Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ШАВКАТ МИРЗИЁЕВТИҢ ШАНХАЙ БИРГЕ ИСЛЕСИЎ ШӨЛКЕМИНЕ АҒЗА МӘМЛЕКЕТЛЕР БАСШЫЛАРЫ КЕҢЕСИНИҢ КЕҢЕЙТИЛГЕН ҚУРАМДАҒЫ МӘЖИЛИСИНДЕ ШЫҒЫП СӨЙЛЕГЕН СӨЗИ

2018-06-12 | ШБШ

Ҳүрметли мырза  Си Цзиньпин!

Ҳүрметли мәмлекет басшылары!

Мәжилис қатнасыўшылары!

Өзбекстан Республикасы делегациясы атынан Саммиттиң барлық қатнасыўшыларын қутлықлайман, Қытай Халық Республикасының Баслығы мырза Си Цзиньпинге қызғын қабыллағаны ҳәм ушырасыўымыз жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын миннетдаршылық билдиремен.

Бизиң қытайлы шериклеримиз Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылық етиў дәўиринде жүдә нәтийжели ҳәм табыслы жумысларды әмелге асырды.

Бүгин қабыл етилетуғын ШБШға ағза мәмлекетлер арасындағы Узақ мүддетли жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнаманы әмелге асырыў бойынша Ҳәрекетлер режеси усы жумыслардың әҳмийетли нәтийжелеринен бири болып есапланады.

Гөззал Циндао қаласындағы  Саммитимиз «Шанхай сегизлиги» басшыларының биринши ушырасыўы  сыпатында тарийхта қалады.

Бул терең рәмзий мәниге ийе болып, «8» саны Қытай халқында әўмет ҳәм раўажланыўды билдиреди.

Шөлкемимиз халқы бирден  бир ярым миллиардқа көбейди, оның экономикалық ҳәм интеллектуаллық потенциалы сезилерли дәрежеде кеңейди.

Ҳиндстан ҳәм Пакистандай мәмлекетлердиң ШБШ жумысында толық ҳукықлы ағза сыпатында қатнасыўы кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў ушын пүткиллей жаңа имканиятларды жарататуғынын айрықша атап өтпекшимен.

Ҳәзирги ўақытта Шөлкемимиздиң регионаллық ҳәм глобаллық сиясатты қәлиплестириў, Евроазия материгиниң қәўипсизлигин ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеўдиң әҳмийетли механизми сыпатындағы роли күшейип бармақта.

ШБШ буннан былай да табыслы раўажланып бара беретуғынына қатаң исенемиз.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Орайлық Азияның турақлылығын ҳәм раўажланыўын тәмийинлеў Шөлкемимиздиң тийкарғы мақсетлерине ерисиў, оның алдында турған ўазыйпаларды шешиўде әҳмийетли факторлардан бири.

Усы мүнәсибет пенен регионда пүткиллей жаңа сиясий орталықтың қәлиплескенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.

Биз қысқа ўақыт ишинде региондағы аўыр машқалалар, соның ишинде, шегара, саўда, транспорт ҳәм суўдан пайдаланыў мәселелерин әмелий шешиў жолында бир қанша үлкен шеклерди басып өтиўге еристик.

Соның менен бирге, Аўғанстанда тынышлыққа ерисиў, оның социаллық-экономикалық раўажланыўына көмеклесиў регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти болып қалмақта.

Барлық тәреплердиң алдыннан ҳеш қандай шәрт қоймай тынышлық сөйлесиўлерин тез арада баслаўды бир даўыстан мақуллағаны Сизлердиң қоллап-қуўатлаўыңыз бенен жақында Ташкенте болып өткен Аўғанстан бойынша халықаралық конференцияның тийкарғы нәтийжеси болды.

«ШБШ-Аўғанстан» диалог топары шеңберинде биз Аўғанстанның тыныш раўажланыўын тәмийинлеўге салмақлы үлес қоса алатуғынымызға исенимим кәмил.

Қәдирдан делегациялар басшылары!

Биз ШБШ шеңберинде көплеген нәтийжелерге еристик. Соның менен бирге, Шөлкем шеңбериндеги шерикликти буннан былай да раўажландырыў ушын еле иске қосылмаған үлкен имканиятлар бар.

Усы мүнәсибет пенен барлығымыз төмендеги мәселелерге итибар қаратыўымыз зәрүр.

Бириншиден ҳәм ең тийкарғысы – халық, әсиресе, жас әўладта терроризм ҳәм экстремизм идеологиясына қарсы қатаң ҳәм турақлы иммунитетти қәлиплестириў.

ШБШға ағза мәмлекетлер басшыларының Жасларға мүрәжаты ҳәм оны әмелге асырыў бойынша Ҳәрекетлер бағдарламасының қабыл етилиўи  мине усы жақсы мақсетке хызмет етеди. Усы басламаны қоллап-қуўатлағаныңыз ушын бәршеңизге миннетдаршылық билдиремен.

Усы Бағдарламаны әмелге асырыўда ШБШ Жаслар кеңеси ҳақыйқый «локомотив» ўазыйпасын атқарады. Өзбекстан усы дүзилме жумысында белсене қатнасады.

БМШтың Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенциясын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў жолындағы бирге ислесиўимизди буннан былай да күшейтиўди усыныс етемен.

Екиншиден, саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм кооперацияны  күшейтиў.

Усы жылдың басынан баслап Өзбекстанның ШБШ ға ағза мәмлекетлер, оның бақлаўшылары ҳәм шериклери менен саўда көлеми отыз проценттен асты.

Бизиң пикиримизше, товар алмасыў көлемин буннан былай да арттырыўды тәмийинлеў ушын экспорт-импорт тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў зәрүр.

Биз, сондай-ақ, мәмлекетлик – жеке меншик шериклик принциплери тийкарында агросанаат кластерлерин қәлиплестириў тәрепдарымыз.

Үшиншиден, ШБШ мәканының транспорт-транзит потенциалынан нәтийжели пайдаланыў – стратегиялық ўазыйпамыз болып табылады.

«Бир мәкан, бир жол» басламасы шеңберинде регионлараралық транспорт жойбарларын әмелге асырыў үлкен әҳмийетке ийе, деп есаплаймыз. Бизге дүньяның ең ири базарларына апаратуғын жаңа ҳәм ең қысқа жөнелислер керек.

Өзбекстан Мозори Шариф – Ҳирот, Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жол линияларын қурыў тәрепдары.

Мине усы мақсетте Өзбекстанда ШБШ ға ағза мәмлекетлердиң темир жол бойынша ведомстволары басшыларының биринши ушырасыўын өткериў режелестирилмекте.

Буннан тысқары, ШБШ ның Халықаралық  транспорт-логистикалық ассоциациясын шөлкемлестириў имканиятын көрип шығыўды усыныс етемиз.

Төртиншеден, Инновациялық бағдарламаларды ҳәм жойбарларды  биргеликте әмелге асырыў ушын барлық ис-ҳәрекетлерди бирлестириўге шақырамыз.

Бизиң шериклигимиз жоқары технологиялар, санлы экономика, альтернатив энергетика ҳәм заманагөй медицинаны раўажландырыўға ҳәм кеңнен енгизиўге қаратылыўы тийис.

Ҳәр жылы ШБШ еллериниң ҳүкиметлери  ҳәм исбилермен топарларының қатнасыўында Мәлимлеме технологиялары ҳәм инновациялық раўажланыў форумын өткериўди усыныс етемиз.

Бесиншиден, Жәҳән туризм шөлкемименен әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўды мақсетке муўапық ҳәм оғада үлкен әҳмийетке ийе, деп есаплаймыз.

Өзбекстан биргеликтеги ис-ҳәрекетлер менен цивилизациялар кесилиспеси-Самарқанд қаласында «Жипек жолы» туризм университетин шөлкемлестириўди усыныс етеди.

Бул оқыў мәкемесинде туризм тараўының ең жақсы қәнигелери сабақ бериўи, барлық ағза еллерден студентлер билим алыўы мүмкин болады.

Ҳүрметли дослар!

ШБШ Бас хаткери лаўазымына Владимир Имомович Норовтың кандидатурасын қоллап-қуўатлағаныңыз ушын Сизлерге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Сөзимниң ақырында Қытай Халық Республикасы Баслығы мырза Си Цзинпинге Циндаодағы тарийхый Саммиттиң табыслы өткерилиўине жеке өзи үлкен үлес қосқаны ушын және бир мәрте шын жүректен миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.

Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Шарипович Жээнбековты ШБШ ға басшылықты қабыл еткени менен қутлықлайман ҳәм усы абыройлы және жуўапкершиликли миссияны орынлаўда оған үлкен табыслар тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.

Поделиться