Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Президент Шавкат Мирзиёев Пханмунжомда Корея мәмлекетлери арасындағы саммит табыслы өткени мүнәсибети менен Корея Республикасы президенти Мун Чжэ Инге қутлықлаў жоллады
2018-04-28 | Сиясат
Корея Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Мун Чжэ Инге
Уллы Мәртебели Мырза!
Сизди 2018-жыл 27-апрель күни корейс халқы тарийхында шын мәнисиндеги умытылмас ўақыяға айланған корея мәмлекетлери арасындағы Пханмунжом саммитиниң табыслы өткени менен шын жүректен қутлықлайман.
Пүткил дүнья жәмийетшилигиниң дыққат орайында болған бул ушырасыўда ерисилген үлкен нәтийжеге Сизиң қатаң позицияңыз, Корея Республикасы және Корея Халық Демократиялық Республикасы арасындағы қатнасықларды жақсылаў, глобаллық қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, сондай-ақ, регионда өз-ара исеним орталығын беккемлеўге қаратылған тынышлықты сүйетуғын сиясатты әмелге асырыў жолындағы тынымсыз –ис-ҳәрекетлериңиздиң нәтийжесинде ерисилди.
Сөйлесиўлер шын кеўилден ҳәм дослық орталықта өткени, оның жуўмағы бойынша қабыл етилген, еки мәмлекетти жақынластырыў, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў бойынша оғада әҳмийетли келисимлерди беккемлеп берген Корея ярым атаўында тынышлыққа ҳәм раўажланыўға ерисиў, оны бирлестириў ҳаққындағы Пханмунжом декларациясы Корея Республикасы ҳәм КХДР арасында жаңа шериклик дәўириниң басланғанына үмит ҳәм исеним оятпақта.
Өзбекстан Орайлық Азияда ядро қуралынан жырақ аймақ жаратыўдың инта көрсетиўшиси сыпатында, әлбетте, еки мәмлекет арасындағы қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў ҳәм регионда интеграция процесслерин алға қойыўға хызмет ететуғын Корея ярым атаўындағы денуклеаризация процесин толық қоллап-қуўатлайды.
Сизиң темир жол ҳәм автомобиль қатнаўын тиклеў ҳаққындағы басламаңызды айрықша атап өтиўди қәлер едим. Ол Корея ярым атаўының шексиз Евроазия еллери, соның ишинде, Орайлық Азия менен бирге ислесиўди кеңейтиўди, оны бирден-бир логистика системасына ҳәм белсенди раўажланған саўда-экономикалық байланысларға ийе болған регионға айландырыў ушын жаңа перспективалар ашады.
Ҳүрметли Президент мырза,
Өзбекстан Республикасы Корея Республикасының стратегиялық шериги сыпатында корейс халқының улыўма раўажланыўға ҳәм абаданлыққа қаратылған өз-ара жақынласыў, Корея ярым атаўында турақлылықты ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў жолындағы белсенди әмелий қәдемлерин буннан былай да қатаң қоллап-қуўатлайды.
Сондай жақты күнлер келеди ҳәм корейс халқының бөлинип кеткен шаңарақларды бирлестириў, байланысларды тиклеў ҳаққындағы көп жыллық әрманы әлбетте әмелге асатуғынына, регионда болса, беккем тынышлыққа ҳәм абаданлыққа ерисилетуғынына исенимим кәмил.
Сиз, қәдирли ҳәм әзиз достыма Корея мәмлекетлери арасында өткерилген саммитте ерисилген, регионда ҳәм пүткил дүньяда жағдайды унамлы тәрепке өзгертиўге, әлбетте, тарийхый тәсир ететуғын келисимлерди әмелге асырыўда беккем денсаўлық ҳәм табыслар тилеймен.
Сиз бенен Өзбекстан жеринде және ушырасыўды сабырсызлық пенен күтип қаламан!
Терең ҳүрмет-иззет пенен,
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти