Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Реформалардың пайдасын, бағдарламалардың нәтийжесин адамлар өз турмысында сезиўи керек
2018-06-29 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, жаңа жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 29-июнь күни Ташкент қаласының Алмазар районында болды.
Елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы Алмазар районында да өндиристи раўажландырыў, заманагөй социаллық объектлерди қурыў, мәҳәлле ҳәм турақ жайларды абат етиў, аймақ халқының турмыс шараятын жақсылаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп райондағы «Иброҳим ата» мәкан пуқаралар жыйынында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.
Президентимиз усы жыл 1-июнь күни Чиланзар районындағы Хирмонтепа ҳәм Тирсакабат мәҳәллелерине сапары даўамында «Абат мәҳәлле» бағдарламасының жойбарын қәлиплестириў бойынша тапсырма берген еди. Сол тийкарда мәҳәллелердиң көринисин жаңалаў мақсетинде «Абат мәҳәлле» бағдарламасы қабыл етилди.
Иброҳим ата мәҳәллеси де усы бағдарламаға киргизилген.
Усы мәҳәллениң аймағына 19 еки қабатлы ҳәм 4 төрт қабатлы турақ жай жайласқан. Өткен әсирдиң 60-жылларында қурылған бул турақ жайлар бүгинги күнде оңлаўға мүтәж болып қалған. Инженерлик-коммуникация тармақлары да ескирген.
«Абат мәҳәлле» бағдарламасына муўапық, мәҳәлледе барлық көп қабатлы турақ жайлар, көше ҳәм тротуарлар оңланып, аймақ абаданластырылмақта. 7 еки қабатлы арзан турақ жай, заманагөй мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси қурылмақта. Сондай-ақ, жаңа үлгидеги жойбар тийкарында мәҳәлле гүзары, коммуналлық төлемлер шақапшасы, балалар ҳәм спорт майданшаларының қурылыўы режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласындағы мәҳәллелерди үйрениў барысында басланған жумысларға тоқтап өтип, үйме-үй жүрип, ҳәр бир шаңарақтың тилек ҳәм өтинишлерин үйрениў, машқаласы болса жәрдем бериў, исбилерменлерди тартып, жумыс орынларын жаратыў зәрүрлигин атап өтти.
– Бул мәҳәлле адамларының да бала-шағасы, ертеңги күннен үмитлери бар. Елимиздеги өзгерислерди, қабыл етилип атырған бағдарламалардың нәтийжесин адамлар өз үйинде сезиўи керек, – деди Шавкат Мирзиёев. – Ең тийкарғы мақсет, адамларды разы етиў, оларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў.
Президентимиз усы мәҳәллениң белсендилери ҳәм халқы менен сәўбетлести. Халықты жумыс пенен тәмийинлеў, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўин раўажландырыў, жасларды бәркамал инсанлар етип тәрбиялаў бағдарындағы реформалардың мәниси туўралы пикирлести. Қызғын сөйлесиў даўамында «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» ҳәм «Жаслар – келешегимиз» бағдарламалары халқымыздың абаданлығын жоқарылатыў, жасларды қоллап-қуўатлаўда тийкар болатуғыны атап өтилди.
Шавкат Мирзиёев өткен жылдың 21-апрелинде Алмазар районына сапары даўамында Ташкент ойыншықлар фабрикасы негизинде балалар ойыншықлары өндирисин шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берип, бул жумысқа Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки жуўапкер етип тайынланған еди.
Мәмлекетимиз басшысы районға гезектеги сапары шеңберинде усы кәрханада болып, орынланған жумысларды көзден өткерди. Атап айтқанда, фабрика аймағындағы өндирис майданларынан үнемли пайдаланыў мақсетинде, «NBU Investment» ЖШЖ тәрепинен интакер-инвесторлар менен биргеликте 5 жаңа кәрхана «Toys City”, “O`yinchoqlar Fabrikasi”, “Funny Kids World”, “National Products” ҳәм “United Nation company» ЖШЖ ҚК шөлкемлестирилди.
Бул кәрханаларда балалар кийим-кеншеги, ҳәр қыйлы буйымлар ҳәм ойыншықлар ислеп шығарыў бойынша 5 жойбар әмелге асырылмақта. Жойбарлар толық иске қосылғаннан соң 920 дан аслам жаңа жумыс орны жаратылады.
Ҳәзирге келип, жойбарлар шеңберинде зәрүр имаратларды қурыў-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, имзаланған импорт шәртнамалары бойынша әсбап-үскенелердиң бир бөлеги келтирилип, монтаж етилмекте. Үскенелердиң қалған бөлеги июль айы даўамында жеткерип бериледи.
Бүгинги күнде «Toys City» кәрханасы иске қосылған болып, 70 ке шамалас өним таярлаў жолға қойылған, шийки заттың тийкарғы бөлеги жергиликли кәраханалардан алынып атырғанлығы себепли өнимлердиң нырқы сырт елдикинен бир қанша арзан, сапасы жоқары.
– Ҳәр бир ата-ана перзентиниң физикалық жақтан саламат, дүнья қарасы кең, жоқары руўхый пазыйлетлерге ийе болып камалға келиўин қәлейди. Бунда ойыншықлардың әҳмийети үлкен, – деди Президентимиз. – Бул жерде шөлкемлестирилип атырған кәрханаларда ислеп шығарылатуғын ойыншықлар сапасы жағынан сырт елдикинен кем болмаўы керек.
Сол жерде Алмазар районында қурылып атырған «Мәмлекетлик хызметлер орайы» имараты қурылысы жойбарының презентациясы болып өтти.
Елимизде социаллық қорғаўға мүтәж халықтың қатламын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, аўыр социаллық-турмыслық шараятларда жасайтуғын шаңарақлардың турмыс дәрежесин жақсылаў мақсетинде оларды арзан турақ жай менен тәмийинлеў, медициналық хызмет, турмыслық техника ҳәм үй ҳайўанларын сатып алыўда бийғәрез жәрдем көрсетилмекте.
Өзбекстан Гүң ҳәм гереңлер жәмийетиниң Алмазар районында жайласқан Герең-сақаўлар мәденият орайының аймағында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Дәслеп, 6 гектардан ибарат аймақ абаданластырылды. Герең-сақаўлар мәденият орайының имараты түп-тийкарынан оңланып, 450 орынлық концерт залы, дөгерек ханалары, спорт заллары заманагөй үскенеленди.
Орай жанында Өзбекстан Гүң ҳәм гереңлер жәмийети спорт федерациясының жабық спорт залы болып, ҳәзирги күнде капитал оңлаў жумыслары алып барылмақта. Жаңа стадион қурылды.
Президентимиз мәденият орайының имаратында жаратылған шараятларды көзден өткерди. Жәмийет ағзалары менен халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына қаратылып атырған итибар, олардың машқалаларын шешиў бойынша көрсетилип атырған ғамхорлықлар ҳаққында сәўбетлести. Гүң ҳәм герең балалар ушын оқытыўшы-қәнигелер ҳәм сурдо аўдармашылар таярлаў әҳмийетли мәселелерден екенлигин атап өтип, халықтың усы қатламының саўатлылығын, тәрбиясын ислеў, дем алыў ҳәм емлениў шараятларын жақсылаўға қаратылған айрықша қарар таярлаў бойынша тапсырма берди.
Шахмат бойынша еки мәрте жәҳән чемпионы Сирожиддин Зайнитдинов, таэквондо бойынша Азия чемпионаты ийеси Даврон Хидировқа, жас режиссёр Олег Ошипковқа Ташкент қаласынан турақ жай, мәденият орайы ушын еки автобус саўға етти.
– Ҳәммеңизге белгили, мәмлекет халыққа хызмет етеди, деген принципти өзимизге мақсет етип алғанбыз. Сизлер де жәмийетимиздиң мүнәсип ағзасысызлар. Өзбекстандағы ҳәр бир адам мен ушын қәдирли, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 11-июньдеги «Халықтың социаллық әззи қатламының бәнтлигин тәмийинлеўди хошаметлеўди шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында айрықша категориядағы исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, майыплығы болған шахсларды мийнет етиўге тартыўда жаңа жеңилликлер берилди.
Усы қарарға муўапық, Өзбекстан Гүң ҳәм гереңлер жәмийетине қараслы аймақта 3 блоктан ибарат санаат зонасы қурылды. Бүгин олардан биринде «Кўкча текстил» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң тигиўшилик кәрханасы жумыс баслады.
Кәрханада гүң ҳәм гереңлер жәмийетиниң 27 ағзасы жумыс пенен тәмийинленди. Оларға «Кўкча текстил» диң маман хызметкерлери тигиўшилик сырларын үйретпекте.
Президентимиз тигиўши ҳаяллар менен сәўбетлести. Әмелге асырылып атырған бундай жумыслардың избе-из даўам етиўин, майыплығы болған шахслар ушын жумыс орынларын шөлкемлестириў турақлы итибарда болатуғынын атап өтти.
Шавкат Мирзиёев Алмазар районындағы 2-ишки ислер бөлими менен танысты.
Усы ишки ислер бөлими Шыпакерлер, Жийдали, Хислат, Беруний, Мырза Ғолиб ҳәм Шығатай Оқтепа мәҳәллелери аймағында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша жумыс алып барады.
Бөлимде нәўбетшилик бөлими, тергеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жынаят-излеў, ержетпегенлер менен ислесиў инспекторлары, сырт елге шығыў-кириў ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў хызметкери және мәҳәлле профилактика инспекторының нәтийжели ислеўи ушын барлық шараят жаратылған.
Ишки ислер бөлими заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары менен тәмийинленген. Нәўбетшилик бөлимине видеобақлаў системасы енгизилген болып, аймақты күни-түн қадағалаў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, пуқаралардың қәўипсизлигин ҳәм тынышлығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Район аймағындағы жәмийетлик объектлерге орнатылған интеллектуаллық камералар излеўде болған пуқаралардың жүз көриниси, урланған автомобильлердиң мәмлекетлик номерин усы нәўбетшилик бөлимине жибереди. Бул жердеги видеобақлаў системасы ИИБ мағлыўматлар базасына жалғанған болып, гүмандар шахс ҳаққында бөлимге сигнал береди.
Аймақта турақ-жайлар, жоқары билимлендириў мәкемелери, емлеўханалар, мешитлер, дийқан базары ҳәм басқа да социаллық объектлер бир талай болып, бөлим барлық жерде жағдайды бақлап барыў, зәрүр жағдайларда тезлик пенен илажлар көриў, тынышлықты тәмийийнлеў имканиятын береди.
Президентимиз ҳуқықты қорғаў уйымларының жуўапкер хызметкерлери менен сәўбетте халықтың тынышлығын тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан екенин атап өтти. Жәмийетте руўхый орталықтың турақлылығын сақлаў, жаслардың диний ағымларға қосылып кетиўиниң алдын алыў, халқымыздың тынышлығын беккемлеў, жынаятшылыққа қарсы аяўсыз гүресиў бойынша көрсетпелер берилди.
– Пуқаралар, әсиресе, жаслардың надурыс жолларға кирип кетиў себеплери, жынаятшылықты келтирип шығарып атырған тийкарғы факторларды үйренетуғын, анықлайтуғын, таллайтуғын қәнигелерге талап жоқары. Адамларды диний ағымлардан қайтаратуғын ҳақыйқый психолог қәнигелер жетиспейди. Жынаятты табатуғын, оны анықлайтуғын методикалық қолланбалар бүгин суў ҳәм ҳаўадай зәрүр,-деди мәмлекетимиз басшысы. – Бул бағдардағы жумысларды системалы жолға қойыў ушын Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети жанында дин тараўында терең билимли қәнигелер таярлайтуғын, Бас прокуратура жанында криминалистика, яғный жынаятшылықтың келип шығыў себеплерин үйренетуғын орайларды шөлкемлестириў ўақты келди.
Сол жерде мәмлекетимиз басшысы Ташкент қалалық ИИББ қорғаў, жол ҳәрекети қәўипсизлиги, пост-путруль хызметлерине ажыратылған автомототранспорт қураллары, көшпели пост кабинасының үлгилерин көзден өткерди.
Шавкат Мирзиёев Өзбекстан жаслар аўқамы Ташкент қалалық Жаслар орайында Алмазар районын социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы жойбарлар менен танысты.
Алмазар районының жаңа орайы – «Olmazor city» ды қурыў жойбарының презентациясы өткерилди. Жаңа Алмазар көшеси ҳәм Киши айланба жолы арасындағы 24 гектардан аслам аймақта қурылатуғын усы массивте архитектуралық имаратлар, көп қабатлы турақ жайлар, заманагөй бизнес орай, мийманхана ҳәм бағ, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелерин қурыў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарды мақуллады.
Жаслар менен ислесиў, санаат ҳәм туризмди раўажландырыў бойынша тапсырмалар берилди. Райондағы бос турған имаратларды инвентаризациядан өткериў, сырт ел инвестицияларын ҳәм технологияларын алып келиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Ташкент қалалық Жаслар орайында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ташкент қаласы белсендилери, жаслары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында мәжилис болып өтти.
Район көп ғана көрсеткишлер бойынша раўажланыўдан арқада қалып атырғаны сынға алынды. Атап айтқанда, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми Ташкент қаласындағы орташа көрсеткиштен 2 есе, хызмет көрсетиў көлеми 3 есе аз екенлиги атап өтилди.
Бар имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланыў, ислемей атырған заводларды тиклеў, жаңа кәрханалар шөлкемлестириў, исбилерменлик ҳәм хызмет көрсетиўди раўажландырыў есабынан адамларға дәрамат дәрегин жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Шаңарақларды беккемлеў халықты, әсиресе, жасларды ҳәм ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды буннан былай да жетилистириўге байланыслы көрсетпелер берилди. Соның ишинде, тойлар, шаңарақлық илажлар ҳәм мерекелерди ысырапгершиликлерсиз, ықшам етип өткериў бойынша мәҳәлле басшыларына усыныслар берилди. районның ҳәр бир мәҳәллесинде биреўден, жәми 58 жаңа үлгидеги той өткериў ҳәм оларды телевидение ҳәм баспасөзде кеңнен ен жайдырыў ўазыйпасы тапсырылды.
Дүнья халқының дерлик 20 процентин жаслар қурайды. Өзбекстанда болса бул көрсеткиш 60 проценттен асады. Жаслар мәмлекетимиздиң бийбаҳа байлығы. Елимизде жасларға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде айрықша итибар қаратылып, олар ушын барлық шараятлар ҳәм имканиятлар жаратылмақта. Буған жуўап ретинде жасларымыз да өндирис, илим, билимлендириў, мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм басқа тараўларда жоқары нәтийжелерди қолға киргизбекте.
Мәжилисте жаслар өз усыныс ҳәм басламаларын билдирди. Президентимиз жаслардың пикир-усынысларын үйрениў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкер басшыларға тийисли тапсырмалар берди. Студентлер қалашасында қосымша жатақханалар, спорт майданшаларын қурыў зәрүрлиги атап өтилди.
– Ең уллы жемис – бул тынышлық. Шаңарақ тыныш болса – жәмийет, ел тыныш болады. Сонлықтан, тынышылығымызды қәстерлеп сақлап, халқымызға садықлық пенен хызмет етсек, әлбетте нәтийже болады, – деди Президентимиз.
Мәҳәллелерде социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, жасларды ҳәр қыйлы жат идеялардан сақлаў мақсетинде диний- ағартыўшылық тараўлардағы шөлкемлестириўшилик-әмелий, мәдений-руўхый илажлар, үгит-нәсият жумысларының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, соның ишинде, «Алмазар районында адасқанлар болмайды» сүрени астында ҳәм «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық пенен» идеясы тийкарында үгит-нәсият илажларын өткериў зәрүрлиги атап өтилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги