Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

АЗИЯ ОЙЫНЛАРЫ ҚЫЗҒЫНЛЫ ӨТПЕКТЕ

2018-08-28 | Спорт

Индонезияның Жакарта ҳәм Палембанг қалаларында өткерилип атырған XVIII жазғы Азия ойынларында Өзбекстан делегациясы табыслы қатнаспақта.

Жарыстың каратэ беллесиўлеринде салмағы 50 килограммға шекемги қызлар арасында елимиз абырайын қорғаған Баҳринисо Бобоева финальға шекем Филиппин, БАӘ ҳәм Таиланд спортшыларын жеңип гүмис медальды қолға киргизди.

Көркем гимнастика беллесиўлериниң командалық беллесиўлеринде Сабина Тошкенбаева, Нуриниссо Усмонова, Дилдора Раҳматова ҳәм Асал Икромовадан қуралған сайланды командамыз улыўмалық есапта 155,3 балл менен пьедесталдың екинши текшесинен орын алды.

Аўыр атлетика беллесиўинде салмағы 105 килограммнан артық болған спортшылар арасында тас көтерген жерлесимиз Рустам Жангабаев дәс көтериўде 203, силтеп көтериўде болса 252, улыўмалық есапта 455 килограмм нәтийже менен бронза медалына ийе болды.

Боксшыларымыз – Ҳасанбой Дўсматов, Иқболжон Холдоров, Жасур Латипов, Шунқор Абдурасулов, Бобо Усмон Ботуров, Миразизбек Мирзахалилов ҳәм Исроил Мадримов шерек финальға жол алды.

Өзбекстан делегациясының 27-август жағдайына бола, 6 алтын, 13 гүмис, 12 бронза, жәми 31 медаль менен улыўма командалық есапта 11-орында бармақта.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться