Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан-Япония бизнес-форумы

2018-07-31 | Экономика

Ташкент қаласында 31-июль күни Өзбекстан ҳәм Япония исбилерменлериниң бизнес-форумы болып өтти.

Илаж Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен «Япония-Өзбекстан Уллы жипек жолы» қорының сыртқы саўда, инвестициялар ҳәм инфраструктура бойынша жумысшы топарының басшысы Мамору Секияма басшылығындағы Япония делегациясының елимизге сапары шеңберинде шөлкемлестирилди. Онда еки елдиң сыртқы экономикалық байланыслар, саўда, инвестиция, нефть-газ, энергетика, туризм, машина қурылысы, қурылыс, геология, химия, жеңил санаат, текстиль, электрон өнимлер ислеп шығарыў, фармацевтика, мәлимлеме технологиялары ҳәм телекоммуникациялар, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў сыяқлы тараўлар ушын жуўапкер министрликлер менен ведомстволардың, компания ҳәм концернлердиң басшылары қатнасты.

Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети баслығының биринши орынбасары Лазиз Қудратов, «Япония-Өзбекстан Уллы жипек жолы» қорының сыртқы саўда, инвестиция ҳәм инфраструктура бойынша жумысшы топарының баслығы, «Marubeni» корпорациясының мәсләҳәтшиси Мамору Секияма ҳәм басқалар Өзбекстан менен Япония арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң избе-из раўажланып атырғанын атап өтти.

Еллеримиз арасында 2002-жылы қол қойылған Дослық, стратегиялық шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы бирликтеги билдириў өз-ара қатнасықлардың ҳәр тәреплеме раўажланыўында әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етип атыр.

Өзбекстанның күн сайын раўажланып атырған экономикасы, бизнес жүргизиў ушын жаратылған кең имканиятлар ҳәм преференциялар, елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық-абаданлық сырт елли исбилерменлер, соның ишинде, япониялы исбилерменлердиң елимиз бенен белсене бирге ислесиўге қызығыўшылығын арттырмақта. Бизнес-форумда Япониядан 50 ден аслам компания ҳәм меншик исбилерменлик субъектлери басшыларының қатнасып атырғаны, олар арасында «Marubeni Corporation», «Shimizu Corporation», «Japan Tobacco», «Kawasaki Heavy Industries», «Sakai Heavy Industries» сыяқлы ири компаниялардың перспективалы бирге ислесиў бойынша жуўапкер ўәкиллериниң бар екенлиги пикиримизди тастыйықлайды.

Япония Өзбекстанның әҳмийетли экономикалық шериклеринен. Бүгинги күнде елимизде Япония инвестициясының қатнасыўында он қоспа кәрхана жумыс ислемекте. Олар тийкарынан нефть, газ, химия санааты, энергетика, машина қурылысы ҳәм инженерлик үскенелерин ислеп шығарыў, транспорт ҳәм логистика хызметлерин көрсетиў, саўда операциялары, туризм сыяқлы тараўларға қәнигелескен. Елимизде күн шығыс елиниң он бес жетекши компаниясы өз ўәкилликли уйымын ашқан.

Илажда япониялы исбилерменлер Өзбекстанның экономикалық потенциалы, нефть-газ, химия санааты, электр техникасы, мәлимлеме коммуникация технологиялары сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиў имканиятлары менен таныстырылды. Тәреплер елимизге инвестиция киргизиўдиң перспективалы бағдарлары, бизнес жүргизиў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери бойынша өз-ара пикир алысты.

-Өзбекстанда болып атырған реформалар, инвесторлар ушын қолайлы исбилерменлик орталығының жаратылғаны инвестиялар ағымын арттырыўда  үлкен әҳмийетке,-деди Япония парламентиниң төменги палатасы депутаты Кейсуки Сузуки. –Бул форум өз-ара бирге ислесиўимиздиң жаңа қырларын ашыўға, пайдалы келисимлерге ерисиўге ҳәм байланысларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынына исенемиз.

Әнжуманда еки ел арасында жанылғы-энергетика комплекслери тараўындағы инвестициялық шериклик, экологиялық таза технологияларды раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў тараўларында пайдалы жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Япониялы экспертлердиң қатнасыўында газ ислеп шығарыўда нәтийжели технологияларды қолланыў, жол инфраструктурасын жақсылаў, денсаўлықты сақлаў ҳәм медициналық хызметлер көрсетиўде заманагөй көзқараслар, халықаралық туризм сыяқлы темаларда баянатлар тыңланды. Бул бойынша Япония тәжирийбесин үйрениў мәселелери ҳаққында сөз етилди.

Санаат кооперациясы тараўында перспективалы бағдарларды биргеликте әмелге асырыў мәселелери бойынша шөлкемлестирилген сөйлесиўлерде еки елдиң  тийисли министрликлери ҳәм ведомстволары, көплеген жетекши бизнес ўәкиллери қатнасты. Онда исбилерменлердиң сапарларын шөлкемлестириў, бирге ислесиўдиң барлық тараўларында биргеликтеги илажларды өткериў, еки елдиң бизнес ўәкиллери арасындағы байланысларды кеңейтиўге келисип алынды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться