Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Президенти Корея Республикасы Сыртқы ислер министрин қабыл етти

2018-04-18 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-апрель күни елимизге сапар етип келген Корея Республикасы сыртқы ислер министри Кан Гён Хва ханымды қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Қубла Корея арасындағы көп әсирлик дослық байланыслар беккемленип, стратегиялық шериклик қансықлары избе-из раўажланып атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сөйлесиўде 2017-жыл ноябрь айында Қубла Кореяға жоқары дәрежедеги тарийхый сапар етиўде ҳәм оның жуўмағында ерисилген әҳмийетли келисимлер Өзбекстан-Қубла Корея өз-ара пайдалы бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге ҳәм анық әмелий мазмун менен байытыўға хызмет еткени айрықша атап  өтилди.

Еллеримиз арасындағы саўда көрсеткишлери избе-из өсип бармақта. Қубла Кореяның Өзбекстанның экономикасына киргизген инвестицияларының көлеми 7 миллиард доллардан асты. «Поско-ДЭУ», «ДжиЭС», «Эвергрин», «Янгуан» ҳәм басқа да көплеген компаниялар менен биргеликте нырқы 5 миллиард доллардан аслам жаңа инвестициялық жойбарлар ислеп шығылмақта.

Быйылғы жылдың февраль айында Ташкентте жаңа форматта саўда-экономикалық бирге ислесиў мәселелери бойынша биринши қоспа ҳүкиметлераралық ушырасыў табыслы өткерилди.

Денсаўлықты сақлаў, мектепке шекемги билимлендириў, қала басқармасы, энергетика, экономиканың басқа тармақларын ҳәм социаллық тараўды раўажландырыўда Қубла Кореяның алдынғы тәжирийбеси, илимий жетискенликлери ҳәм технологияларынан пайдаланыўға қаратылған биргеликтеги бағдарламалар жедел әмелге асырылмақта.

Корея Республикасының жетекши қәнигелери елимиздиң министрликлери, ведомстволары ҳәм ҳәкимликлери тәрепинен мәсләҳәтши сыпатында тартылмақта. Гуманитарлық, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында алмасыўлар кеңеймекте.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў перспективалары және халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан Республикасы Корея Репсубликасы Президенти Мун Чжэ Ин тәрепинен Корея ярым атаўы ҳәм пүткил регионда тынышлықты және қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған сиясатты толық қоллап-қуўатлайтуғыны атап өтилди.

Президентимиз режелестирилип атырған жоқары дәрежедеги ушырасыўлар еллеримиз аарсындағы қатнасықларда үлкен әҳмийетке ийе болатуғынына ҳәм жаңа перспективалы келисимлерге ерисиўди тәмийинлейтуғынына исеним билдирди.

Сыртқы ислер министри Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирип, Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Инниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Мийман Қубла Корея Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен усы жылы март айында Ташкент қаласында болып өткен Аўғанстан бойынша халықаралық конференцияның жуўмақларын жоқары баҳалайтуғынын, бул әнжуман, әлбетте, регионда турақлылықты ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўге үлкен үлес болып қосылатуғынын атап өтти.

Министр Өзбекстан Президентине Қубла Корея пуқаралары ушын визасыз тәртип енгизиў ҳаққында қабыл етилген қарар ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди, ол саяхатшылар ағымын салмақлы дәрежеде арттырыўға ҳәм исбилерменлик байланысларын кеңейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Ушырасыў соңында Кан Гён Хва Қубла Корея еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын ҳәм кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге таяр екенин атап өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться