Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

АҚШ ДЕЛЕГАЦИЯСЫНЫҢ УШЫРАСЫЎЛАРЫ

2018-08-16 | Экономика

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында 15-август күни АҚШтың Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша саўда ўәкилиниң жәрдемшиси М.Линскотт басшылығындағы АҚШ Саўда ўәкили офиси делегациясы ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев Өзбекстан менен АҚШ арасындағы қатнасықлар өз-ара исеним ҳәм мәпдарлық принциплери тийкарында избе-из раўажланып, онда еки мәмлекет басшыларының ушырасыўларында ерисилген келисимлер әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етип атырғанын айрықша атап өтти. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 15-17-май күнлери АҚШқа рәсмий сапары өз-ара пайдалы қатнасықларды жаңа басқышқа көтерди.

Еллеримиз арасында барлық тараўларда бирге ислесиў беккемленип бармақта. Түрли дәрежедеги делегациялардың ушырасыўлары турақлылыққа ийе. АҚШ саўда ўәкили офиси делегациясының сапары еллеримиздиң өз-ара саўда-экономикалық, инвестициялық тараўлардағы байланысларын буннан былай да раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбекстан менен АҚШ арасындағы саўда қатнасықларында мүмкиншилиги болғанынша қолайлылық жаратыў тәртибине әмел етпекте. 2018-жылдың биринши ярым жыллығының жуўмақларына бола, еллеримиздиң товар айланысы 256 миллион АҚШ доллардан асламды қурады.

Ушырасыўда Өзбекстанға саўда жеңилликлерин бериў бойынша интеллектуаллық меншик ҳуқықларын қорғаў ҳәм мәжбүрий мийнетке шек қойыў бойынша еллеримиз бир қатар жетискенликлерге ерисип атырғаны атап өтилди. АҚШ тәрепи елимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын қоллап-қуўатлаўға таяр екенин айрықша атап өтти.

М.Линскотт Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстан раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойғанын, бул өз-ара шериклик ҳәм пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўда жаңа бет ашқанын айрықша атап өтти.

Мийманлар Өзбекстан Республикасы бас министриниң орынбасары – финанс министри Ж.Қўчқоров пенен ушырасты. Сөйлесиў ўақтында еллеримиз бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.

Делегация ағзалары Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, экономиканы либералластырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды жоқары баҳалады. Елимиздиң экономикалық секторында бақланып атырған белсендилик, сырт ел капиталын тартыўға қаратылған ҳәр қыйлы форумлардың шөлкемлестиргени буған мүмкиншилик бермекте.

Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлигинде өткерилген сөйлесиўде делегация ағзаларына Өзбекстанда инвестициялық орталықты жақсылаў бағдарындағы илажлардың орынланыўы ҳаққында айтып берилди. Елимиз экономикасы турақлы раўажланып, сыртқы саўда айланысында унамлы сальдо бақланып, экономикаға бағдарланған инвестициялар көлеми кеңейип атырғаны атап өтилди. Өтиўи күтилип атырған Орайлық Азия саўда форумы ҳәм Өзбекстан – АҚШ бизнес-форумына таярлық көриў мәселелери додаланды.

АҚШ делегациясы усы күни Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигинде, Интеллектуаллық мүлк агентлигинде де сөйлесиўлер өткерди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться