Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Илимниң раўажланыўы прогресске, дөретиўшилик абаданлыққа хызмет етеди

2018-07-20 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-июль күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырғапн социаллық-экономикалық реформалардың барысы, дәслепки белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Мырза Улығбек қалашасында жайласқан Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Ядро физикасы институтында болды.

Жеделлик пенен өзгерип атырған бүгинги заман ҳәр қандай елдиң алдында нефть, газ, көмир сыяқлы қайта тикленбейтуғын энергия дәреклерин үнемлеў, альтернатив ресурслардан пайдаланған ҳалда экономика тармақларын ҳәм халықтың талапларын тәмийинлеў талабын қоймақта. Елимизде энергетика тараўын избе-из технологиялық модерниазциялаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Россияның «Росатом» мәмлекетлик корпорациясы менен биргеликте атом энергетикасын қурыўға кирисилди.

Мәмлекетимиз басшысының күни кеше жәрияланған «Өзбекстан Республикасында атом энергетикасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы энергия пайда ететуғын қуўатлылықларды көбейтиў есабынан халықты ҳәм экономика тармақларын энергия менен турақлы тәмийинлеў, энергетика секторын диверсификациялаў, атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳәм усы бағдарларға алдынғы инновациялық технологияларды енгизиў мақсетлерин нәзерде тутады. Усы бағдардағы мәмлекетлик сиясатты ҳәм атом энергетикасы тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Атом энергетикасын раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилди.

Өзбекстан АЭС ушын тийкарғы шийки зат болған уран резерви бойынша дүньяда жетинши орында турады. Бул резервтен үнемли пайдаланыў ушын бар илимий-изертлеў базасын жетилистириў, замамангөй билимлерди пуқта өзлестирген қәнигелерди таярлаў талап етиледи. Сол себепли ӨзИА Ядро физикасы институты базасында Москва инженерлик-физика институтының филиалын ашыў режелестирилмекте.

Президентимиздиң 2017-жыл 17-февральдағы қарары менен жаңадан шөлкемлестирилген Ядро физикасы институтында 10 мегаваттлық илимий-изертлеў ядро реакторы ислеп турыпты. Онлаған радиоизотоплар ислеп шығарылып, медицина мәкемелеринде қолланылмақта. 12 мәмлекетке экспорт етилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы институт аймағында шөлкемлестирилетуғын Москва инженерлик-физика институты филиалының жойбары менен танысты. Филиал жайласатуғын кампус оқыў имараты, студентлер ушын турақ жай, оқытыўшылар ушын мийманхана, асхана, спорт майданы, дем алыў орынларын өз ишине алады. Жасаў мәнзилинен оқыў корпусына келетуғын 600 метрлик жол бойлап жасыл бағ жаратылады. Филиал ең заманагөй әсбаплар, жоқары технологиялық үскенелер менен тәмийинленеди.

– Бул институт елимизде қурылатуғын атом электростанциясына үнлес болыўы керек, – деди Президентимиз. – Келешекте Мырза Улығбек қалашасындағы ески мәденият сарайы ҳәм оның әтирапы заманагөй көриниске киреди. Илимпазлардың мийнет етиўи, илимди раўажландырыў ушын халықаралық стандартларға сай шараятлар жаратылады.

Президентимиз усы қалаша илимпазлар дәргайы болыўы керек екенлигин, жақын ўақытларда бул жерге басқа да илимий-изертлеў институтларының көширилетуғынын атап өтти. Сол мақсетте қалашаның Бас жобасын ислеп шығыў бойынша тапсырма берди. Қалашаның аймағын кеңейтип, институтлар ушын имараталар, көп қабатлы турақ жайлар, математика ҳәм физика илимлерине қәнигелескен мектеп, балалар бақшасын қурыў, қала орайы менен транспорт қатнаўын жақсылаў, жер үсти метросының ҳәрекетин жолға қойыў зәрүрлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев Ядро физикасы институтының залында Илимлер академиясы илимий-изертлеў институтларының ўәкиллери, академиклер, илимпазлар, жас ойлап табыўшылар менен ушырасыў өткерди.

Елимизде илимди раўажландырыў мақсетинде илимпазлар менен ушырасыўлар өткериў дәстүрге айланды. Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 6-апрель күни Илимлер академиясы Өсимлик затлары химиясы институтында жоқары билимлендириў ҳәм ӨзИА илимий-изертлеў институтларының басшылары менен ушырасыўда илим менен өндирис арасындағы интеграцияны беккемлеў бойынша зәрүр тапсырмаларды берген еди. Сөйлесиў ўақтында бул бағдардағы ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққында сөз болды.

Илимге елимизде үлкен итибар қаратылып атырғанын, кейинги бир жылда тараўға байланыслы 11 пәрман ҳәм қарардың қабыл етилгени атап өтилди. Бирақ сонша ис-ҳәрекетлерге қарамастан, илимий излениўлер жетерли қоллап-қуўатланбай атырғаны сынға алынды.

– Илимде халқымыз мәпине хызмет ететуғын өз жолымызды таппасақ, ертең жасларымыз бизди кеширмейди. Экономикамыз қашан турақлы болады! Илимди раўажландырсақ. Илим өз-өзинен болмайды, буған машақатлы мийнет, мәмлекет көлеминдеги итибар керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз ҳәр бир илимий жумысқа өним сыпатында қаралатуғын, оның сатып алыўшысы алдыннан анық болатуғын система жаратылса ғана мақсетке ерисиў мүмкин екенлигин атап өтти. Илимий қолланбалардың әмелиятқа енгизилиўин қоллап-қуўатлаў ушын  100 миллион доллар грант ажыратылатуғынын, илимий-изертлеў институтлары хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақылары бир неше есе арттырылатуғынын мәлим етти.

Жас әўладтың миллий ҳәм дүньялық илим жетискенликлерин үйрениўге ҳәм өзлестириўге умтылысын хошаметлеў, оқыўшылардың фундаменталь илим тийкарларын пуқта ийелеўи ушын шараят жаратыў мақсетинде қәнигелескен мектеплердиң шөлкемлестирилип атырғаны, мектеп жасынан болажақ илимпазларды таярлаў, олардың инновациялық ҳәм новаторлық қәбилетин арттырыў, талантын жүзеге шығарыў бойынша системалы жумысларды даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди. Тараўда жыйналып қалған машқалаларды сапластырыў, қәбилетли жасларды излеп табыў ҳәм оларды илимий жумысқа тартыў және ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда академиялық илим потенциалынан нәтийжели пайдаланыў бойынша тапсырмалар берилди.

Илажда Илимлер академиясының президенти Б.Йўлдошев, инновациялық раўажланыў министри И.Абдураҳмонов ӨзИА Ион плазма ҳәм лазер технологиялары институты директоры Ҳ.Ашуров, академиклер А.Асқаров, С.Баҳрамов ҳәм басқалар елимизде илимниң ҳәр бир бағдарын раўажландырыў бойынша салмақлы жумыслардың басланғаны, физика-математика тараўының илимпазлары менен усы ушырасыў атомды үйрениў илими ҳәм ядро технологияларын раўажландырыўға байланыслы комплексли илажларды әмелге асырыў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп алыўда зәрүр қәдем екенин айрықша атап өтти.

Ташкент ири мегаполисқа айланбақта. Усыған сай үлкен дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысы халықтың талабын, пайтахтымыздың келешекте раўажланыўын инабатқа ала отырып, Ташкент қаласы бойлап жер үсти айланба метро линиясын қурыў бойынша тапсырма берген еди. Қысқа ўақыт ишинде кең көлемли қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Президентимиз Ташкент қаласы бойлап қурылып атырған жер үсти айланба метро линиясының қурылысы менен танысты.

Улыўма ушынлығы 52,1 километрден ибарат усы метро бағдарының 50,5 километри бийиклиги 6 метрлик эстакадалар арқалы өткериледи. Жойбардың улыўма қуны 422,3 миллион долларға тең. Жойбар шеңберинде 2 мыңға жақын таяныш үстинлер ҳәм аралық тосықлар, 13 мыңға шамалас темир-бетон балкалар орнатыў ҳәм 35 бәндирги қурыў нәзерде тутылған.

Қурылыс жумыслары бес басқышта әмелге асырылады. Дәслеп Ташкент метрополитениниң «Дослық» бәндиргисинен Қойлық базарына шекем болған бөлими қурылады. 11 километрлик аралықта 8 бәндирги қурыў мөлшерленген.

Екинши басқышта Қойлық базары менен «Алмазар» бәндиргиси байланысады. Соң бул жерден «Беруний» бәндиргисине шекемги аралықта қатнаўлар жолға қойылады. Кейинги басқышта «Беруний»дан «Бодомзор» бәндиргисине шекем қурылыс жумыслары алып барылып, соңғы басқышта «Дослық» бәндиргисине жалғанады.

Президентимиз усы жылдың июнь айында бул қурылыс процеси менен танысып, дөретиўшилик жумысларын буннан былай да жеделлестириў ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берген еди.

Бүгинги күнге шекем айланба метро жолының 4 километр бөлегинде қурылыс жумыслары әмелге асырылып, 206 таяныш үстини ушын котлован қазыў жумыслары орынланған. Үстинлердиң үстине кесесине темир-бетон тирепберди орнатыў жумыслары басланған. Үстинлер аралығын бирлестиретуғын 16 темир-бетон балка орнатылған.

Қурылыс жумысларына 60 тан аслам техника ҳәм механизм және 400 инженер ҳәм хызметкер тартылған. Метро қурылысы «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетине қараслы «Көпир қурылыс трести» унитар кәрханасының қурылысшылары тәрепинен әмелге асырылмақта.

– Бул транспорт тармағының иске қосылыўын халқымыз интизарлық пенен күтпекте, – деди Шавкат Мирзиёев. – Арзан ҳәм қәўипсиз болған усы транспорт тармағы халыққа ҳәр тәреплеме қолайлылық жаратады. Ең әҳмийетлиси, бул басқа жәмийетлик транспортлардағы жүклемени өзине алады, қала орайындағы тығылысты азайтады. Соның ушын қурылысты имканияты болғанынша тезирек жуўмақлаўымыз керек.

Мәмлекетимиз басшысы жер үсти айланба метролиниясының қурылысында итибарға алыў зәрүр болған мәселелерге айрықша тоқтады. Исбилерменлик жумысларының үзликсизлигин тәмийинлеў, оның әтирапын абаданластырыў «Дослық» бәндиргисинен Қойлық базарына шекем ҳәм Қойлық базарынан «Алмазар» бәндиргисине шекемги бөлимин 2019-жыл Наўрыз байрамына шекем пайдаланыўға тапсырыў бойынша зәрүр көрсетпелер берди.

ҳәзирги ўақытта айланба метро линиясындағы поезд ҳәм басқа да техника қуралларын басқарыў ушын 50 ге шамалас қәниге Қубла Кореяда ҳәм Қытайда маманлығын арттырмақта. Метрода ҳәрекетленетуғын жаңа поезд вагонлары да таярланбақта.

Шавкат Мирзиёев Сергели районы «Чоштепа» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы жаңа турақ жайлардың қурылысын барып көрди.

Бул жерде Ташкент қаласы ҳәкимлиги тәрепинен ажыратылған 30 гектар жерге сырт ел инвесторларының қатнасыўында жаңа қурылыс технологиялары тийкарында 4 мың 20 квартираға мөлшерленген 72 дана 7 қабатлы турақ жай қурылмақта. Президентимиздиң басламасы менен 2017-жылдан елимиздиң барлық қалаларында турақ жайға мүтәж шаңарақлар ушын арзан турақ жайлар қурылысы басланды. Бундай жайлар Ташкент қаласында узақ жыллардан берли қурылмай атырған еди. Жаңа турақ жайлар тийкарынан қымбат коммерциялық турақ жайлар болып, социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм бюджет шөлкемлеринде ислейтуғынлар оларды алыў имканиятына ийе болмаған.

Соларды инабатқа алған ҳалда, Сергели районында 2017-2022-жыллары 500 көп қабатлы турақ жай қурылысы бойынша арнаўлы бағдарлама ислеп шығылды. Бул ири жойбардың әмелге асырылыўы дерлик 30 мың шаңарақтың турақ жайға болған талабын тәмийинлеў имканиятын береди.

Усы бағдарламаның орынланыўы шеңберинде  2017-жылы районда 102 көп қабатлы арзан турақ жай қурылып,  4 мың 88 квартира өз ийелерине тапсырылды.

Ташкент қаласында барлық дәреклер есабынан дерлик 28 мың квартиралы 638 көп қабатлы турақ жай қурылмақта. Соның ишинде, заманагөй жойбарлар тийкарында жәми 15 мың 740 квартиралы 334 арзан турақ жай қурылмақта. Бул өткен жылға салыстырғанда 3 есе көп.

Чоштепа мәҳәллесинде қурылып атырған турақ жайлар жергиликли бюджетке қосымша түсимлер ҳәм қәўендерлердиң қаржылары есабынан қурылып атырғаны менен әҳмийетли. Турақ жайлар Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң қарамағында болып, квартиралардан бир бөлимин турақ жайға мүтәж майыпларға бийпул бериў, қалғанларын жәрдемге мүтәж шаңарақларға ўақтынша жасап турыў ушын ҳәм кейин ала жеңиллетилген кредит рәсмийлестирген ҳалда жеке меншик мүлк сыпатында бериў белгиленген. Жуўапкер хызметкерлердиң атап өтиўинше, усы турақ жайлар быйылғы жылдың 20-декабрьине шекем пайдаланыўға тапсырылады.

Президентимиз қурылыс процеси менен танысып, турақ жайлардың беккемлигине, оларды қурыўда заманагөй, жаңа ҳәм нәтийжели технологиялардан пайдаланылып атырғанына итибар қаратты.

Турақ жай қурылысында ҳәр тәреплеме қолайлы ҳәм сапаны тәмийинлейтуғын алдынғы технологиялардан пайдаланыў көлемин буннан былай да кеңейтиўимиз керек, – деди Шавкат Мирзиёев. – Елимизде бул сыяқлы турақ жайлардың қурылысы системалы даўам етеди. Сол себепли қурылысшы кадрларды таярлаўға айрықша итибар қаратыў зәрүр. Жасларымыз қурылыс санаатында ең соңғы технологияларды, инновациялық идеяларды турмысқа енгизиўге уқыплы болыўы зәрүр.

Мәмлекетимиз басшысы турақ жай қурыўдың заманагөй жетискенликлерин өзлестириў, бундай турақ жайларды басқа орынларда да жойбарластырыў бойынша тапсырмалар берди.

Узынлығы 7,1 километр болған Ташгкент метрополитениниң Сергели линиясының қурылысын 2020-жылға шекем жуўмақлаў нәзерде тутылған. Сергели метролиниясы ҳәзирге шекем Орайлық Азияда қолланылмаған пүткиллей жаңа – эстакада усылында қурылмақта. Усы линия көпир сыяқлы тәризде қурылады, поездлар жер үстинде ҳәрекетленеди. Бәндиргилерде жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде арнаўлы лифт ҳәм эскалаторлар орнатылады. Жойбардың қуны 105 миллион долларға тең. Оның шеңберинде 265 жуп таяныш үстин ҳәм аралық тосықлар орнатыў, 6 жолаўшы бәндиргиси ҳәм 6 электр тәмийнаты станциясын қурыў нәзерде тутылған. Метроның Сергели бағдары Чиланзар бағдарының «Алмазар» бәндиргисинен басланып, «Йўлдош» массивине шекем болған аймақтан өтеди.

Әйне ўақытта жойбардың 5 километр бөлиминде қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта.  130 жуп таяныш үстинлери орнатылған. Олардың үстине 60 аралық тосықлар қойылып, бирлестиретуғын балкалар орнатыў жумыслары басланған.

Қурылыс жумысларына 70 тен аслам техника ҳәм механизм, 350 қәнигели инженер ҳәм хызметкерлер тартылған. Усы жылдың ақырына шекем  6 километр аралықта темир-бетон конструкцияларды монтажлаў және 3 метро бәндиргисин қурыў жумысларының тамамланыўы белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде қурылыстың барысын көзден өткерди. Метроны сапалы, қолайлы ҳәм қәўипсиз етип қурыў бойынша көрсетпелер берди.

Сол жерде Ташкент қаласында қурылыўы режелестирилген 9 қабатлы турақ жайлар жойбарының презентациясы да өткерилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться