Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ТҮРКМЕНСТАНҒА КЕЛДИ
2018-08-24 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Аралды қутқарыў халықаралық қоры шөлкемлестириўши мәмлекетлери басшылары кеңесиниң мәжилисине қатнасыў ушын Түркменстан қаласына келди.
Түркменбашы халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Э.Оразгелдиев басшылығындағы рәсмий шахслар күтип алды.
Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Түркменстан, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан Президентлери қаладағы «Аваза» туристлик орайында Аралды қутқарыў халықаралық қоры шөлкемлестириўши мәмлекетлери басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасады.
Саммитте мәмлекет басшылары глобаллық ықлым өзгериси шараятында Арал теңизиниң экологиялық жағдайын жақсылаўда Орайлық Азия еллери бирге ислесиўиниң әҳмийетли мәселелерин көрип шығады.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги