Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ЖЕРГИЛИКЛИ БЮДЖЕТЛЕРГЕ ТҮСИМЛЕРДИ ҲӘМ БАҲАНЫҢ ТУРАҚЛЫЛЫҒЫН ТӘМИЙИНЛЕЎ БОЙЫНША БАР ИМКАНИЯТЛАРДЫ ТОЛЫҚ ИСКЕ ҚОСЫЎ-ЕҢ ӘҲМИЙЕТЛИ ЎАЗЫЙПА БОЛЫП ТАБЫЛАДЫ

2018-06-06 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 5-июнь күни аймақларда бюджетке қосымша түсимлер ҳәм өним ислеп шығарыў көлемин көбейтиў арқалы баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳәм инфляцияның алдын алыўда жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, салық ҳәм қаржы мәкемелери басшыларының жеке жуўапкершилигин арттырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, министрликлер ҳәм ведомостволар, компаниялар, хожалық бирлеспелери, банклердиң басшылары, видеоконференц-байланыс системасы арқалы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери қатнасты.

Елимизде әмелге асырылып атырған Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық эконмиканы модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў көлемин кеңейтиў, раўажланыў дәрежеси төмен болған район ҳәм қалаларды жедел раўажландырыў есабынан аймақлар арасындағы социаллық-экономикалық айырмашылықларды азайтыў бойынша избе-из реформалар алып барылмақта. Соның ишинде, жаңа санаат кәрханалары менен киши санаат зоналары шөлкемлестирилип, ири хожалық бирлеспелериниң қаржылары, банклердиң кредитлери ҳәм сырт ел инвестициялары тартылып атырғаны субвенцияға бойсынып қалған район ҳәм қалаларда жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасын кеңейтиў, өндирис тармақларын раўажландырыў ушын әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-июньде қабыл етилген «Жергиликли бюджетлерди қәлиплестириўде орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы аймақларды комплексли раўажландырыў бағдарламаларын турақлы қаржыландырыў ҳәм сол тийкарда халықтың реал дәраматларын, турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў имканиятын бермекте.

Мәжилисте бюджетке қосымша түсимлерди көбейтиў ҳәм инфляция дәрежесиниң турақлылығын тәмийинлеў бойынша жумыслардың ҳәзирги жағдайы ҳәр тәреплеме сын көзқарастан талланып, бул бағдардағы ең әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Президентимиздиң елимиз аймақларына сапар етиўлери даўамында орынлардағы бар резервлер ҳәм имканиятларды иске қосыў есабынан дәслеп бюджетке қосымша түрде 5,3 триллион сум яки прогнозға салыстырғанда 12 процент көп салық түсириў бойынша илажлар белгилеп берилген еди.  Соның нәтийжесинде усы жылдың өткен 5 айында прогнозға салыстырғанда 2,7 триллион сум ямаса 16 процент түсим түсириўге ерисилди.

Соның менен бирге өткерилген таллаўлар соны көрсетпекте, жергиликли ҳәкимликлер, қаржы-салық уйымлары тәрепинен бюджетке қосымша салық түсириў бағдарындағы резервлер еле де толық иске қосылмай атыр.

Быйылғы жылдың өткен 5 айы даўамында салықлардың 60 процентин бурынғыдай 171 ири кәрхана тәмийинлеп бергени буны анық тастыйықлап тур.

Мәселен, Қарақалпақстан Республикасында жәми салық түсиминиң 50 проценти «УзКоргаз» ҳәм «Үстиртгаз» кәрханалары, Наўайы ўәлаятында болса 75 проценти Наўайы кән металлургия комбинаты тәрепинен қапланған.

Мәжилисте Ташкент қаласы ҳәм Наманган ўәлаятында бул бағдардағы жумыслар пүткиллей талапқа жуўап бермейтуғыны айрықша сынға алынды.

Мысал ушын, базардағы саўда-сатықлар арқалы түсетуғын қаржыларды таллайтуғын болсақ, тилекке қарсы, бул бағдардағы көрсеткиш Ташкент қаласының Алмазар районында 30 процентке, Сергелиде 7 процентке, Яккасаройда 4 процентке. Юнусабадта 3 процентке азайып кеткен. Басқа  районларда да жағдай мине усындай ашынарлы екени мәжилисте айрықша көрсетип өтилди.

Автотранспортлар туратуғын орынларда түсим бойынша жетерли қадағалаў жоқлығы бақланбақта. Соның ақыбетинде жергиликли бюджетлерге 18 миллиард сум түспей қалған.

Наманган ўәлаятының Норин ҳәм Наманган районларында өткен 5 ай даўамында саўда ҳәм улыўма аўқатланыў шақапшалары есабынан төленетуғын салықлардың муғдары азайып кеткен.

Ўәлаятта салық есабатлары толық талланбағаны ҳәм сол тийкарда тийисли илажлар көрилмегени себепли дерлик 20 миллиард сум салық өндирилмеген.

Үйрениў ҳәм есап-санақлар елеге шекем иске қосылмай атырған бундай резервлер барлық аймақларда бар екенлиги, улыўма, быйылғы жылы прогнозға қосымша түрде 8,1 триллион сум салық түсирип, бюджетке жәми салық түсимин 50,2 триллион сумға жеткериў имканияты бар екенлигин көрсетпекте.

Мәжилисте жуўапкер министрликлер ҳәм ведомстволарға бул тараўда жол қойылып атырған кемшиликлер менен нуқсанларды тез сапластырыў, еки ҳәпте мүддетте қосымша түрде 8,1 триллион сум салық түсириў бойынша анық көрсетпелер берилип, ҳәр бир аймақ ҳәм район бойынша күнделикли график ҳәм анық илажлар режесин ислеп шығыў және тастыйықлаў ўазыйпасы тапсырылды. Сондай-ақ, қысқа мүддетте ҳәр бир ўәлаят, район ҳәм қалада «Бюджетке қосымша дәраматларды тартыў штабы»н шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын нәтийжели жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте салық бойынша қарыздарлықты мәжбүрий өндириў, мәмлекет пайдасына өткерилген мүлклерди сатыў есабынан бюджетке 772 миллиард сум түсириў ҳәм бул бағдардағы қадағалаўды күшейтиўге қаратылған системалы жумысларды жолға қойыў зәрүрлиги көрсетилип өтилди.

Видеоселекторда елимизде өткен 5 ай даўамында ерисилген экономикалық көрсеткишлер де сын көзқарастан талланды. Усы дәўирде инфляция дәрежеси 6,6 процентти қурап, прогноз көрсеткишинен аспаған болса да, баҳа Ташкент қаласында 7,4 процентке, Әндижанда 7,3 процентке, Қарақалпақстанда 7,1 процентке өскени ҳәм оған себеп болған факторлар, басқарыў тараўындағы кемшиликлер көрсетип өтилди.

Бизге белгили, ҳәзирги күнде аймақларда мийўе-овощ, қарамал, қус, балық ҳәм пал жетистириўди кескин көбейтиўге айрықша итибар берилмекте. Сол мақсетте исбилерменлер ҳәм фермерлерге зәрүр муғдарда кредит қаржыларын, от-жем жетистириў ушын жер майданларын, сондай-ақ, барлық керекли жеңилликлер берилмекте. Лекин, тилекке қарсы, мәмлекет көлеминде көрсетилип атырған бундай итибар ҳәм ғамқорлықтың анық әмелий нәтийжелери орынларда елеге шекем улыўма сезилмей атыр. Бул, өз гезегинде, ишки базарда баҳаның турақлылығын сақлап турыўға унамсыз тәсир етпекте.

Мәжилисте усы көзқарастан гөштиң баҳасы базарларымызда қымбатлап атырғанының себеплери ҳәр тәреплеме талланды, Оның тийкарғы себеплеринен бири-от-жем, шрот ҳәм шелуха жетерли емеслиги ҳәм ол қарамалдың азықлық затларының белгиленген баҳаларға салыстырғанда анағурлым қымбат сатылып атырғаны менен байланыслы.

Тилекке қарсы, базарларымызда саўда мәдениятына әмел етпеў, бул бағдардағы талаплар менен өлшемлерди бузыў жағдайлары көзге тасланбақта. Бул болса баҳа жасалма түрде артып кетип атырғанының және бир тийкарғы себеби болып табылады. Базарлардың басшылары ҳәм жуўапкер адамлары бул жағдайдың алдын алмай, керисинше, өзлери дәмегөйлик жағдайларына жол қоймақта.

Мәжилисте және бир әҳмийетли мәселеге итибар қаратылды. Бизге белгили, ишки базарымызда тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери бойынша баҳаның жоқарылап кетиўиниң алдын алыў мақсетинде өткен жылы арнаўлы қор шөлкемлестирилген еди. Әне, сол қордың жумысы жақсы жолға қойылмағаны себепли усы күнге шекем 155 миллион долларлық қумшекер, өсимлик майы, картошка ҳәм таўық гөши шеттен импорт етилген. Баҳаны турақластырыў бойынша қордың орны ҳәм тәсири улыўма сезилмей атыр. Қор айырым исбилерменлердиң мәпине хызмет ететуғын кредит шөлкемине айланып қалғанын ҳеш нәрсе менен ақлап болмайды, деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Әне, усы сын пикирлерден келип шыққан ҳалда, мәжилисте усы қордың жумысын айрықша тексериў бойынша Бас прокуратураға тийисли тапсырмалар берилди.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы адамлардың абат ҳәм абадан турмыста жасаўы ушын оғада әҳмийетли болған қурылыс материалларының баҳасы жылдан-жылға артып атырғанын да өкиниш пенен атап өтти. Бул болса инфляция дәрежесине унамсыз тәсир етип атырғаны, жыл басына салыстырғанда қурылыс материалларының баҳасы елимиз бойынша 16 процент, соның ишинде, Ташкент ўәлаятында 23 процент, Сурхандәрьяда 20 процент ҳәм Хорезмде 19 процент артқанына тийисли жуўапкер адамлар менен басшылардың итибары қаратылды.

Быйыл суўдың азлығын есапқа алып, тәкирарый егин майданын 238 мың гектарға қысқартқанымыз өним жетистириў көлеминиң азайыўына ҳәм соның нәтийжесинде баҳаның артыўына себеп болмаўы зәрүр. Соның ушын қалған 680 мың гектар жерге тәкирарый егинлерди толық егиў ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў есабынан ишки базар ушын да, экспорт ушын да жетерли муғдарда өним алыўды тәмийинлеўимиз керек. Суўдан тәртип пенен, ақылға уғрас пайдалансақ, барлық егинлерге суў жетеди, деди Президентимиз.

Көрсетип өтилген бундай машқалаларды шешиў ушын Тәкирарый егинлерди егиў бойынша республикалық штаб ҳәм жумысшы топар шөлкемлестириў ҳаққында анық көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берилди. Тәкирарый егинлерди егиў, тәрбиялаў ҳәм жетистирилген өнимди зая етпей жыйнап алыў, ғәлледен босаған жерлерге избе-из тәкирарый егинлер егиўди шөлкемлескенлик пенен алып барыў бойынша тийисли ўазыйпалар белгиленди.

Видеоселектор мәжилисинде аўыл хожалығы өнимлериниң резервин жаратыў, фермерлер менен тәкирарый егинлерден алынатуғын өнимлер бойынша шәртнамалар дүзиў, аванс қаржыларын өз ўақтында ажыратыўға байланыслы илажларды көриў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ быйыл ғәлледен босаған жерлерди сүриўден алдын суўғармаў бойынша да анық ўазыйпалар келисип алынды.

Мәжилисте тийисли басшыларға ҳәм жуўапкер адамларға 2018-2021-жылларда шарўашылықты, қусшылықты ҳәм балықшылықты раўажландырыў, усы тармақта рационал азықлық базасын қәлиплестириў бағдарламаларын ислеп шығыў, ҳәр бир аймақ бойынша тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерине болған талапты анықлап, арнаўлы қор есабынан оларды импорт етиў ушын тийисли шөлкемлестириў жумысларын әмелге асырыў, базарларда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў бойынша тәсиршең илажлар көриў ҳаққында әмелий көрсетпелер билдирилди.

Селектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилип, олардың орынланыўы бойынша қатаң қадағалаў орнатыў ҳәм турақлы түрде мәлимлеме берип барыў зәрүрлиги атап өтилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться