Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ташкент қаласында Пучон университетин шөлкемлестириў ҳаққында

2018-07-03 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Улыўма тән алынған халықаралық талапларға ҳәм стандартларға муўапық жоқары мағлыўматлы жетик қәнигели кадрларды таярлаўды шөлкемлестириў, елимиздиң мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде көп жыллар даўамында жетиспей киятырған педагог ҳәм тәрбияшылардың орнын толықтырыў, инновациялық орталықты қәлиплестириў, раўажланған сырт еллердиң жетекши жоқары билимлендириў  мәкемелери пенен узақ мүддетли қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Пучон университетиниң (Корея Республикасы) Ташкент қаласында Пучон университетин (кейинги орынларда Университет деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
  2. Пучон университети (Корея Республикасы):

оқыў имаратлары, оқыў лаборатория базасы, студентлердиң турақ жайлары ҳәм Университеттиң басқа да имаратларын мебель, инвентарь, оқыў ҳәм илимий үскенелер, шөлкемлестириўшилик техника ҳәм компьютерлер менен тәмийинлеўде өз қаржылары есабынан әмелге асыратуғыны, сондай-ақ, мәлимлеме-коммуникация технологияларының қураллары менен тәмийинлейтуғыны;

Университеттиң китапхана қорын қәлиплестириўге ҳәм оны заманагөй оқыў, оқыў-методикалық және илимий-техникалық әдебиятлар менен толықтырыўға (соның ишинде, Пучон университетиниң (Корея Республикасы) ресурслар базасынан пайдаланыў имканиятын жаратқан ҳалда), заманагөй мәлимлемем-ресурс орайы шөлкемлестирилиўине жәрдемлесетуғыны;

жас перспективалы жергиликли илимий-педагог кадрлардың, соның ишинде, шет елде қәнигелигин арттырыўға жәрдемлесетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Төмендегилер Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў перспективаларына, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық мектепке шекемги билимлендириў, архитектура ҳәм дизайн тараўында, сондай-ақ, талап жоқары болған билимлендириўдиң басқа да бағдарларында жоқары қәнигели кадрларды таярлаў;

мектепке шекемги билимлендириў, архитектура ҳәм дизайн системасына, сондай-ақ, талап жоқары болған билимлендириўдиң басқа да бағдарларына заманагөй билимлендириў технологиялары тийкарында оқыў-тәрбия процесин шөлкемлестириў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў, ашық-айдын мәлимлеме-билимлендириў орталығын раўажландырыўға көмеклесиў;

бар машқалаларды ҳәм мийнет базарының талапларын инабатқа алған ҳалда мектепке шекемги билимлендириў, архитектура ҳәм дизайн тараўында сондай-ақ, талап жоқары болған билимлендириўдиң басқа да бағдарларында илимий-изертлеў жумысын әмелге асырыў;

республикамызда мектепке шекемги билимлендириў, архитектура ҳәм дизайн системасын, сондай-ақ, талап жоқары болған билимлендириўдиң басқа да бағдарларын раўажландырыўға, илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери, басқа кәрханалар ҳәм шөлкемлер арасында беккем өз-ара бирге ислесиўди орнатыўға жәрдемлесиў.

  1. Университет жоқары билимлендириў мәкемеси-юридикалық шахс түриндеги Өзбекстан Республикасының резиденти есапланатуғыны, өз мүлкине, еркин балансқа ийе, өз миннетлемелери бойынша қарамағындағы ақша қаржылары ҳәм мүлк пенен жуўап беретуғыны;

Университеттиң билимлендириў жумысын Өзбекстан Республикасының билимлендириў тараўындағы нызам ҳүжжетлери талапларын есапқа ала отырып, Пучон университетиниң (Корея Республикасы) оқыў режелери ҳәм бағдарламалары тийкарында әмелге асыратуғыны;

Университетте кадрлар, биринши гезекте, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң педагог кадрларға, сондай-ақ, архитектура ҳәм дизайн тараўында да талап жоқары болған билимлендириўдиң басқа да бағдарларында қәнигели кадрларға болған талапларды есапқа алған ҳалда таярланатуғыны;

Университетте билим алыў өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде, күндизги, сыртқы ҳәм кешки түрлерде, төлемли-контракт тийкарында, соның ишинде, потенциал жумыс бериўшилер – юридикалық шахслар тәрепинен усынылатуғын билимлендириў грантлары бойынша, сондай-ақ, тийкарынан елимиз регионлары жасларының билим алыўы ушын ажыратылатуғын қәўендерлердиң қайырқомлары есабынан әмелге асырылатуғыны;

Университетке қабыллаў 2018/2019 оқыў жылынан баслап мектепке шекемги билимлендириў, корейс тили, сондай-ақ, архитектура ҳәм дизайн бағдарлары бойынша улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер мағлыўматқа ийе шахслар арасында кириў имтиханларын өткериў арқалы әмелге асырылатуғыны. Кириў имтиханларын өткериў түри, тәртиби ҳәм мүддети Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келискен ҳалда Пучон университети (Корея Республикасы) тәрепинен белгиленетуғыны;

Университет питкериўшилерине қосымша юридикалық тәртип-қағыйдаларсыз Өзбекстан Республикасында жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын Пучон университетиниң (Корея Республикасы) белгиленген үлгидеги дипломы берилетуғыны;

Университетти қаржыландырыў студентлерди төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар, хожалық жумысынан ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден алынатуғын дәраматлар, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары, тийисли шәртнамалар тийкарында мәпдар шөлкемлер тәрепинен усынылатуғын грантлар, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Ташкент қаласында Пучон университетин шөлкемлестириў бойынша Шөлкемлестириў комиссиясы 1-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.

Төмендегилер Шөлкемлестириў комиссиясының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Университетти шөлкемлестириў бойынша жумысты оператив басқарыў, оның толық жумысын жолға қойыўға байланыслы шөлкемлестириўшилик, финанс, юридикалық, экономикалық, оқыў-методикалық, материаллық-техникалық ҳәм басқа да мәселелерди шешиў;

Университетти шөлкемлестириў мәселелери бойынша Пучон университети (Корея Республикасы) басшылары менен сөйлесиўлер алып барыў ҳәм өз-ара бирге ислесиў;

зәрүр жойбарлаў, қурылыс-монтажлаў ҳәм оңлаў-тиклеў жумысларын әмелге асырыў, университетти үскенелеў. инфраструктурасын жаратыў, материаллық-техникалық тәмийинлеў кестелерин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;

Университетти шөлкемлестириў бойынша тастыйықланған кестелерде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша турақлы қадағалаў ҳәм мониторинг алып барыў.

  1. Университет жумысын жәмийетшилик басқарыўдың жоқары уйымы – 2-қосымшаға муўапық қурамдағы оның Қәўендерлик кеңеси есапланатуғыны белгиленсин.

Төмендегилер бойынша жәрдемлесиў Қәўендерлик кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

билимлендириў процесин, студентлердиң өндирислик әмелиятын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм жетилистириў, бакалавр ҳәм магистрлар таярлаў сапасын системалы арттырыў, Университетти питкериўшилерди жумысқа орналастырыў, мийнет базарының буннан былай да раўажланыўын есапқа алған ҳалда қәнигелер ҳәм илимий-техникалық кадрлар таярлаўдың перспективалы бағдарларын белгилеў;

билимлендириў процесине оқытыўдың алдынғы түрлерин ҳәм усылларын, педагогикалық, компьютер ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў ҳәм қаржыландырыў, нәтийжели фундаменталь (әмелий) илимий-изертлеўлерди ҳәм қолланбаларды әмелге асырыў, оқыў, илимий ҳәм илимий-методикалық материалларды жәриялаў, Университетте оқыў ҳәм илимий процесслерди ақылға уғрас интеграциялаў;

Университеттиң материаллық-техникалық, оқыў-методикалық базасын беккемлеў, оны заманагөй оқыў лаборатория үскенелери ҳәм оқыў-методикалық әдебиятлар менен тәмийинлеў, Университеттиң социаллық ҳәм турмыслық инфраструктурасын жақсылаў;

Университеттиң билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў процесине сырт еллерден маман ҳәм тәжирийбели педагогларды ҳәм қәнигелерди тартыў, педагог кадрлардың мийнет шараятларын жақсылаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўдан өтиўин шөлкемлестириў;

Университет жумысының жедел раўажланыўын тәмийинлеў ушын қәўендерлик қайырқомлықларын, техникалық жәрдем қаржыларын (грантларды) ҳәм басқа да бюджеттен тысқары қаржыларды тартыў;

студентлерди, бәринен бурын, жетим балалардан ҳәм ата-ана қәўендерсиз қалған балалардан ибарат студентлерди социаллық қорғаўды тәмийинлеў, қәбилетли студентлерди оқытыў ушын стипендиялар ажыратыў, студентлердиң жасаў шараятларын жақсылаў ҳәм олар жасайтуғын жерлерде бос ўақытларын пайдалы шөлкемлестириў, сондай-ақ, студентлердиң дем алыўы ушын шараятлар жаратыў;

социаллық-экономикалық тараўдың жоқары маман қәнигелерге болған талапларынан келип шығып, 2018/2019 оқыў жылында ҳәм кейинги жылларда Университетке қабыллаў квоталарын ҳәм оқыў ушын контракт суммасын белгилеў;

арнаўлы стипендиялар бериў арқалы Пучон университетине (Корея Республикасы) ҳәм сырт елдиң тараўлық басқа да жетекши билимлендириў мәкемелерине тәжирийбе арттырыўға жибериў ушын ең перспективалы студентлерди таңлаў тийкарында таңлап алыўды шөлкемлестириў;

Университеттиң профессор-оқытыўшылар қурамы ҳәм докторантлары ушын халықаралық тәжирийбе алмасыўды шөлкемлестириў.

  1. Университеттиң Қәўендерлик кеңеси Пучон университети (Корея Республикасы) менен келискен ҳалда:

а) бир ай мүддетте:

Университет Уставын тастыйықласын, сондай-ақ, оның мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;

Университеттиң дүзилмесин ҳәм штат кестесин тастыйықласын;

б) 2018/2019 оқыў жылы басланғанға шекем Университетти Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс ислейтуғын жоқары билимлендириў мәкемелеринде пайдаланылатуғын зәрүр оқыў-методикалық комплекслер менен тәмийинлесин.

  1. Университетке:

2019/2020 оқыў жылынан баслап кадрларға болған талап ҳәм елдиң социаллық-экономикалық раўажланыў пәтлеринен келип шығып, Пучон университети (Корея Республикасы), Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Экономика министрлиги менен келискен ҳалда оқыўдың жаңа перспективалы бағдарларын ҳәм қәнигеликлерин ашыўға;

Университетке оқытыўшылық етиў ҳәм илимий жумыс алып барыў ушын усынылатуғын сырт ел профессорларының ҳәм оқытыўшыларының жасаўы және транспорт қәрежетлерине Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын белгиленген тарифлер бойынша, дүзилетуғын шәртнамалар тийкарында ҳақы төлеўге руқсат берилсин.

  1. Ташкент қаласы, Чиланзар районы, Қатартал көшеси 2-жабық көше, 38 а-үй мәнзилинде жайласқан Чиланзар педагогика колледжиниң имараты ҳәм қурылмалары оператив басқарыў ҳуқықы менен Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине берилсин, соң бийпул пайдаланыў ушын Университетке өткерилсин.

Чиланзар педагогика колледжиниң оқыўшылары оқыўды тамамалағанға шекем Университетке берилген имаратларда оқыўды даўам еттиретуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Экономика министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги белгиленген тәртипте:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде 2018-жыл ушын нәзерде тутылған капитал қойылмалардың үнемленген ямаса өзлестирилмеген лимитлерин усы қарардың 9-бәнтинде көрсетилген имарат ҳәм қурылмалардың жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыўға және оларды реконструкциялаўға бағдарлаў арқалы қайта бөлистирилиўин;

усы қарардың 9-бәнтинде көрсетилген имарат ҳәм қурылмалардың 2019-жыл ҳәм оннан кейинги жыллар ушын мөлшерленген Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасының қурылыс, реконструкциялаў ҳәм толық оңлаў объектлерине киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. 2021-жылдың 1-июлине шекем:

Университет – барлық түрдеги салықларды төлеўден ҳәм мақсетли мәмлекетлик қорларға мәжбүрий ажыратпалардан;

Университеттиң тартылатуғын сырт ел хызметкерлери – бирден-бир социаллық төлемди ҳәм физикалық шахслардың дәраматларына салынатуғын салықты төлеўден;

Пучон университети (Корея Республикасы) – Өзбекстан Республикасындағы жумысынан да турақлы мәкеме арқалы, төлеў дәрегинен алынатуғын дәраматлар бойынша пайда салығын төлеўден;

Университетти үскенелеў ҳәм жумысын тәмийинлеў мақсетинде орнатылған тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша алып келинетуғын үскенелер, компьютер техникасы ҳәм шөлкемлестириў техникасы, оқытыўдың  технеикалық қураллары, әдебият. мультимедиа өними, инвентарь ҳәм басқа да материаллық-техникалық ресурслары бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Университет буйыртпаларына бола усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде тартылатуғын сырт ел профессор-оқытыўшылары ҳәм ҳәкимшилик хызметкерлери, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзалары ушын кириў визалары консуллық ҳәм басқа да жыйымлар өндирилмей, белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Университет буйыртпаларына бола Университет сырт ел профессор-оқытыўшыларына ҳәм ҳәкимшилик хызметкерлерине және олардың шаңарақ ағзаларына мәмлекетлик бажыларды төлеўден азат еткен ҳалда көп мәртели визалар берилиўин ҳәм созылыўын, сондай-ақ, олар жасайтуғын жерде ўақтыншалық дизимнен өткерилиўин және ўақтынша дизимнен өткериў мүддетиниң созылыўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  3. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Университет буйыртпаларына бола маман сырт ел (Өзбекстан Республикасы пуқарасы болмаған) қәнигелерин республикаға тартыў ушын белгиленген тәртипте руқсатнамалар берилиўин ( мүддетиниң созылыўын), сондай-ақ, көрсетип өтилген пуқаралардың Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиў ҳуқықына руқсатнамалар берилиўин ( мүддетиниң созылыўын) тәмийинлесин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа, Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министри А.В.Шинға және Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.У.Мажидовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы​ Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қалаcы, 2018-жыл 2-июль

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться