Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан – Тәжикстан: өз-ара исеним ҳәм мәдений бирге ислесиў буннан былай да беккемленеди

2018-08-03 | Мәденият

Өзбекстан менен Тәжикстанды улыўма тарийх, ортақ руўхый қәдириятлар бирлестирип турады. Еки тилде сөйлесетуғын бир халық деп аталатуғын өзбеклер менен тәжиклер әзелден қаны аралас болып жасап келген, бир дәрьядан суў ишкен, беккем қатнасық болған.

Бүгин де жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара ҳүрмет дәстүрлери еллеримиздиң барлық тараўлардағы бирге ислесиўинде беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Ташкент қаласында 2-август күни Тәжикстан Республикасы мәденият министри Шамсиддин Орумбекзода басшылығындағы усы елдиң дослық делегациясының сапары шеңберинде шөлкемлестирилген «Өзбекстан – Тәжикстан: мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң перспективалары» темасындағы дөгерек сәўбетинде усы ҳаққында сөз болды.

Илажға еки ел парламентиниң депутатлары, министрликлер менен ведомстволар, дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, пуқаралық жәмийетиниң институтлары, мәденият, билимлендириў тараўының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң әнжуман қатнасыўшыларына ҳәм мийманларға жоллаған қутлықлаўын Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султонов оқып еситтирди.

Атап өтилгениндей, кейинги еки жыл ишинде өз-ара байланысларда унамлы кейпият бақланбақта. Бунда мәмлекетлеримиз басшыларының турақлы диалоглары, усы ушырасыўлар даўамында ерисилген келисимлер үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Еки туўысқан халықтың мәплеринен келип шығып, барлық тараўлардағы қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў имканиятын бермекте.

Бул бағдардағы бирге ислесиў байланыслары илаж шеңберинде көрсетилген «Бир аспан астында» ҳүжжетли фильминде де өз көринисин тапты.

Өткен жылы еллеримиздиң пайтахтлары арасында авиатасыўлар, темир жол қатнасы тикленди. Самарқанд – Панжикент аралығында халықаралық автомобиль жолы ашылды, Өзбекстан – Тәжикстан мәмлекетлик шегарасындағы өткериў пунктлериниң жумысы қайта жолға қойылды.

Соңғы бир ярым жыл Өзбекстан ҳәм Тәжикстан исбилермен топарлары ушын да нәтийжели болды. Ташкент ҳәм Душанбе арасында саўда келисимлерин ҳәм шәрнамаларды дүзиў, өз-ара байланысларды кеңейтиў имканиятын берген миллий өнимлеримизиң көргизбелери ҳәм бизнес-форумлар шөлкемлестирилди. Усындай саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм бирликтеги жойбарларды әмелге асырыў имканиятын берип атырған жоқары дәрежедеги илажлар еки тәреп ушын бирдей пайдалы болмақта.

– Мәмлекетлеримиз басшыларының умтылыслары нәтийжесинде раўажланып атырған қатнасықлар еллеримиздиң халықаралық майдандағы потенциалын беккемлеў, экономиканы раўажландырыў, халықларымыздың абаданлығын арттырыў имканиятын бермекте, – деди Тәжикстан Республикасы парламентиниң депутаты Мирали Дўстизода. – Тәжикстан дослық делегациясының сапары шеңберинде шөлкемлестирилип атырған жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер еллеримиз арасында барлық тараўдағы қатнасықларды избе-из раўажландырыў ҳәм нығайтыў бойынша мәмлекетлеримиздиң беккем ерк-ықрарын көрсетпекте.

Дөгерек сәўбети қатнасыўшылары өзбек ҳәм тәжик халықларының уқсас үрп-әдети ҳәм көркем өнери еллеримиз арасында мәдений диалог түрлерин табыўға, жетискенликлерди бөлисиўге турақлы мүмкиншилик бергенин айрықша атап өтти. Өткен жылы Тәжикстанда Өзбекстан мәденияты күнлери ҳәм Өзбекстанда Тәжикстан мәденияты күнлери табыслы өткерилди. Бул мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў жолындағы ҳәрекетлердиң әмелий көриниси болды.

Әнжуманда гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиў бағдарында пикир алысылды. Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде Өзбекстан менен Тәжикстанның илимий мәкемелери, оқыў орынлары, ғалаба хабар қураллары, дөретиўшилик жәмәәтлери арасында қарым-қатнасықлар жеделлести. Ҳаял-қызлар шөлкемлери, кәсиплик аўқамлары ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары бирге ислесиўге қаратылған қатнасықларды раўажландырмақта. Илажда қолда бар потенциалдан келип шығып билимлендириў, өндирис, илимдеги жетискенликлерди ҳәм тәжирийбелерди алмасыў бойынша сөйлесиўлерди жедел жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың бәҳәринде Тәжикстанға мәмлекетлик сапары шеңберинде бир қатар тарийхый ҳүжжетлерге қол қойылды, – дейди тәжикстанлы илимпаз Лутфия Ражабова. – Усы ҳүжжетлерде халықларымыздың әсирлик арзыў-нийетлери, сабыр-тақаты сәўлеленген, десем алжаспайман. Еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрар менен шегаралар ашылды, барыс-келислер тикленди, той-тамашалар және бирге өте баслады. Тәжикстан дослық делегациясының бул сапар етиўи жаңаланған қатнасықларымыздың және бир көриниси болып табылады. Халықларымыз арасында бундай дослық қарым-қатнасықлар мәңги бола берсин.

Илажда Тәжикстан пуқараларының Өзбекстанда 30 күнге шекем визасыз сапарда болыўы ҳуқықый жақтан кепилленген келисимниң Президент Шавкат Мирзиёевтиң қарары менен тастыйықланғаны жоқары баҳаланды.

– Еллеримиздиң бай мәденияты, миллий өнерментшилиги, тарийхый қалалары, сулыў тәбияты бәрқулла туристлердиң итибарында болған, – деди Тәжикстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша комитети баслығының орынбасары Ширин Амонзода. – Ташкент ҳәм Душанбе арасында авиатасыўлардың тиклениўи еллеримиз арасында туристлердиң алмасыўына, тараўда өз-ара пайдалы жойбарларды ислеп шығыў ҳәм оларды әмелге асырыўға тийкар жаратпақта. Визасыз тәртиптиң енгизилиўи нәтийжесинде Тәжикстанға келген өзбекстанлы туристлердиң саны усы жылдың 6 айында 387 мыңнан асламды қурады. Тәжикстан пуқаралары да Өзбекстанның дыққатқа ылайық орынларында болып, елиңиздиң бай тарийхы менен танысыў имканиятына ийе болмақта.

Илаж соңында илим тараўындағы байланысларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, жоқары оқыў орынлары арасындағы бирге ислесиўди,  денсаўлықты сақлаў системасында жолға қойылған тәжирийбе алмасыўларды буннан былай да раўажландырыў бойынша бағдарламаларды биргеликте ислеп шығыўға келисип алынды.

Усы күни Тәжикстан делегациясының сапары мүнәсибети менен Халықаралық пресс-клубта «Өзбекстан – Тәжикстан: мәмлекетлераралық бирге ислесиў, өз-ара исеним ҳәм улыўма мәплер» атамасында илаж шөлкемлестирилди.

Еки елдиң министрликлери ҳәм ведомстволарының басшылары, илимий топар ўәкиллери, әдебият, көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери қатнасқан илажда халықларымыздың көп әсирлик тарийхый-мәдений байланыслары бул тараўларда раўажланып атырған өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа дәўири ҳаққында сөз етилди.

Әнжуманда тараў қәнигелери журналистлердиң келешекте бирге ислесиў перспективаларына байланыслы сораўларына жуўап берди.

Мийманлар Өзбекстан Илимлер академиясы ҳәм Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасында болып, олардың жумысы, жаратылған шараятлар менен де танысты. Еки елдиң илимий ҳәм академиялық топарлары арасында бирге ислесиў орнатыўды ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў мәселелери додаланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться