Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшыларының ҳәм илимий изертлеў институтлары илимий хызметкерлериниң мийнет ҳақысы көбейтилди
2018-04-06 | Жәмийет
Усы жылдың 5-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеў мәкемелери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2018-жыл 1-сентябрьден баслап:
– жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшыларының – базалық лаўазымлық мийнет ҳақысының муғдары орташа 25 процентке ҳәм стажёр-оқытыўшы және илим докторы илимий дәрежесине ийе болған профессор мийнет ҳақысының муғдары арасындағы парқ еки есеге шекем;
– илимий изертлеў мәкемелери илимий хызметкерлериниң – базалық лаўазымлық мийнет ҳақысының муғдары орташа 25 процентке ҳәм стажёр-изертлеўши және илим докторы илимий дәрежесине, сондай-ақ, профессор илимий дәрежесине ийе болған үлкен илимий хызметкер мийнет ҳақысының муғдары арасындағы парқ еки есеге шекем көбейтилди.
Сондай-ақ, 2018-жыл 1-сентябрьден баслап:
– базалық докторантурада оқып атырған шахсларға – киши илимий хызметкердиң лаўазымлық мийнет ҳақысы базалық муғдарына теңлестирилген стипендиялар;
– докторантурада оқып атырған шахсларға – илим кандидаты илимий дәрежесине ямаса илимий атаққа ийе болған жетекши илимий хызметкердиң лаўазымлық мийнет ҳақысының базалық муғдарына теңлестирилген стипендиялар төленеди.