Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ПРЕЗИДЕНТ БЕКАБАДТЫ БУННАН БЫЛАЙ ДА АБАТ ЕТИЎ БОЙЫНША ЗӘРҮР ТАПСЫРМАЛАР БЕРДИ

2018-08-29 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 29-август күни Ташкент ўәлаяты Бекабад қаласына барып, «Өзбекстан металлургия комбинаты» акционерлик жәмийетиниң жумысы менен танысты.

Елимиздиң ең ири өндирислик объектлеринен бири болған усы комбинатта қара металл бөлеклери ҳәм шығындылары қайта исленип, сырланған ыдыслар ҳәм басқа да халықтың тутыныў өнимлери ислеп шығарылады.

Президентимиздиң  2018-жыл 9-январьдағы «2018-2020-жыллары «Өзметкомбинат» АЖны раўажланыдырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде комбинатта үлкен көлемдеги экономикалық жойбарлар әмелге асырылып, жақсы нәтийже бермекте.

Ферроеритпелерди ислеп шығарыў цехы солардан бири болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы жойбар баҳасы  60 миллион доллар болған, заманагөй, энергия үнемлейтуғын ҳәм алдыңғы технологиялар менен үскенеленген бул цехты салтанатлы түрде иске қосты.

Илажға кәрхана жумысшылары, тараў жуўапкерлери, сырт ел инвесторлары қатнасты.

Ҳәр бир қарыс жерден үнемли пайдаланыў, қосымша өндирислик объектлерди қурыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў керек, деди Президентимиз.

Қубла Кореяның «Posco Daewoo» компаниясы менен биргеликте қурылған цехта жылына 25 мың тонна ферросилиций ҳәм ферросиликомарганец еритпелери ислеп шығарылады. Бул металл өнимлер таярлайтуғын тармақлардың талабын толық қанаатландырыў менен бирге, жылына орташа 8 мың тонна ферроеритпени экспорт етиў ҳәм 12 миллион доллар муғдарындағы валюта түсимин тәмийинлеў, импортты қысқартыў имканиятын жаратады. Бул жерде  300 ден аслам жигит-қыз жумыс пенен тәмийинленеди.

Президентимиз қуйыў-прокатлаў комплексин қурыў жойбарын әмелге асырыўды баслаў ушын тырнағын қалады.

Бул жойбардың улыўма баҳасы 452 миллион доллар болып, 400 ден аслам жаңа жумыс орынлары шөлкемлестириледи. Жойбар 2020-жылда толық иске қосылып, жылына 1 миллион тонна  2-12 миллиметр қалыңлықтағы қосымша полат лист өнимин ислеп шығарыў имканияты жаратылады.

Нәтийжеде полат листлердиң импорты азаяды. Жылына 350 миллион доллар валюта үнемленеди. Сондай-ақ, жаңа қурылып атырған Ташкент металлургия заводының тийкарғы шийки заты болған ыссы жағдайда прокатланған листлерге болған 500 мың тонна жыллық талап толық қапланады. Қуйыў-прокат комплексиниң қурылысы Италияның «Даниели» компаниясы тәрепинен әмелге асырылады.

Шавкат Мирзиёев комбинаттың жумысшы-хызметкерлери менен сәўбетлести. Олардың нәтийжели мийнет ислеўи ҳәм дем алыўы ушын жаратылған шараятлар менен қызықты.

Ташкент ўәлаятының инвестициялық потенциалы, социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде 2018-2019-жыллары әмелге асырылатуғын жойбарлар менен танысты.

Жойбарларды буннан былай да жетилистириў бойынша жуўапкер адамларға тийисли тапсырмалар берилди.

Мәмлекет басшысының Ташкент ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться