Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти Қазақстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасарын қабыл етти
2018-05-07 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-май күни сапар менен елимизде болып турған Қазақстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары, Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның жәрдемши баслығы Асқар Маминди қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, Өзбекстан – Қазақстан ҳүкиметлераралық комиссиясы нәтийжели жумыс алып барып ҳәм әмелий нәтийжелер берип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Еки мәмлекет Бас министрлериниң биринши орынбасарлары басшылық етип атырған комиссия бүгинги күнге шекем 17 мәжилис өткерди, соның ишинде, кейинги мәжилис усы жылдың март айында Астанада болып өтти. 4-май күни Ташкентте комиссияның жәрдемши басшылары әмелий сөйлесиўлер өткерди.
Ушырасыўда Президентимиз саўда-экономикалық, инвестициялық, траспорт-коммуникациялық, гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, перспективалы жойбарлар менен бағдарламаларды биргеликте әмелге асырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Өз гезегинде, Асқар Мамин мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыл еткени ушын терең миннетдаршылық билдирип, Қазақстан жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң сөзсиз ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде туўысқан еллеримиз арасындағы кең көлемли шерикликти буннан былай да раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге таяр екенлигин атап өтти.