралық финанс шөлкемлериниң жеңилликли кредитлерин тартыў бойынша тапсырмалар берилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги