Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ ГУРБАНГУЛЫ БЕРДИМУҲАМЕДОВ ПЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРДИ

2018-08-24 | Сиясат

Бүгинги күни Өзбекстан – Түркменстан қатнасықлары жоқары пәтлер менен раўажланбақта. Бунда бәринен бурын, еки мәмлекет басшыларының шын жүректен дослығы, өз-ара исеними ҳәм қоллап-қуўатлаўы айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың турақлылыққа ийе болғаны мәмлекетлераралық қатнасықлардың жоқары дәрежеде екенин дәлиллейди. Соның ишинде, Түркменстан басшысының усы жыл апрель айында Өзбекстанға мәмлекетлик сапары еллеримиз арасындағы бирге ислесиўге жаңа пәт бағышлады.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан басшыларының бул ушырасыўы өз-ара пайдалы, нәтийжели ҳәм жедел сөйлесиўлердиң логикалық даўамы болды.

Гурбангулы Бердимуҳамедов мәмлекетимиз басшысын Түркменстанға сапары менен қутлықлап, Аралды қутқарыў халықаралық қорының шөлкемлестириўши мәмлекетлери басшылары саммити де еки тәреплеме және көп тәреплеме бирге ислесиўди додалаў ушын қолайлы имканият екенин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев Түркменстанның Аралды қутқарыў халықаралық қорына басшылығы дәўиринде әмелге асырылып атырған басламаларын жоқары баҳалап, Өзбекстан менен Түркменстанның бул бағдардағы жойбарлары ҳәм ҳәрекетлери бирин-бири толықтыратуғынын атап өтти.

Ушырасыўда еллеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Түркменстан Президентиниң апрель айында Өзбекстанға мәмлекетлик сапары көп қырлы байланысларды сапалы жаңа басқышқа алып шыққаны атап өтилди.

Сөйлесиўде бурын ерисилген келисимлердиң орынланыўына итибар қаратылды. Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў, сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, санаат, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться