Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗ-АРА САЎДА АЙЛАНЫСЫ ЖЫЛЫНА 1 МИЛЛИАРД ДОЛЛАРҒА ЖЕТКЕРИЛЕДИ
2018-08-17 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон сөйлесиўлерди еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам еттирди.
Онда мәмлекетлеримиз арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, энергетика, инвестициялық, аўыл ҳәм суў хожалығы, туризм ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Мәмлекетлеримиз арасында қабыл етилген анық илажлардың нәтийжесинде товар айланысы жедел пәтлер менен өсип бармақта. Усы жылдың биринши ярымында өз-ара саўда көлеми 35,1 процентке артты. 2018-жылы нырқы 300 миллион доллардан аслам саўда шәртнамасына ҳәм келисимлерге қол қойылып, оларды турмысқа енгизиў илажлары көрилмекте.
Президентимиз өз-ара саўда айланысы мәмлекетлеримиз потенциалына сәйкес емеслиги, товар алмасыў көлемин 1 миллиард долларға жеткериў ушын пайдаланылмаған үлкен резервлер бар екенин атап өтти.
Автомобиль, темир жол ҳәм авиақатнаўлар жолға қойылғаны саўда-экономикалық бирге ислесиў көлемин кеңейтиўге хызмет етпекте. Энергетика тараўындағы нәтийжели бирге ислесиў беккемленип бармақта. Усы жыл апрель айынан Тәжикстанға тәбийғый газ жеткерип бериў тикленди. Тәжикстаннан электр энергиясын сатып алыўдың көлеми артпақта. Еллеримиз буннан кейин де транспорт ҳәм халықаралық транзит коридорларын раўажландырыў тараўында буннан былай да нәтийжели бирге ислесиў ушын әмелий ҳәрекетлерди орынлаўға таяр екени атап өтилди.
2018-жыл еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында оғада табыслы болды. Жыл басынан берли ҳәр қыйлы дәрежелерде елиўден аслам ушырасыўлар болып өтти. Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның төрт мәжилиси өткерилди.
Тәжикстан басшысының бул сапар етиўи еллеримиздиң саўда-экономикалық ҳәм транспорт-коммуникациялық тараўлардағы потенциалын арттырыўға кең имканият жаратады. Ең әҳмийетлиси, халықларымыздың абаданлығы ҳәм пүткил Орайлық Азия регионында избе-из раўажланыўды тәмийинлеўде еллеримиздиң дослық байланыслары әҳмийетли фактор болады.
Сөйлесиўлерде еки мәмлекет бизнес структуралары ҳәм шегараалды аймақлар арасында кооперацияны кеңейтиўге қаратылған қосымша илажлар көриўдиң зәрүрлиги атап өтилди. Аўыл хожалығы техникасын жыйнаў, қурылыс материаллары, таяр тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм басқа да өнимлер ислеп шығарыў бойынша жойбарларды жеделлестириўге келисип алынды.
Тәреплер терроризм, диний экстремизм, наркотрафик, трансмиллий жынаятлар, халықаралық қәўипсизликке басқа да қәўип-қәтерлерге қарсы гүрести тереңлестириў, ири гидроэнергетикалық жойбарларды әмелге асырыўда өз-ара түсинисиў ҳәм конструктивлик бирге ислесиўди беккемлеўге таяр екенин билдирди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги