Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН АЎҒАНСТАНҒА АДАМГЕРШИЛИК ЖӘРДЕМИН ЖИБЕРДИ
2018-06-06 | Сиясат
Усы жыл 5-июнь күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң қарары менен Аўғанстан Ислам Республикасына Өзбекстаннан 3 мың тонна бийдай адамгершилик жәрдеми сыпатында жиберилди.
Қоңсы Аўғанстанның қурғақшылықтан жәбир көрип атырған халқы ушын ажыратылған адамгершилик жәрдеми Өзбекстан темир жолларының «Шўрчи» бәндиргиси арқалы Хайратонға жеткерилди.
2017-жылдың соңғы айлары ҳәм 2018-жылдың басларында Аўғанстан аймағының оннан еки бөлегинде қурғақшылық бақланды. Ақыбетте бийдай өними кескин азайып кетти. Мағлыўматларға қарағанда, тәбийғый апаттан Аўғанстанның 2,3 миллион халқының жәбир көриўи итималы бар.
Быйыл 28-май күни Аўғанстан Президенти Ашраф Ғани елдиң 34 ўәлаятынан 16 сы қурғақшылықтан жәбир көрип атырғанын билдирип, дүнья жәмийетшилигин адамгершилик жәрдемин көрсетиўге шақырған еди. Оның сөзлерине бола, елдиң көп ғана суў сақлағышлары қурып қалған. Тәбийғый апат тийкарынан елдиң шығыс бөлиминде бақланған.
Өзбекстан қоңсы мәмлекеттиң шақырығына бириншилерден болып жуўап берди, туўысқан мәмлекеттиң халқына жәрдем қолын созды.
2018-жыл январь айында Өзбекстан Республикасы Президенти атынан Аўғанстанға 25 автобус, 3 трактор ҳәм тиркелиўши техника қураллары инам етилген еди.Сондай-ақ, елимиздиң көмеги менен Аўғанстанда көпирлер, жоқары вольтли электр линиялары, оптикалық талшықлы кабель линиялары, суў тәмийнаты тармақлары қурылып ҳәм бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам етпекте.
Өзбекстан делегациясын Аўғанстанның Балх ўәлаятының ҳәкими күтип алды.
Хайратон қаласында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматилла Иргашев, Өзбекстанның Мозори Шарифтеги консуллық ведомствосы басшысы Миродил Абдураззоқов, Аўғанстанның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Саййид Шаҳобиддин Темурий ҳәм еки елдиң ҳүкимет ағзаларының қатнасыўында ушырасыў өткерилди.
Онда соңғы жыллары еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилип, Өзбекстанның Аўғанстанға адамгершилик жәрдеми еки мәмлекет арасындағы дослықтың даўам ететуғынлығынан дәрек беретуғыны атап өтилди. Жақсы қоңсышылық қатнасықларды раўажландырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Аўғанстанға 3 мың тонна бийдай менен биргеликте балалар ушын кийим-кеншеклер де жиберилди.